Халық ҳәкимшилигин толық әмелге асырыў

    Пикир 3 желтоқсан 2024 198

    жергиликли кеңеслерге үлкен жуўапкершилик жүклейди

    Жаңа редакциядағы Конституциямызда халық депутатлары кеңесине оның депутатлары арасынан нызамға муўапық сайланатуғын баслық басшылық етиўи, ўәлаят, район, қала ҳәкими лаўазымын ийелеп турған шахс бир ўақыттың өзинде халық депутатлары кеңесиниң баслығы лаўазымын ийелеўи мүмкин емеслиги беккемлеп қойылды.

    Сондай-ақ, халық депутатлары кеңеслериниң ўәкиллик мүддети бес жыл болып, бир шахс избе-из еки мүддеттен көбирек бир ўәлаятлық, районлық, қалалық халық депутатлары кеңесиниң баслығы етип сайланыўы мүмкин емеслиги де белгиленди.

    Әлбетте, Бас нызамымызда бундай әҳмийетли принциплердиң сәўлелендирилгени бийкарға емес. Себеби, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты социаллық қорғаў, халық ҳәкимиятын толық әмелге асырыўда халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң жумысы әҳмийетли орын иелейди. Сол себепли, бул системаны раўажландырыў демократиялық раўажланыўды гөзлеген ҳәр бир мәмлекет искерлигинде әҳмийетли өлшем болып есапланады.

    Жақын өтмиште бул системаның жумысы мақтаўлы дәрежеде емес еди. 1992-жылға шекем мәмлекетимизде бир мүддет жергиликли мәмлекетлик ҳәкимиятқа еки басшы басшылық еткен жағдайлар болған. Сол ўақытта айырым басшылар әҳмийетли машқалаларды шешип, аймақты раўажландырыўдың орнына абырай таласыўдан басқа ҳеш нәрсе ислемеген.

    Президентимиз Олий Мажлис Сенатының биринши мәжилисинде бул мәселелерге тоқтап өтип, бундай қәтеликлерден дурыс жуўмақ шығарыў керек екенлигин атап өтти. Жергиликли басқарыўда сапа жағынан жаңа модел енгизилип атырған ҳәзирги ўақытта Халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық кеңеслерине ҳәкимлер емес, ал депутатлар арасынан сайланған кеңес басшылары басшылық етиўи менен байланыслы сиясий реформа нәтийжесинде бундай машқалаларға ақылға уғрас шешим табылғаны, бул болса халқымыздың 30 жыллық арзыўын жүзеге шығарыўға хызмет еткенин айрықша атап өтти.

    Жергиликли кеңеслерге басшылық етиў инсаннан үлкен турмыслық тәжирийбе талап ететуғынын айтыў керек. Бул лаўазымдағы шахс халықтың дәртин өзиниң дәрти деп билиўи, адамлар арасында үлкен абырайға ийе болыўы, аймағындағы машқалаларды жақсы билиўи, олардың шешими менен байланыслы әҳмийетли ўазыйпаларды күн тәртибине көтерип шығара алатуғын шахс болыўы керек.

    Мәмлекетимизде усы жылы 27-октябрь күни ашық-айдынлық, демократиялық принциплер тийкарында болып өткен сайлаў мине усындай мүнәсип инсанларды жергиликли кеңеслердиң депутаты етип сайлаўда әҳмийетли фактор болды. Соның менен бирге, бул сайлаў мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўында да, жергиликли кеңеслердиң жумысына да жаңа дәўирди баслап берди. Жаңадан сайланған жергиликли кеңеслер қурамы ҳәм статусы бойынша алдынғы жағдайдан пүткиллей парық қылады. Олардың қурамы дерлик 60 процентке жаңаланып, 3 мыңнан аслам ўатанласымыз биринши мәрте депутат болғаны да соннан дәрек береди.

    Әсиресе, жергиликли кеңеслерде ҳаял-қызлар депутатларының үлеси 32 процентке жеткени, 30 жасқа шекемги депутатлар саны 3,5 есеге артып, 266 адамды қурағаны тараўдағы жумысларды жаңаша қатнас ҳәм көзқараслар тийкарында шөлкемлестириўде әҳмийетли рол атқарады. Ҳәзирги күнлерде жергиликли кеңеслердиң депутатлары өз ўазыйпасына кирисип, халқымыз билдирген исенимди ақлаў, аймақлардың раўажланыўы ҳәм елдиң абаданлығына хызмет ететуғын бағдарлама ҳәм жойбарларда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында жүзеге шығарыў бағдарында қызғын жумыс алып бармақта.

    Соның менен бирге, демократиялық реформалар нәтийжесинде жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысы түп-тийкарынан жетилисип бармақта. Жергиликли кеңеслерге көп ўәкилликлер берилип, статусы бираз арттырылды. Мәселен, жергиликли кеңеслер 15 тен аслам мәселе бойынша қарар қабыл етиў ўәкиллигине ийе. Қалаберсе, ҳәкимлердиң 33 ўәкиллиги кеңеслерге өткерилди, және 17 ўәкилликти өткериў режелестирилмекте.

    Мысал ушын, ишимлик суўы тарифине үстеме, мәмлекетлик объектлер ҳәм базарларда ижара төлемлери сыяқлы жәми 7 түрдеги жергиликли жыйым муғдарын тастыйықлаў ўәкиллиги де жергиликли кеңеслерге өткерилиўи нәзерде тутылған. Сондай-ақ, кеңес сораўы ҳәм кеңес тексериўи сыяқлы жаңа механизмлер арқалы аймақлық атқарыў уйымларының жумысы үстинен қадағалаў күшейтиледи.

    Жергиликли кеңеслердиң жумысы бир қәрағанда сезилмей атырғандай болып көринеди. Бирақ, мәмлекетимиздиң барлық аймақларындағы реформаларда олардың орны әҳмийетли. "Мәҳәлле жетилиги"не жәрдемлесиў, мәҳәллелерде қабыл етилип атырған қарарлардың нызамлылығы ҳәм тийкарлылығын тәмийинлеўде де жергиликли кеңеслердиң депутатлары ҳәм мәҳәлле белсендилериниң бирге ислесиўи әҳмийетли фактор болмақта.

    Ҳәзирги ўақытта өзгерип атырған дәўир, жаңаланып атырған заман барлық тараўлар қатарында жергиликли кеңеслердиң жумысын еле де жетилистириў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды күн тәртибине қоймақта. Президентимиз Олий Мажлис Сенатының биринши мәжилисинде бул бағдарда тоқтап өтип, бир қатар жаңа баслама ҳәм идеяларды алға қойды. Соның ишинде, енди Сенат нызамларды додалаўда жаңаша механизмлерди енгизиўи, әсиресе, нызам дөретиўшилиги процесине жергиликли кеңеслерди кеңнен тартыў, ҳәр бир нызам бойынша олардың пикирин алыў әмелиятын жолға қойыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Сондай-ақ, жергиликли кеңеслер тәрепинен ҳәр ярым жылда исленген жумыслар бойынша баспасөз әнжуманларын өткериў әмелиятының жолға қойылыўы, аймақларды раўажландырыўға байланыслы бағдарламалардағы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша депутатлық ҳәм кеңеслик қадағалаўды әмелге асырыўда белсене ҳәм интакер болыў заман талабына айланбақта.

    Бюджет қатнасықлары тараўында да жергиликли кеңеслер жүдә үлкен ўәкилликлерге ийе. 2025-жылы жер, мүлк ҳәм айланба салықларын толық, дәрамат салығының болса кеминде 50 процентин район ҳәм қалалардың өзинде қалдырыў бойынша қарар қабыл етилиўи нәзерде тутылғаны жергиликли кеңеслердиң жәмийетимиздеги ролин буннан былай да арттырыўда әҳмийетли қәдем болады. Нәтийжеде 2025-жылы район ҳәм қалалар бюджетлериниң дәраматы 9,4 триллион сум ямаса 47 процентке артады.

    Бул реформалар район ҳәм қалалардағы жуўапкер шахслар өз аймақларындағы машқалаларды еркин шешиўи ушын имканиятты түп-тийкарынан арттырыў менен бирге жергиликли кеңеслерден жаратылып атырған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, халықты қыйнап атырған мәселелерди шешиў бойынша тийкарланған басламаларды алға қойыўды да талап етеди.

    Бул ийгиликли жумыслар елимиз абатлығы, халқымыздың турмыс абаданлығы, айдын келешегимиздиң кепили болады. Соның ушын, бул бағдардағы илажларды әмелге асырыўда орынлардағы халық ўәкиллериниң турақлы басламалары елимиздиң раўажланыўын буннан былай да арттырыўдай ийгиликли жумыслардың даўам етиўине хызмет етеди.

    Баҳор ХИДИРОВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates