Өзбекстанға сапары шеңберинде БМШтың сегизинши Бас хаткери Пан Ги Мун Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетинде («Green University») баянат оқыды.
Орай Орайлық Азия регионында илимий изертлеўлер, қәнигелерди таярлаў, технологиялар ҳәм тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, "жасыл" ҳәм турақлы раўажланыўды үгит-нәсиятлаў ушын платформа болады.
Экология министрлиги қарамағындағы "Чатқал" мәмлекетлик биосфера қорықханасына тутас 32 859,89 гектар ҳәм "Ақтаў-Томды" мәмлекетлик қорықханасына тутас 28 500 гектар аймақта олардың қорғаў зоналары белгиленди.
Өзбекстан жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин қорғаў бойынша халықаралық бирге ислесиўди баслап, биологиялық көп түрлиликти сақлаў бағдарындағы ҳәрекетлерин даўам еттирмекте.
Олий Мажлис Сенатының гезектеги мәжилисинде "Қоршаған орталық пенен байланыслы мәселелер бойынша қарарлар қабыл етиў процесинде жәмийетшиликтиң мәлимлеме алыў имканияты, қатнасы ҳәм әдил судлаўға ерисиў имканияты ҳаққындағы Конвенцияға (Орхус, 1998-жыл 25-июнь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында"ғы Нызам жойбары көрип шығылды.
"Өзбекстан-2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбарында бул ҳаққында усыныс киргизилген.
2024-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Әндижан, Бухара, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд, Ферғана, Хорезм ҳәм Ташкент ўәлаятларының жәми 81,2 гектар жер майданындағы 29 қатты турмыслық шығынды полигоны рекултивацияланып, санитариялық талаплар тийкарында топырақ қатламы менен жабылды.
Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў Бағдарламасы арасында "Өзбекстанда биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў бойынша миллий стратегиялар ҳәм ҳәрекетлер режелери (NBSAP) ҳәм 7-Миллий есабатты жаңалаўды қоллап-қуўатлаў бойынша GEF -8 бағдарламасы" жойбарын әмелге асырыў ҳаққындағы Келисимге қол қойылды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Жасыл мәкән» улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған илажларды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.