QR-кодлы паспорт қурылыс объекти аймақлық инспекцияларда дизимнен өткен күнде буйыртпашы тәрепинен объекттиң кириў бөлегине ямаса ҳәмме ушын көринетуғын орында мәжбүрий тәртипте орнатылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 454-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Беруний районындағы Бунёдкор мәҳәллеси аймағында жайласқан 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ески имараты пүткиллей бузылып, оның орнында жаңа, заманагөй ҳәм барлық талапларға жуўап беретуғын балалар бақшасын қурыў жумыслары басланды. Бул қурылыс жойбары ушын жәми 3 миллиард 600 миллион сум қаржы ажыратылған болып, жаңадан қурылып атырған бақша 120 балаға мөлшерленген.
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў, соннан, турақ жайлар менен тәмийинлеў, қала ҳәм районлардың инфраструктурасын жақсылаў, абаданластырыў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларға тийкарланып, бүгинги күнде бир қатар қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.
Dynamis Architetsture тийкарын салыўшысы Девид Фишер жақын арада Американың үлкен қалаларынан биринде динамикалық архитектура тийкарында жаңа жойбар басланатуғынын, соның менен бирге, тап усындай жойбар бир ўақыттың өзинде Жаңа Ташкентте де басланыўы режелестирилип атырғанын айтты.
Ташкент қаласы ҳәкими Шавкат Умурзақовтың Санкт-Петербург вице-губернаторы Николай Линченко басшылығындағы делегация менен ушырасыўы болып өтти.
Бул арқалы қала қурылысы субъектлери, қурылыс мүддетлери, қала қурылысы ҳүжжетлери ҳәм тастыйықланған экспертиза жуўмақлары ҳаққындағы мағлыўматларды алыў имканияты жаратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов ҳәм Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығы И.Сдиковтың басшылығында республикамыздағы қурылысқа байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Бул орын районның «визитка» қағазына айландырылыўы нәзерде тутылмақта.
Бул бойынша Президенттиң тийисли пәрманы қабыл етилди.
Орынларда депутатлардың халық пенен ушырасыўлары, белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыў барысын үйрениў, қадағалаў илажлары даўам етпекте.