Үш жыл алдын бул бағдарда үлкен бағдарлама исленгени бүгин нәтийжесин берип атыр. Хызмет көрсетиў тараўында қосымша 1,5 миллион халық турақлы дәраматқа ийе болды. Хызметлер көлеми 2018-жылдағы 19 миллиард доллардан 65 миллиард долларға артты. Әсиресе, мәлимлеме технологиялары, финанслық хызметлер, туризм, авиация, билимлендириў ҳәм медицина тараўларында "үлкен секириў" болды.
Булар жақсы, әлбетте. Бирақ имканиятлар буннан жүдә көп. Оларды турмысқа енгизиўде аймақ ҳәм тараўларда бирдемлик жоқ.
Мәселен, Хорезмге 6 миллион турист тартыў режелестирилген. Бирақ буның ушын самолёт ҳәм поездлардың қатнаўы жетерли емес. Медицина, авиация ҳәм энергетикада жеке меншик сектордың қатнасыўындағы жойбарлар 20 миллиард доллардан артқан. Бирақ ишимлик суўы, канализация ҳәм жол қурылысында бундай жойбарлар дерлик жоқ.
Мәжилисте усы сыяқлы машқалалар талланып, аймақ ҳәм тараўлардағы үлкен имканиятлар көрсетип өтилди.
Кейинги жети жылда халықтың дәраматы ҳәм төлеў қәбилети 2 есеге өскени нәтийжесинде хызметлерге талап артып атырғаны атап өтилди. Буның ушын министрлер ҳәм ҳәкимлер хызмет түрлерин көбейтиў бойынша ҳәр күни изленип, исбилерменлерге жол ашыўы керек екенлиги атап өтилди.
Быйыл хызметлер көлемин 15 процентке арттырып, 82 миллиард долларға, эекспортты болса 8,5 миллиард долларға жеткериў, тараўда 2,5 миллион адамды дәраматлы етиў мөлшерленген.
Ең үлкен имканият банк-финанс тараўында. Соның ишинде, девелоперлерге жаңа массивлер аймағының 10-15 процентин турақ жай емес орынға өткериўге рухсат берилген. Буннан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде, банклер арқалы девелоперлерден мүлклерди тиккелей сатып алыў ҳәм исбилерменлерге қолайлы шәртлерде ижараға ямаса лизингке бериў усынысы билдирилди. Бул арқалы 50 мың квадрат метр турақ жай емес жайлар пайдаланыўға кириўи, 100 мың жумыс орны жаратылыўы мүмкин.
Финанслық хызметлер көлемин 30 процентке арттырыў нәзерде тутылған. Мәҳәлле банкирлери жумыс баслап, халыққа жақынластырылғаны бунда қосымша имканият. Атап айтқанда, адамлар көп мүрәжат ететуғын кадастр, салық, әдиллик мағлыўматларын банклердиң мәлимлеме системасы менен байланыстырыў хызметлер көлемин арттырады.
Усы жылдан районларда сервисти раўажландырыў бойынша жаңаша қатнас болады. Бул бағдарда 1 мың 156 драйвер жойбар жергиликли кеңеслерде тастыйықланды. Олардың инфраструктурасына 1 триллион сум қаратылады.
Соның ишинде, усы жылы 72 суўдың бойында дем алыў орынлары, күни-түни ислейтуғын 154 туризм ҳәм гастрономиялық көшелер шөлкемлестириледи. 62 дем алыў бағы заманагөй көриниске келтириледи. 364 жол бойы ҳәм басқа да сервис объектлери қурылады.
Еки жыл алдын саўда ҳәм хызметлер тараўындағы кәрханаларға социаллық салық 1 процент етип белгиленген еди. Өткен дәўирде кәрханалардың саны 1,5 есеге артқан. Әҳмийетлиси, көп исбилерменлер "саядан" шығып, айлық мийнет ҳақыны дурыс көрсетиўге өткени нәтийжесинде мийнет ҳақы 3,2 есеге көбейип, қосымша 2,1 триллион сум салық түскен.
Соларды есапқа алып, бул жеңиллик мүддетин және үш жылға созыў усынысы мақулланды. Енди, бул жеңиллик сервис кәрханаларының кеминде 3 миллион сум айлық алатуғын 30 жасқа шекемги жумысшыларына қолланылады. Қурылыс, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханалары жумысшылар менен қысқа мүддетли, әпиўайыластырылған мийнет шәртнамасын дүзиўи мүмкин болады.
Кейинги үш жылда 27 түрдеги мәмлекетлик хызметлер жеке меншик секторға берилди. Бирақ министрликлер системасында исбилерменлер ислей алатуғын хызметлер еле көп. Быйыл және 29 мәмлекетлик хызмет жеке меншик секторға өткерилетуғыны айтылды.
Жер участкалары ҳәм мәмлекетлик мүлкти ижараға алыў ямаса меншиклестириў бойынша ашық-айдын, пайдалы шәртлерди ислеп шығыў ҳәм исбилерменлерге жәриялаў ўазыйпасы қойылды.
Өзбекстан Президентиниң 2024-жыл 20-декабрьде қол қойылған аймақларда жоқары экономикалық өсиў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң жаңа системасына байланыслы пәрманы бул бағдарда үлкен имканият жаратты. Оған бола, быйыл 1-марттан баслап, 10 мың квадратқа шекемги ҳәм 6 ай даўамында сатылмаған районлардағы мәмлекетлик объектлер исбилерменлерге 10 жылға тиккелей ижараға бериледи. Төрт жыл даўамында ижара ҳақы ўақтында төленсе, бул жер исбилерменге меншиклестирип бериледи. Жасларды IТ ҳәм шет тилине оқытып, халықаралық сертификат беретуғын исбилерменлер биринши жыл ижара төлемейди.
Мәмлекетимиз басшысы аралықтан хызметлер экспортын жаңа басқышқа көтериў зәрүр екенлигин атап өтти. Оның ушын сырт мәмлекетлердеги хызметлер базары ҳәм талапларды үйренип, соған сәйкес қәнигелер таярлаў ўазыйпасы қойылды.
Быйыл креатив экономикадағы стартап жойбарлар ушын 50 миллион доллар ажыратылған. Бул арқалы жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, сырт ел компанияларында ислеп атырған ўатанласларымызды тартыў мақсет етилген.
Улыўма етип айтқанда, усы жылы IТ хызметлериниң көлемин 30 процентке арттырып, 80 триллион сумнан, экспортын 1 миллиард доллардан арттырыў имканияты бар екенлиги айтылды. Аймақ ҳәм тармақлардағы хызметлерди санластырыў бойынша да көрсетпелер берилди.
Сервисти раўажландырыўда қолайлы транспорт инфраструктурасы жүдә әҳмийетли. Өткен жылы транспорт хызметлери 8,6 процентке өсип, 145 триллион сумды қурады. Бирақ, жоқары экономикалық өсиў ушын бул жетерли емес.
Сол себепли мәмлекетимиз қалалары арасында самолёт ҳәм поезд қатнаўларын көбейтиў, мултимодал логистика орайларын қурып, транзит жүк үлесин арттырыў, таксилерге қолайлылықты кеңейтиў бойынша қосымша илажлар белгиленди.
Булар арқалы усы жылы транспорт хызметлериниң көлемин 185 триллион сумға, экспортын 2,3 миллиард долларға алып шығыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.
Хызмет бағдарында ең үлкен тараў бул туризм. Кейинги жыллары 90 нан аслам мәмлекет пенен байланыслар жақсыланғаны нәтийжесинде сырт елли туристлер дерлик 4 есеге артты. Өткен жылы туризм хызметлериниң экспорты 3,5 миллиард долларды қурады.
Бирақ мәмлекетимиздиң потенциалы буннан әдеўир жоқары. Мәселен, Малайзия ҳәм индонезиялы мусылманлар Умраға барыўдан алдын уламаларымыздың қәбирин зыярат етиўди қәлейди. Олар ушын "Умра плюс" хызметиниң жолға қойылатуғыны белгиленди.
Самарқанд, Шаҳрисабз, Бухара, Хийўа ҳәм Ташкенттеги туристлик комплекслерде халықаралық концерт ҳәм форумлар өткериў көпшиликти өзине тартады. Мийманлар мийманхана, ресторан, саўда ҳәм басқа да кеўилашар орынларға да тутыныўшы болады.
Социаллық тараўларда да имканиятлар көп. Мәселен, өткен жылы "Медициналық хызметлер миймандослығы" бағдарламасы жолға қойылған еди. Бул сырт ел пуқараларын емлеў ҳәм экспортты арттырыў ушын қолайлылық.
Кейинги сегиз жылда 125 жаңа жоқары билимлендириў шөлкеми ашылған. Бирақ бул тараўдағы экспорт имканиятларына пүткиллей сәйкес емес. Ямаса бос турған айырым мәденият ҳәм көркем өнер орайларын да жеке меншик секторға бериў мүмкин.
Мәжилисте Президентимиз жуўапкерлер ҳәм исбилерменлер менен сөйлести. Тараў жуўапкерлери быйыл аймақларда 2 миллион 500 мың халықты бәнт етиў режелери бойынша мәлимлеме берди.