2025-жыл 4-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң кеңесгөйи Абдулла Ҳошимов Union de Banques Arabes et Françaises (UBAF) компаниясы ўәкиллери - регионаллық директорлар Оливье Гризар ҳәм Оливье Топуз пенен ушырасыў өткерди.
16-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде министр Лазиз Қудратовтың Франция раўажланыў агентлигиниң (ФРА) Орайлық ҳәм Шығыс Азия бойынша регионаллық директоры, Қытай бойынша директоры Амели Обер менен ушырасыўы болып өтти.
29-сентябрь күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Францияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси лаўазымына кирискен Уалид Фук пенен ушырасты.
Туризм бойынша комитет баслығы Умид Шадиев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Парижде болып өтип атырған Европаның ең ири халықаралық туризм көргизбелеринен бири - «IFTM Top Resa»да қатнаспақта.
"Ўзатом" агентлиги директоры Азим Ахмедхаджаев Франция Экономика, қаржы, санаат ҳәм санлы суверенитет министрлиги жанындағы Ядро мәселелери бойынша регионаллық кеңесгөйи Александр Горбачёв ҳәм Францияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Уалид Фук пенен ушырасты.
Денсаўлықты сақлаў министри Асылбек Худаяров Францияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Уалид Фук ҳәм Франция делегациясына басшылық етип атырған Европа ҳәм сыртқы ислер министрлигиниң медициналық хызметлер экспорты бойынша арнаўлы ўәкили Жорж-Фабрис Блум менен ушырасты.
Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов 4-сентябрь күни Францияның Ташкенттеги жаңадан тайынланған елшиси Уалид Фуктың исеним жарлықларының нусқаларын қабыллады.
2025-жыл 13-августта Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов өзиниң Өзбекстандағы дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Франция Республикасының Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Орелиа Боучез пенен ушырасыў өткерди.
Францияға мәмлекетлик сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Париж қаласының мэри Анн Идальго менен ушырасты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-март күни Париж қаласындағы Бурбон сарайында Франция Миллий мәжилисиниң Баслығы Яэль Браун-Пиве менен ушырасыў өткерди.