Италян тилине аўдарма «Sandro Teti Editore» баспасы тәрепинен өзбек әдебияты ықласбентлери ҳәм италиялы қәўендерлердиң жәрдеминде әмелге асырылды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

"Лисон ут-тайр" шығармасының аўдармасы жоқары тәжирийбели аўдармашылар ҳәм редакторлар тәрепинен әмелге асырылды. Шығарма атақлы италиялы тарийхшы ҳәм Шығыс мәмлекетлери бойынша қәнигелескен илимпаз, Рим Сапиенса университетиниң профессоры Марко Ди Бранконың алғы сөзи менен басланады.

Өзбекстанның Италиядағы елшиси Абат Файзуллаев «Sandro Teti Editore» баспасының тийкарын салыўшысы ҳәм басшысы Сандро Тети менен ушырасып, аўдарма процеси ҳәм жумысынан дәслепки тәсирлерин алды.

- Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги тек ғана өзбек халқының емес, ал пүткил инсанияттың теңсиз ҳәм уллы мийрасы болып есапланады, - деди Сандро Тети бул шығарманы аўдарыў өзи ушын үлкен мақтаныш екенин айтып.

"Лисон ут-тайр" шығармасының аўдармасын Әлийшер Наўайының 585 жыллығына бағышланған илажларда таныстырыў режелестирилген.