Сөз еркинлиги ҳаққында үш аўыз еркин сөз

    Пикир 3 желтоқсан 2024 185

    Соңғы алты-жети жыллық реформалардың нәтийжесин есапқа алып көрсек, ҳақыйқатында да жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы ҳәр бир күн биз ушын бурын ойымызға да келмеген имканиятлар менен перспективаларды жаратып берди, жаратыўда даўам етпекте.

    Бул сөз қурғақ сыпатлардан ибарат емеслигин, нәтийжеси әлле қашан-ақ көзге таслана баслағанын тек ғана турмыслық мысал менен түсиндирип берейин: ҳеш ойлап көргенсиз бе, орта әўлад ўәкиллерин бирдей "думалататуғын" Хожибайдың ҳәзиллерине бүгинги жаслар ҳәттеки мыйығынан да күлмейди. Не ушын? Себеби, Хожибой Тожибоев тәрепинен өз дәўиринде "қағазға оралған" көплеген социаллық машқалалар ҳәзирги ўақытта шешилгени ушын ашып бериў имканияты болса да, оны сынға алыўға зәрүрлик қалмады.

    Аўа, сол ўақытта халықты күлдирген тийкарғы тема негизинде халықтың өзи сезген аўырыў еди. Бүгин болса қызықшы көтерген темалардың барлығы, айтайық, пахтаға шығып мәжбүрий мийнет ететуғын оқыўшы ҳәм муғаллимлер, өзбасымша тракторшылар, спорт ҳәм билимлендириўдеги таныс-билислик, көз бояўшылық, тар шеңбер ушын ғана әмел еткен сөз еркинлиги ҳәм басқа да көплеген машқалалар өз шешимин тапты. Оннан кейин туўылып үлкейген әўлад өз ҳуқықын, өз ерк-ықрарын талап ете алмай, етегин алып қар қаплаған пахта егисине кирип кетиўди көз алдына келтире алмайтуғыны тәбийий, соның ушын қызықшының ҳәзиллеринен кеўли толмайды. Буннан кейин де күле алмасын, себеби мақсетимиз сол еди - кешеги жаралар саўалып, тыртығы көринбей кетсин.

    1. Бас нызам дәрежесиндеги талап

    Белгили бир жәмийет жыллар даўамында сөз еркинлиги, пикир еркинлиги, инсан абаданлығына ийе болып жасаса, кейин ала мине усы еркинсиз жүрген өмирин көз алдына келтире алмайтуғын пүткил баслы әўлад пайда болады.

    Сөз ҳәм әмелдиң бирлиги де инсаныйлықтың ажыралмас қурамның бир бөлеги болып табылады. Кеше сөздиң ҳәдден тыс тартымлылығы ҳәм әмелдиң жоқлығы, сөз менен әмел арасындағы гүўилдеп бос турған шөл заманымыздың үлкен трагедиясы еди, бүгин усы шөлди гүлистанға айландырыўға бел байлағанбыз.

    Кеше еркин баспасөздиң атамасы ғана қалып, ҳәр бир тараў бойынша өз алдына альтернатив мәлимлеме пайда болған еди. Бул мәлимлеме қалыс адамлар тәрепинен исленбеген, нәтийжеде ол ямаса бул жаңалықтың берилиўинен мәпдар қатлам бул жумысты өз мойнына алды. Бул жалған есабатлар көринисинде де, орынлардағы басшылардың "қалта журналистлери" жәрдеминде де әмелге асырылды. Көз бояўшылық, жоқ жетискенликлерди көрсетиўге урыныў, айыпларды жасырыў ҳәўиж алды. "Жоқарыдағылар" алдында тапсырмалар орынланып атырғаны, халықтың разы екенлиги ҳаққында түрли иллюзиялар пайда болды. Қарарлар ҳәм нызамлар шығарыўда халықтың кейпияты, тилеклери, талаплары сәўлелендирмеў жағдайлары көбейди. Өз гезегинде, халық жоқарыда өз тилеклерин, зәрүрликлерин көрмегеннен соң, ортада үлкен жарлық пайда болды. Басшылар халық алдындағы жуўапкершилигин умытып, адамлар да мәмлекет алдындағы жуўапкершиликти умытып баслаған еди.

    Бүгин ше? Бүгин терең сорастырыўлар алып барып атырған журналистлер жумысына кимдур қастан араласса, жуўапкершиликке себеп болатуғын конституциялық дәрежедеги талабын қабыл етпеўдиң илажы жоқ. Бүгинги сөз еркинлигин ким жаратты, мәмлекет пе ямаса халық па? Мениңше, биргеликте жаратылды. Жәмийет усыларсыз жасаў мүмкин емеслигин, сөз ҳәм баспасөз еркинлиги болмаса, турмыс тәризи ҳеш қандай жақсыланбайтуғынын сезип, сөз еркинлигине мүтәжлик сезди.

    Сөз еркинлиги, таңлаў ҳуқықы да бир жуўапкершилик екенин түсинди. Инсанның ол ямаса бул гәпти айтыў, ол ямаса бул пикирлерден бирин таңлаў имканиятына ийе болыўы, оның қәтелер ислеў ҳуқықы жуўапкершилик сезимин пайда етеди. Әйне жуўапкершилик бар жерде жаңа идеялар туўылады, турғынлық кейпиятынан шығып кетеди.

    2. Сөз еркинлиги пикир еркинлиги менен басланады

    Мәмлекет деп аталыўшы жәмийетлик ҳәм сиясий ҳәдийсе инсан тәбияты ҳәм де материя менен тутасқан сиясий институт екенлигин есапқа алсақ, зорлыққа тийкарланған ески ҳәкимшилик-буйрықпазлық системасы қалдықлары ақыр соңында жоқ болыў алдында турыпты, көппартиялылық, идея ҳәм пикирлердиң ҳәр түрлилиги әдеттеги жағдайға айланып атыр.

    Алдынғы редакциясынан парықлы түрде, Конституциямыздың жаңаланған көриниси тийкарғы идеясы да шахс ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин, инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатын тәмийинлеўге қаратылған.

    Соның өзи инсан қәдирине ҳүрмет белгиси болды. Соның өзи мәмлекеттиң ҳәр бир пуқарасы ушын тыныш ҳәм қәўипсиз турмыс, фундаментал ҳуқық ҳәм еркинликлер, маман медициналық хызмет, сапалы билимлендириў, күшли ҳәм мәнзилли социаллық қорғаў және саламат экологиялық орталық тәмийинлениўин, мүнәсип турмыс шараяты ҳәм заманагөй инфраструктураның басқышпа-басқыш жаратылыўын аңлатады.

    Мәселен, жаңа редакциядағы Конституцияда ҳәр бир инсан жеке өмириниң қол қатылмаслығы, жеке ҳәм шаңарақлық сырға ийе болыў, өзиниң абырайы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленди. Сондай-ақ, жазысыўлар, телефон сөйлесиўлери, почта, электрон ҳәм басқа мағлыўматлар сыр сақланыўы, жеке мағлыўматлардың қорғалыў ҳуқықына ийе екенлиги де конституция дәрежесинде белгилеп қойылды.

    Итибарлысы, шахстың өзи ҳаққында надурыс топланған мағлыўматлардың дүзетилиўин ямаса нызамға қайшы түрде топланған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў ҳуқықы да өз көринисин тапты. Себеби, мәлимлеме орталығының раўажланыўы ҳәм ол турмысымызды барған сайын кеңирек қамтып алыўы менен шахсқа тийисли мағлыўматлардың да кең жәмийетшиликке жеткерилиўи, жәрияланыўы итималы күшейди. Конституция болса инсанларды мине усындай жеке турмысқа қол урыўдан қорғайды.

    Бас нызамымызға ҳәр ким пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлиги, қәлеген мәлимлемени излеў, алыў ҳәм тарқатыў ҳуқықына ийе екени белгиленгени менен бирге, мәмлекет интернет тармағынан пайдаланыўды тәмийинлеў ушын шараят жаратыўы айрықша бәнт сыпатында киргизилди. Онда мәлимлемени шеклеў тек ғана нызамға муўапық әмелге асырылыўы демократиялық норма сыпатында белгиленген.

    Информация қураллары арқалы мәлимлемени тарқатыў ҳәм қабыл етиў турмысымыздың ажыралмас бөлеги болып есапланады. Бүгин интернет басылымлары раўажланып атырған дәўирде ғалаба хабар қуралларының раўажланыўы ҳәм турмыслық реформалар менен жаңа нормаларға талап пайда болды.

    Жаңа редакциядағы Конституцияда ҒХҚ еркинлиги ҳәм олар нызамға муўапық ислеўи және цензураға жол қоймаў ҳаққындағы әмелдеги нормаға қосымша бәнт сыпатында анық етип, мәмлекет ғалаба хабар қураллары жумысының еркинлигин, олардың мәлимлемени излеў, алыў, оннан пайдаланыў ҳәм тарқатыўға болған ҳуқықларының әмелге асырылыўын кепиллейди, деп белгилеп қойылғаны демократиялық принциплерди күшейгенлигин көрсетти.

    Ашығын айтқанда, ҒХҚ жумысына айырым араласыўлар ҳәм тосқынлықлар да жүз берди. Усылардан келип шығып, усыныслар тийкарында Конституцияда цензураға жол қоймаў менен бирге, ғалаба хабар қуралларының жумысына тосқынлық етиў ямаса араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болатуғыны беккемлеп қойылды. Конституцияның алдынғы редакциясында да цензураға жол қоймаў бойынша статья бар еди. Бирақ ҳәр қашан да әмелий дәлилин көргенимиз жоқ.

    Нызамлы тийкарлар, ҳуқықый кепилликлер жетиспейтуғын ямаса әмел етпеген жерде сөз қүдиретке ийе болмай қалады. Усы жағынан алып қарағанда, тараў ўәкиллери ушын сөздиң нызамлы тийкарлары әҳмийетлирек. Жаңа редакциядағы Конституцияда мине усы жағдайға байланыслы жағдайларда жуўапкершилик қатаң белгилеп қойылғанының себеби де сонда. Яғный, цензураға жол қоймаў талабы нызамлы қадағалаўға алынғанша ғана журналистлер шын мәнисинде емин-еркин ислей алады.

    3. Сиясий пазыйлет

    Сөз еркинлигине шегара керек пе? Бул сораўға төмендегише жуўап бериў мүмкин: сөз еркинлиги усынатуғын шегара майданы соншелли кең, қандайда бир үлкен ис ислеў ушын оннан шығыўыныз шәрт емес, оған зәрүрлик сезбейсиз. Бирақ, шегаралар әдалатлы орнатылмаса, сөз еркинлиги басқа қәдириятлар менен соқлығысқанда статусы анық белгиленбесе, ол жағдайда ол өзине қарсы ислей баслайды - еркинлик қәдири жоғалады.

    Еркинлик қәдири жоғалса, бейим қәлблер мақтанышлыққа толып, ҳәмме дәмегөйликти жуқтырады. Қәлеў предметлери өзгереди: бурын сүйгенлерин енди сүмейтуғын болады. Бурын нызамлар бойынша еркинлик бар еди, енди болса нызамсыз еркинликти қәлейди. Нызам болған нәрсе енди қаттықоллық болып көрине баслайды; тәртип болған нәрсе шеклеўге айланады; абайлы болыўды қорқақлық, орташалықты ашкөзлик деп атайды. Сол себепли бизге сиясий тәрбия, пазыйлет керек.

    Ҳеш бир басқарыў формасы республика басқарыўы сыяқлы тәрбия жәрдемине мүтәжлик сезбейди. Деспотикалық мәмлекетлердиң принципи болған қорқыў қәўип-қәтерлер ҳәм жазалар тәсиринде өз-өзинен туўылып қалады, монархиялардағы мақтаныш инсанның секундлық тәшўишлеринде өз көринисин табады ҳәм бир ўақыттың өзинде мақтаныш адамлардың таянышы болып та хызмет етеди. Бирақ, биз сыяқлы демократиялық мәмлекетлерде сиясий пазыйлет әҳмийетли. Сиясий пазыйлет пидайылық, жанкүйерлик болып, бул пазыйлетти тәрбиялаў бәрқулла қыйын болған.

    Жәмийет мәпин жеке турмыстан бәрқулла үстин қойыўды талап ететуғын бул муҳаббат барлық жеке пазыйлетлердиң тийкарында жатады ҳәм ол биз ойлағанымыздан жүдә жоқары пазыйлет болып есапланады.

    Ол журналист бола ма, муғаллим бола ма, пидайылық, ҳуқықларынан хабардар, сиясий, социаллық, саўатлы болса, бул биз ҳәм биздей мәмлекетлерде айрықша күш ийелейди. Тек усындай адамлар, усындай жәмийет пенен ҳәр нәрсени өзгертиў мүмкин. Сонда ғана мәмлекет басқарыўы ҳәр бир пуқараға исенип тапсырылады.

    Нызамларды сақлаў ушын оларға муҳаббатты оятыў керек. Биз ҳеш қашан монархияны сүймейтуғын ҳүкимдар ямаса деспотизмди жек көретуғын деспот ҳаққында еситпегенбиз. Демек, демократияга тийкарланған мәмлекетимизде демократияга муҳаббатты беккемлеў керек, әйне усы тәрбия менен барлық инсанлар емениўи керек.

    Философ ҳәм ҳуқықтаныўшы Шарл Монтеське айтқанындай, балаларға ўатанға муҳаббат сезимин сиңдириўдиң ең дурыс жолы ўатан муҳаббатының аталарда болыўы.

    Азизбек ЮСУПОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates