Оған бола, ярым еркин шараятларда, жасалма жаратылған жасаў орталығында ямаса тутқынлықта сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанларды физикалық тәреплер тәрепинен сақлаў, усы ҳайўанларды конфискациялап, пуқараларға БЕМның 5 есесинен 10 есесине шекем (1 млн 875 мың сумнан 3 млн 750 мың сумға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди.

Тап усындай ҳуқықбузарлық адамлардың денсаўлығына, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң мүлкине зыян жеткериўге алып келген болса, егер жынаят белгилери болмаса, мине усы ҳайўанларды конфискациялап, пуқараларға БЕМның 30 есесинен 50 есесине шекемги муғдарда (11 млн 250 мың сумнан 18 млн 750 мың сумға шекем) жәрийма салыўға себеп болыўы нәзерде тутылмақта.

Бурын бундай норма жоқ еди.

Буннан тысқары, қалалар ҳәм басқа да елатлы пунктлерде ҳайўанларды сақлаў қағыйдаларын бузыў, сондай-ақ, лаўазымлы шахслар тәрепинен ийесиз ҳайўанларды услаў ҳәм сақлаў илажларын көрмеў, пуқараларға БЕМның 3 есесинен 5 есесине шекем (1 млн 125 мың сумнан 1 млн 875 мың сумға шекем), лаўазымлы шахсларға болса 5 есесинен 10 есесине шекем (1 млн 875 мың сумнан 3 млн 750 мың сумға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, тап усындай ҳуқықбузарлық адамлардың денсаўлығына, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүлкине зыян жеткериўге алып келген болса, егер жынаят белгилери болмаса, пуқараларға БЕМның 10 есесинен 15 есесине шекем (3 млн 750 мың сумнан 5 млн 625 мың сумға шекем), лаўазымлы шахсларға болса 15 есесинен 30 есесине шекем (5 млн 625 мың сумнан 11 млн 250 мың сумға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болыўы нәзерде тутылмақта.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.