Президент Шавкат Мирзиёев 20-октябрь күни Ислам цивилизациясы орайына барып, бул жердеги экспозициялар арқалы халқымыздың бай тарийхый ҳәм руўхый мийрасын кеңнен көрсетиўге қаратылған жумыслар менен танысты.
Бул үлкен ҳәм сийрек ушырасатуғын жойбар Өзбекстан Президентиниң 2017-жыл 23-июньдеги қарарына муўапық басланып, 2018-жылғы Рамазан ҳайыты күни оның тырнағы қаланған еди. Бүгинги күнде қурылыс жумыслары жуўмақлаўшы басқышқа кирген.
Бул ҳаққында Франция Жоқары изертлеўлер орайының профессоры Карим Ифрак Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы менен онлайн ушырасыўда мәлим етти.
Пайтахттың ески қала бөлими, атап айтқанда, Ҳәзирети Имам (халық арасында Хастимом) мәҳәллеси әтирапында жасайтуғын халық соңғы жыллары аймақта әмелге асырылып атырған өзгерис ҳәм дөретиўшилик жумысларын қанаатланыўшылық пенен қабыл етпекте. Тар ҳәм тығылыс көшелер кеңейтилип, ески ҳәм уныраған жайлардың орнына заманагөй комплекслер бой тиклеп атырғанынан, тарийхый аймақ бурынғысынан да тартымлырақ болып, көп санлы зыяратшыларды өзине тартып атырғанынан қуўанбай бола ма?