Оған муўапық, 2025-жыл 1-марттан баслап:
Физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен иқтыярлы түрде «Жасыл төлем» қайырқомлық төлемлерин «Жасыл әлем» ҳәм «Жасыл төлем» электрон платформалары арқалы әмелге асырыў имканияты жаратылады;
Физиалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен әмелге асырылған «Жасыл төлем» қайырқомлық төлемлери Жасыл қайырқомлық қорында жәмленеди, бунда «Жасыл әлем» электрон платформасы арқалы әмелге асырылған қайырқомлық төлемлери Жасыл қайырқомлық қорының өз алдына есап бетине бағдарланады;
Жасыл қайырқомлық қорында жәмленген қаржылар «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың буйыртпалары тийкарында терек ҳәм пута нәллерин егиўди шөлкемлестириў, сондай-ақ, мәмлекетте экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған илажларды қаржыландырыўға бағдарланады;
Жасыл қайырқомлық қорына келип түскен қаржылардан ашықлық ҳәм жәмийетшиликке есап бериў принциплери тийкарында пайдаланылады.
Усы қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған оралықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Жасыл қайырқомлық қоры шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, қарар менен:
Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериси министрлиги жанындағы Жасыл қайырқомлық қоры ҳаққындағы реже;
Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Жасыл қайырқомлық қоры басқарыў кеңесиниң қурамы тастыйықланды.
Ықтыярлы қайырқомлық төлемлери бойынша хызмет көрсетиўши «Жасыл әлем» ҳәм «Жасыл төлем» электрон платформалары иске қосылады.
2025-жыл1-июньға шекем Миллий жасыл абаданлық фонды (электрон мағлыўматлар базасы) қәлиплестирилип, оған республикадағы, соның ишинде, мәмлекетлик тоғай фондына киретуғын терек ҳәм путалар ҳаққындағы мағлыўматлар киргизиледи ҳәм өсимлик дүньясы объектлери мәмлекетлик кадастры жүргизиледи.
ӨзА