Себеби, бул реформалардың мақсети "инсан - жәмийет - мәмлекет" ортасындағы халық ҳәкимияты қатнасықларына тийкарланған. Халықтың өзи бул Конституциялық реформалардың бас басламашысы болды.
Конституциямыздың кирис бөлиминде оның философиясы, юридикалық тәбияты, идеологиясы ҳәм тийкарғы мақсети беккемленген. Тийкарғы нызамның кирисиўи менен танысқан адам халқымыздың ерк-ықрары, мақсет ҳәм арзыў-нийетлери және қәдириятларын аңлап алады.
Бас нызамымыздың дәслепки статьясын оның ядросы, тийкарғы мақсети, деп билемен. Себеби, онда "Өзбекстан - басқарыўдың республика формасына ийе болған суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет..." екенлиги беккемленген. Бул конституциялық норма мазмун-мәниси жағынан жаңа есапланады.
Логикалық көзқарастан, мәмлекеттиң суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет дәрежесине ерисиўи сиясий, ҳуқықый, социаллық ҳәм экономикалық жақтан стратегиялық әҳмийетке ийе. Сол себепли, бул конституциялық норманың әҳмийети тиккелей "инсан қәдири" шын мәнисинде жоқарылаўы менен байланыслы.
Усы жерде тек ғана ҳуқықый мәмлекет мәселесине байланыслы конституциялық реформаларға тоқтап өтпекшимен. Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң жоқары мақсети екени беккемленди. Атап айтқанда, инсан ҳуқықларына байланыслы нормалар 3 есеге арттырылды. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың тек ғана пуқаралардың мәпин гөзлеп жумыс алып барыўына тийкар жаратылды. Соның ушын нызамлардағы анықсызлықлар инсан пайдасына шешилиўи шәртлиги ҳәм зәрүрлиги белгиленди. Оған бола, мәмлекет ҳәм инсан арасындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы нызамшылықтағы анықсызлықлар, түрли түсинбеўшиликлер сапластырылады, пуқаралардың артықша әўерегершилигиниң алды алынды.
Конституцияда мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инсанға қолланылатуғын ҳуқықый тәсир илажлары теңсалмақлылық принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы керек екенлиги беккемленди. Нызамшылықта белгиленбеген миннетлеме ҳеш кимниң мойнына өзиниң разылығысыз жүклеўи мүмкин емеслиги атап өтилди. Бул норма адамлардың турмысын және де жеңиллестирди.
Инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепиллиги сезилерли дәрежеде күшейтилди. Атап айтқанда, Өзбекстанда өлим жазасы қадаған етилди. Буннан тысқары, шахсты суд қарарысыз 48 сааттан аслам мүддет услап турыў мүмкин емеслиги белгиленди. Яғный, шахстың еркинлигин шеклеў менен байланыслы ҳәр қандай ҳәрекет тек ғана суд қарары тийкарында әмелге асырылыўы шәрт.
Биринши мәрте шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде ҳуқықлары ҳәм услап турылыў тийкарлары түсиндирилиўи керек. Айыпланыўшы ҳәм судланыўшыларға өзине қарсы көрсетпе бериўдиң (халықаралық тән алынған "Миранда қағыйдасы"), үндемеў ҳуқықы берилди.
Ҳәр кимниң жазысыўлары, телефон арқалы сөйлесиўлери, почта, электрон хабарлары ҳәм басқа да хабарлар сыр сақланыў ҳуқықына ийе екени белгиленди. Бундай ҳуқықлардың шеклениўине яки турақ жайда тинтиў өткериўге тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың қарарына тийкарланып жол қойылатуғыны белгилеп қойылды.
Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар бола алмайтуғыны беккемленди. Булардың барлығы бурынғы системадан қалған иллетке, қаншадан-қанша жасларымызды арзыў-үмитлеринен ўаз кешиўге мәжбүр еткен инсансыз қадаған етиўлерге шек қойды.
Ҳәр бир шахстың республика аймағында еркин ҳәрекетлениў, турақ жай ҳәм жасаў орнын еркин таңлаў, республикадан сыртқа шығыў ҳәм Өзбекстан пуқараларының Өзбекстанға зыянсыз қайтыў ҳуқықы белгиленди. Бул конституциялық қағыйданың киргизилиўи менен еркин ҳәрекет қәдирият дәрежесинде жоқары ҳуқықый норма сыпатында беккемленди. Бул "прописка" системасы машқаласын да сапластырды.
Бүгин барлық мәселениң шешими ҳақыйқый халық даўысы болған мәҳәлле дәрежесине түсирилмекте. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасына кирмейтуғыны беккемленди. Конституциямызда бул кепилликтиң белгиленгени мәҳәллелерге өз аймағын еркин басқарыў, халықтың мәплеринен келип шығып мәмлекет пенен шериклик тийкарында машқалаларды шешиў, аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде әҳмийетли имканиятларды бермекте. Бул демократиялық конституциялық реформалар жаңа Өзбекстанда "Инсан қәдири ушын" деген тийкарғы идея реал турмыста әмелге асырылып атырғанын және бир мәрте көрсетпекте.
Мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа да шараятлар жаратыўы конституциялық жақтан беккемленди. Бул норманың киргизилиўи жәмийетимизде шаңарақтың беккемлиги ҳәм абырайын турақлы тәмийинлеўге тийкар жаратты. Енди перзентлерди тәрбиялаў, оларға билим бериў, бәркамал етип тәрбиялаў да ата-ананың миннетлемеси сыпатында белгиленди. Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў және қорғаў, оның физикалық, ақылый ҳәм мәдений жақтан толық раўажланыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў болса мәмлекеттиң миннетлери сыпатында белгиленди.
Миллий ҳуқық системамызда Конституцияның ҳәр бир нормасын мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң жумысында тийкарғы қағыйдаға айландырыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып қалмақта. Бул бағдарда барлық министрликлер ҳәм уйымларда Конституцияның мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң Конституция бойынша билимлерин турақлы арттырып барыў, жумысында конституциялық нормалардың орынланыўын сөзсиз тәмийинлеген хызметкерлерди хошаметлеў системаларын жаратыў айрықша әҳмийетке ийе.
Әдиллик министрлиги мәмлекетлик басқарыўдың жоқары буўынынан төменги буўынына шекем өз ўәкиллиги шеңберинде әмелий жәрдем көрсетип келмекте. Сол ушында бул бағдарда министрлик өз жумысын системалы түрде даўам еттиреди.
Президентимиздиң басшылығында мәмлекетлик шөлкемлер өзиниң ең тийкарғы ўазыйпасы сыпатында халықтың аўырын жеңиллетиўге кирискен, яғный халық пенен сөйлесип, машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў тийкарғы ўазыйпаға айланды. Мине, усы бағдарда министрлигимизге де әҳмийетли ўазыйпалар жүкленди. Соның ишинде, халықтың ҳуқықый машқалаларын орынларда, мәҳәллелерде шешиў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.
Пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге қаратылған норма ҳәм стандартлар ислеўин мониторинг етиў және халықтың ҳуқықый машқалаларын анықлаў ҳәм сапластырыў мақсетинде "Ҳуқықый мәҳәлле" жойбары жолға қойылды. Бәринен бурын, Жиззақ ўәлаяты Зарбдор районындағы Тараққиёт мәҳәллесинде үлгили жолға қойылған бул жойбарда аймақтағы 700 ден аслам шаңарақ қамтып алынып, биринши басқышта машқалалар үйренилди. Кейинги процесслерде оларды шешиў, бирлемши ҳуқықый жәрдем көрсетиў, методикалық жәрдем бериў, мәнзилли ҳәм предметли үгит-нәсият илажларын өткериў бойынша шөлкемлескенлик пенен әмелий жумыслар орынланды. Ҳәрекетлер даўамында 2700 ге шамалас ҳуқықый машқала анықланып, 2 мыңнан асламы унамлы шешилди. Енди Зарбдор тәжирийбеси тийкарында бул жойбарды пүткил мәмлекетимиз бойлап әмелге асырыў бойынша анық реже ҳәм илажлар ислеп шығылып, келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.
Ҳуқықый машқалалар шешилгеннен кейин пуқаралардың жолы ашылады. Яғный жеңилликлер, мәмлекет социаллық қорғаў системасынан пайдаланыў имканиятына ийе болады. Бул процессти санластырыў арқалы және де тезлестириў нийетиндемиз. Буның ушын хызметкерлеримиз арнаўлы еки бағдарлама ислеп шықты. Орынларда ҳуқықый машқалалар тиккелей электрон системада көрсетиледи. Ҳәрбир машқала шешилгеннен кейин бақлаўдан алынады.
Буннан тысқары, онлайн мәҳәлле системасы арқалы тиккелей пуқаралардың өзлери ямаса "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен ҳәр қандай машқаланы қайсы бир уйымға келместен де система арқалы бизге мүрәжат жоллаў имканияты жаратылды. Усы тәризде биз бул машқалаларды шешип келмектемиз.
Сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламының ўәкиллеринде алимент өндириў ямаса судқа даўа арза киритиў бойынша жүдә көп машқалалар жүзеге келеди. Юридикалық хызметлер бираз қымбат болғаны себепли, пуқаралардың имканияты шекленген. Сол себепли бийпул юридикалық жәрдем системасын қәлиплестиргенбиз. "Мадад" мәмлекетлик емес шөлкеми барлық районда ашылып, ўатанласларымызға судлар ямаса басқа да уйымлар ушын ҳүжжетти бийпул таярлап бериў системасы жаратылды. Өз гезегинде, машқалалы мәселелердиң усы тәризде шешилиўи ўатанласларымызда бүгинги сиясаттан разылық сезимин пайда етеди. Ертеңги күнге исенимди беккемлейди, ел тәғдирине қатнасы арттады.
Кейинги сегиз жылда ерискен жетискенликлеримиз, атап айтқанда, экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў, сөз ҳәм исеним еркинлиги, социаллық қорғаў тараўларындағы жүзлеген шеклеўлердиң алып тасланғаны, нақ пул, валюта, кредит мәселелериндеги машқалалардың шешилгени ҳәм басқа да унамлы ҳәрекетлердиң артқа қайтпаслығын конституциялық жақтан қорғаў зәрүрлиги бар еди. Бул жетискенликлер, ҳуқық ҳәм еркинликлерден тек ғана ҳәзирги емес, ал келешек әўладларымыз да емин-еркин пайдаланыўы ушын оларды, әлбетте, Конституцияда мөрлеп қойыў талап етилди. Бул - мәселениң тек ғана бир тәрепи. Мәселениң екинши тәрепи жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин халықтың талабы дәрежесинде түсиндириў және оннан пайдалана алыў көнликпесин қәлиплестириў болып табылады.
Халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў, жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен үнлес ҳалда ҳуқықый билимлерин арттырыў мақсетинде әдиллик уйымлары орынларда үгит-нәсият илажларын өткермекте. Атап айтқанда, Конституциямыздың мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў ҳәм кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша аймақлар кесиминде және үгит-нәсиятлаў топарлары қәлиплестирилген ҳалда үгит-нәсиятлаў илажларының бағдарламасы ислеп шығылып, орынлаўға қаратылды. Бүгинги күнге шекем 25 мыңнан аслам ҳуқықый үгит-нәсият илажы өткерилди. Kurslar.huquqiyportal.uz порталында жаңа редакциядағы Конституция бойынша 4,5 саатқа мөлшерленген бийпул онлайн курс жайластырылды. Тийкарғы нызамымыздың ҳәр бир статьясы бойынша қысқаша видеоматериаллар таярланып, тарқатылды. "Конституцияны үйренемиз" темасында қысқа мүддетли оқыў курсы шөлкемлестирилди. Аdvice.uz платформасында жаңа редакциядағы Конституцияның тийкарғы мазмун-мәнисин ашып бериўге қаратылған айрықша бөлим ашылды. Ташкент қаласының Сайылгоҳ көшесинде "Конституция көшеси" шөлкемлестирилип, бир қатар ғалаба илажлардың өткерилиўи дәстүрге айланды.
Сондай-ақ, Конституцияны балалар тилинде түсиндириўге бағышланған мультсериал ҳәм комикс китап жаратылды. Бул мультфильмлер жасалма интеллект жәрдеминде таярланған. Онда Конституциямыздың мазмун-мәниси балаларға әпиўайы ҳәм турмыслық мысаллар арқалы түсиндирилди. Соның менен бирге, майыплығы болған балалар ушын Конституция китабының аудио варианты жаратылып, барлық айрықша билимлендириў зәрүрлиги болған (көзи әззи ҳәм әззи көриўши) балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернатларға жеткерилди. Конституциялық билимди балалар тилинде түсиндириўге мөлшерленген "Статьялар сөйлейди" атамасындағы видеороликлер топламы таярланып, елимиздеги барлық мектепке жеткерилиўи тәмийинленди.
Жаслардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў мақсетинде ҳәр сәршемби күни "Ҳуқықый мәлимлеме күни" жойбарында жаслардың Конституция бойынша билимлерин арттырыўға қаратылған үгит-нәсият илажлары өткерилип келинбекте.
Әдиллик министрлиги функционал ўазыйпаларынан келип шығып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында жаңа конституциялық нормалардың турмыслылығын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар ўазыйпаларды орынламақта.
Норма дөретиўшилиги бағдарында: бириншиден, министрликлер ҳәм уйымларда жаңадан ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм нызам жойбарларының Конституцияға сәйкеслигине итибар қаратады.
Екиншиден, ҳәр бир министрлик ҳәм уйым тәрепинен усы күнге шекем ислеп шығылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жаңа редакциядағы Конституция нормаларына муўапықлығы көзқарасынан инвентаризациядан өткериўге жәрдемлеспекте. Инвентаризация нәтийжесинде өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилетуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер пакети қәлиплестирилмекте.
Шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый бағдарда: бириншиден, министрлик ҳәм уйым системасындағы мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң жаңа редакциядағы Конституция бойынша билимлерин арттырып барыў ҳәм баҳалаў әмелиятын енгизиў. Тест нәтийжелерине бола, қайсы тараўларда мәмлекетлик хызметкерлердиң билимин арттырыўға зәрүрлик бар екенлиги анықланса, усы бағдарда және түсиндириў жумысларын алып барыў механизмин жаратпақта.
Екиншиден, министрликлер ҳәм уйымлар системасындағы мүрәжатлар менен ислейтуғын структуралар тәрепинен Конституция орынланыўы бойынша пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар, тийкарынан, шағым ҳәм арзалар менен мәнзилли түрде ислесиў әмелияты енгизилмекте.
Улыўма, жаңа редакциядағы Конституция тек ғана бүгинги тыныш ҳәм абадан турмысымыз емес, ал жаңа Өзбекстанды буннан кейин де турақлы раўажландырыўдың ҳуқықый кепили болып есапланады.
Акбар ТОШҚУЛОВ,
әдиллик министри