Қазан қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Минниханов пенен ушырасты.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан бирге ислесиўинде жаратылған "Мақтымқулы пырағы" фильми Қазан қаласында болып өткен "Алтын минбер" ХХI халықаралық кинофестивалында "Россия - Ислам дүньясы" бағдарламасының дипломы менен сыйлықланды.
Сапар етиў шеңберинде Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Минниханов "Шыршық" технопаркиниң жумысы ҳәм инфраструктурасы менен танысты.
Усы жылдыӊ 25-30-ноябрь күнлери Татарстан Республикасыныӊ Қазан қаласында түркий ҳәм шығыс халықларыныӊ “Қазанда Шығыс базары” халықаралық фестивалы болып өтти. Фестивальға қарақалпақстанлы көркем өнер шеберлери, өнерментлер, художниклер ҳәм туроператорлар қатнасты.
Татарстан пайтахтындағы "Қазандағы Шығыс базары" халықаралық миллий мәденият фестивалы жуўмақланды.
Алдын хабар еткенимиздей, жақында Қарақалпақстанның мәденият ҳәм туризм ўәкиллеринен ибарат делегация ағзалары Татарстан Республикасына барған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - туризм ҳәм мәдений мийрас министри Расул Зарикеев басшылығындағы делегация Қазан қаласына сапары даўамында Татарстан Республикасы баслығы Рустам Минниханов тәрепинен қабыл етилди.
Россияның Қазан қаласында 25-30-ноябрь күнлери "Восточний базар в Казане" ("Қазанда шығыс базары") халықаралық фестивалы өткериледи.