Социаллық хызметлер орайлары халқымыздың жақын жәрдемшисине айланбақта

    Райёна (аты шәртли өзгертилген) 32 жаста, үш перзенттиң анасы. Жоқары оқыў орнында сырттан оқыйды. Айлығы азлығы ушын еки шөлкемде ислеўге мәжбүр.

    Үй-руўзыгершилик жумыслары, балалардың тәшўиши де оның мойнында. Айлығын күйеўи алып қойғаны жетпегендей, ҳаялының күнделикли зәрүрликлери ушын сары тийин де бермейди. Жумысқа қысы-жазы пияда барыўға мәжбүр. Оқыў ушын шәртнама пулын да банктен билимлендириў кредитин алып төлемекте. Шаңарақта шараят жақсы емес. қүйеўи ишеди, бәрқулла әйтеўир ңарсени бәнелеп Райянаны урады.

    Сол түнде уйықламақшы екенлигин айтып, күйеўи светти өшириўди буйырды. Ҳаял болса ертеңги тестке таярлық көриўи керек. Улыўма етип айтқанда, "хожейин"ге таяр бәне табылды...

    Районлық медицина бирлеспесине дене жарақаты менен алып келинген ҳаял күшли стрессти басынан өткергени, руўхый дүзилиси бузылғаны мәлим болды. Тийисли қәнигелер жәрдемге келди. Медицина хызметкерлери районлық "Инсан" социаллық хызметлер орайына хабар берди. Тез психологлар топары жетип келди.

    Әлбетте, дәслеп қысым ҳәм зорлыққа ушыраған Райёна менен сөйлесиўге кирисиў аңсат болмады. Жипек қурты сыяқлы өз қабығына «оралып», оннан шығыў және де жаман ақыбетлерге алып келетуғыны ҳаққындағы түсиник хаялдың басына орналасып қалған еди. Соның ушын, сораўларға дурыс жуўап бермеди, бәринен тойғанын айтып, жылады.

    Ҳаял медицина бирлеспесиндеги бирлемши жәрдем бөлмесине жайластырылды ҳәм қәнигелер үш күн оның менен жеке тәртипте шуғылланды. Көпшиликтиң ҳәрекети менен ҳаялдың руўхый-сезимлик жағдайы жақсыланды.

    Орай хызметкерлери ҳәм басқа да тийисли уйымлар ҳаялдың өмирлик жолдасы менен де сәўбетлести. Дәслеп ҳаял күшли депрессия қыйыншылығында қорқынышқа түсип, үйине қайтыўдан қорыққан болса, ўақыт өтип оны түсинетуғын, қоллап-қуўатлайтуғын адамлардың бар екенлигинен жигерленди. Берилген мәсләҳәт ҳәм көнликпелерден қанаатланыўшылық пайда болды. Күйеўи қылмысына пушайман болды. Бир неше күннен берли ҳаялы болмаған соң шаңарағы аянышлы аўҳалға келип қалғанын, балалары да анасын сағынып атырғанын айтып, қайтып келиўин сорады. "Енди сени урсам, қолым сынсын!" - деди күйеўи ҳәм келешекте қол көтермеўге ўәде берди. Ҳәзир шаңарақ татыў өмир сүрип атыр. қуйеўи де, ҳаялы да жарасыўдан разы. Олар жәрдем ушын районлық "Инсан" социаллық хызметлер орайының хызметкерлеринен миннетдар...

    - Районлық социаллық хызметлер орайы тәрепинен аймақлардағы ҳәр бир шаңарақтың имканиятлары үйренилип, социаллық паспорты қәлиплестирилмекте. Мәҳәллениң өзинде жигирмадан аслам хызмет көрсетилмекте. Бул арқалы орынларда материаллық жәрдем, социаллық хызметлер, бәнтлик, субсидия, кредит ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы мүрәжатлар шешилиўине ерисилмекте, - дейди Бухара ўәлаяты Шафиркан районындағы "Инсан" социаллық хызметлер орайының директоры Турсуной Йўлдошева.

    Жақынлар арасындағы байланыс тикленди

    Бүгинги күнде районда дерлик 188 мың пуқара жасамақта. Социаллық қорғаўға мүтәж шахслар ҳәм шаңарақларды қосқанда олардың саны 13 мыңнан өтеди. Соннан 69 жеке, 7381 майыплығы болған шахслар, 5189 кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары, 7 жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылғанлар және толық емес шаңарақлардың перзентлери болып есапланады. 30 социаллық хызметкер халықтың белгили бир топарларына ҳәр қыйлы жәрдем көрсетип келмекте.

    Усы күнге шекем басым ҳәм зорлықтан жәбир көргенлердиң 182 ине қорғаныў ордери алып берилген, 2 и реабилитацияланған.

    Министрлер Кабинетиниң усы жыл 11-марттағы "Өзгелер ғамхорлығына мүтәж шахсларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиўдиң сапа жағынан жаңа системаны енгизиў ҳаққында"ғы қарарына муўапық, өзгелер ғамхорлығына мүтәж жалғыз жасаўшы кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар "Инсан" социаллық хызметлер көрсетиў орайлары тәрепинен тастыйықланған кесте тийкарында бир жылда кеминде бир мәрте тереңлестирилген медициналық көриктен өткерилиўи белгиленген. Быйылғы жылы райондағы барлық жеке-жалғызлар мине усындай тексериўге тартылды. Ҳәзирги ўақытта медицина хызметкерлери усыныс еткен жуўмақлар бойынша оларды саламатландырыў илажы даўам еттирилмекте. Жеке жасайтуғын 16 нураныйдың туўысқанлары менен қатнасы тикленди.

    Усы жылы бул категориядағы пуқаралардың 50 ден асламына азық-аўқат өнимлери, 40 ға шамаласына дәри-дәрмақ алып берилди, 2 пуқараның үйи оңланды, 7 пуқараның шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин бийпул алмастырыўда әмелий жәрдем көрсетилди. Сондай-ақ, орайдың усынысы менен районлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық бөлими тәрепинен олардың үйи дезинфекцияланды.

    Имканияты шекленгенлер спортқа тартылмақта

    Майыплығы болған шахсларды параспортқа бағдарлаў ҳәм оның ушын мүнәсип шараят жаратып бериў мәмлекетимизде тийкарғы ўазыйпалардан бири. Бул ушын "Инсан" социаллық хызметлер орайы тәрепинен сертификатқа ийе тренер тартылған. Ҳәзир ол майыплығы болған 6 пуқараны шынықтырып келмекте. Келешекте бул илажлар арқалы параспортқа қызығыўшы 200 ге шамалас имканияты шекленген пуқараны қамтып алыў нәзерде тутылған.

    Районлық медицина бирлеспеси менен биргеликте белгиленген категориядағы пуқараларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерип, саламатландырыў жумыслары даўам еттирилмекте.

    Кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралардың 461 и жоллама тийкарында санаторияларда саламатландырылды, 2746 и жоллама алыў ушын гезекке қойылды.

    Жигерли ибратлы қыз

    Имканияты шекленген, ўақтынша жумыссызлардың бәнтлигин тәмийинлеў де тийкарғы ўазыйпалардан болып қалмақта. Соның ишинде, 10 нан аслам пуқара "Инсан" социаллық хызметлер орайы тәрепинен түрли кәрхана ҳәм шөлкемлерге жумысқа жайластырылды. Буннан тысқары, Өзбекстан Майыплар ассоциациясының Бухара ўәлаяты бөлими ҳәм орай менен биргеликте райондағы Паттахон мәҳәллесинде “PATTAXON TEXTILE” ЖШЖ ашылды. Бул кәрхана майыплығы болған оннан аслам пуқараны жумыс пенен тәмийинледи. Майыплығы болған шахслардың 175 и кәсип-өнерге оқытыў арқалы жәмийетке интеграцияланды.

    Саламат бола турып имканиятлардан пайдаланбайтуғын, ҳәрекетсизлиги ушын кимлерди айыплайтуғынлар да арамызда жоқ емес. Бирақ, өмир бойы кеселлик пенен гүрескен, имканияты шекленгенлигине қарамастан, руўхый жақтан тыныш, өзине исенген ҳәм умтылған ўатанласларымызды көрип адам қуўанышлы боласаң.

    Хожа Ариф аўылында жасайтуғын Александра Исҳоқова да мине усындай жаслардан. Ол орайдың жеңиллетилген квотасы тийкарында Бухара мәмлекетлик университетиниң инглис филологиясы факультетине оқыўға кирди. Инглис тили бойынша В2 дәрежели халықаралық сертификатқа ийе бул қыз социаллық хызмет орайы хызметкерлери, мәҳәллеси, қоңсылары, патронаж мийирбийкелериниң бийминнет жәрдеми, қоллап-қуўатлаўы менен бул дәрежеге ерискенин атап өтпекте. Себеби, оған шекем онда адамды жатсыраў, түскинлик, өзине исенимсизлик үстинлик еткен еди. Психологлар оның менен ислеп, аўыр жағдайдан алып шығыўға еристи.

    - Тәғдиримнен ҳеш қашан налымайман. Әтирапымда кеўлиме тәсир ететуғын инсанлардың көп екенлиги маған күш-ғайрат бағышлайды. Соның ушын да имканияты шекленгенлер менен емес, төрт аяғы саў заманласларым менен бирге оқыўды қәледим. Бул болса маған келешекке исеним менен қараўды үйретти. Саламат досларым менен бирге оқыў, олар менен пикирлесиў мени күткенимдей руўхландырады, - дейди Александра. - Өзбек тилинде де анық сөйлесиўди үйренип алдым. Өз алдыма үлкен мақсетлер қойғанман. Әрманым - аўдармашы болыў. Жәҳән әдебиятының дүрданаларын өзбек тилине аўдарыў арқалы ўатаныма хызмет етпекшимен.

    Умтылыўшы қыз социаллық хызметлер орайының илажларында волонтёр сыпатында өзин көрсетпекте. Мийрим-шәпәәтке, итибарға мүтәжлердиң ҳалынан хабар алыў, хошамет бериў жумысларына үлес қоспақта. Орай инглис тили оқыў орайын ашыў ҳәм усы жол арқалы жигерли қызды дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеўди режелестирген.

    Ҳамзабек ТУРДИЕВ,

    журналист

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates