баннер
23 Apr 2025
19:39

    Қанатлы басламалар пәрўазы

    Аралбойы мийрасын раўажландырыўшы ҳәрекетлер майданы

    Жақсы ҳәм узақты гөзлеп алға қойылған басламалар қайырлы болады, қанат жайып, бәлент пәрўазларды гөзлейди. БМШтың 2023-жыл 22-24-март күнлери Нью-Йоркта суў ресурсларына бағышлап өткерилген конференциясында мәмлекетимиз басшысы әҳмийетли басламаны алға қойды ҳәм бул қатнасыўшылар тәрепинен қоллап-қуўатланды. Бул баслама Орайлық Азия мәмлекетлери менен бир қатарда дүнья жәмийетшилигин де қәўетерге салып атырған мәселе - Аралбойы аймағындағы жағдайды жақсылаўға байланыслы еди.

    Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 28-марттағы "Арал мәденият саммитин жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында"ғы қарарына бола, аймақта қолайлы тәбийий орталық жаратыў, сийрек ушырасатуғын мәденияты ҳәм тарийхый мийрасын қәстерлеп сақлаў және кеңнен ғалаба ен жайдырыў, бул бағдарларда илимий-изертлеў жумысларын, инновациялық жойбарлар ҳәм дөретиўшилик басламаларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Буның ушын халықаралық бирге ислесиў ҳәм сөйлесиўди буннан былай да кеңейтиў мақсетинде усы жылдан баслап ҳәр он сегиз айда - бәҳәр ямаса гүз мәўсиминде Арал мәденияты саммитин өткериў белгиленди.

    Саммит Аралбойы аймағын көркем өнер, мәденият, дизайн ҳәм илим арқалы социаллық ҳәм эекологиялық жақтан өзгертиўге қаратылған жаңа жойбар болып есапланады. Сондай-ақ, Арал теңизи экосистемасын қәстерлеп сақлаў, жергиликли мәдениятты халықаралық майданда ғалаба ен жайдырыў бойынша жаңа стратегияларды қәлиплестириўге хызмет етеди.

    Биринши Арал мәденият саммити 4-5-апрель күнлери Самарқандта жоқары дәрежеде өткерилген климат форумына үнлес түрде Самарқанд ҳәм Нөкис қалаларында шөлкемлестирилди. Онда Арал экосистемасын тиклеў, аймақтың мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм турақлы раўажланыўына жәрдемлесиўге қаратылған сийрек ушырасатуғын басламалар көрсетилди. Визуал, сенсор ҳәм интерактив қураллар арқалы Аралбойының тәбийий ҳәм мәдений байлығы менен танысыў имканияты жаратылды.

    Көргизбеден архитектура ҳәм ландшафт фотографиясына қәнигелескен белгили фотосүўретши Иван Баанның шығармалары, Қарақалпақстан ушын тән өсимлик - қамыстан жасалған флористикалық композиция, сондай-ақ, Аралбойының дәстүрий өнимлери - сексеўил туқымы, бақаншақлар, тәбийий дуз, кептирилген әдираспан, нағыслы кийиз ҳәм басқа да көплеген экспонатлар орын алды. Еки күн даўамында халықаралық ҳәм жергиликли экспертлер, эколог илимпазлар, тараў қәнигелери ҳәр бир экспонат бойынша баҳалы мағлыўматларға ийе болыў менен бирге Арал ҳәм усы аймақтың өтмиши, бүгинги күни менен жақыннан танысты.

    Жойбар Аралбойында ҳәм дүньяның басқа да регионларында жүзеге келген экологиялық машқалаларды додалаў ҳәм ақылға уғрас шешимлер усыныў ушын өзине тән глобал платформа ўазыйпасын атқарады. Улыўма, Арал мәдениятын үгит-нәсиятлаў менен дүнья халқының нәзери және бир мәрте усы аймаққа, бул жердеги экологиялық машқалаларға қаратылды.

    - Саммиттиң узақ мүддетли нәтийжеси мәмлекетлер арасындағы мәдений байланысларды беккемлеў, турақлы раўажланыў жойбарларына инвестиция тартыў ҳәм жергиликли изертлеўшилер ушын жаңа имканиятлар жаратыўдан ибарат, - дейди филология илимлериниң кандидаты, доцент Олимжон Дуйсенбоев. - Келешекте қатнасыўшылар географиясын кеңейтиў, халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм региондағы экологиялық жағдайды жақсылаў ушын инновациялық шешимлерди енгизиў режелестирилген. Арал мәденияты саммити тек ғана додалаўлар майданы емес, ал Аралбойы мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм келешекте раўажландырыўға қаратылған ҳақыйқый ҳәрекетлер майданына айланады.

    Арал мәденият саммити - Арал теңизи аймағындағы экология, мәденият ҳәм турақлы раўажланыў бойынша әҳмийетли мәселелерди додалаў мақсетинде көркем өнер, илим ҳәм жәмийетлик ҳәрекетлердиң ўәкиллерин бирлестиретуғын әнжуман болып табылады. Саммит түрли мәмлекетлерден келген қәнигелер ҳәм дөретиўшилерди бир жерге топлап, оларға идеялар алмасыў, бирге ислесиў стратегияларын ислеп шығыў ҳәм инновациялық жойбарларды усыныў имканиятын береди.

    - Арал мәденият саммити регионның экологиялық ҳәм мәдений машқалаларына итибарды қаратыўда әҳмийетли болып, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға үлес қосады, дөретиўшилерди шешим табыўға илҳамландырады, - дейди Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң баслығы Халилла Ешимбетов. - Ең әҳмийетлиси, Арал теңизин ҳәм жергиликли жәмийетшиликлердиң мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаўдан мәпдарларды бирлестиреди.

    Өзбекстан, әсиресе, Қарақалпақстан ушын үлкен әҳмийетке ийе ўақыя сыпатында тән алынып атырған Арал мәденият саммити аймақтың бийтәкирар мәдениятын ҳәм өзине тәнлигин сақлап қалыў, усы қыйын шараятта жасап атырған ўатанласларымыздың мүнәсип келешегин тәмийинлеў ушын регионға итибар қаратыўға хызмет етеди. Илажда белгили мәденият ғайраткерлери, сиясатшылар, художниклер ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша қәнигелер қатнасты.

    Саммит шеңберинде Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен Қарақалпақстанда турақлы раўажланыў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде Өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылғаны болса келешекте әмелге асырылыўы белгиленген үлкен ўазыйпалардың нәтийжелилигине жол ашты.

    Нодир МАҲМУДОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech