«Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» республикамызда жақсы жаңалықлар, тараўларда жаңа басламалар менен басланбақта. Орынларда алып барылып атырған кең көлемли жумыслардың тийкарғы бағдары халықтың жақсы жасаўы ушын қолайлықлар жаратыўға қаратылған.
Ташкент-Әндижан төлемли автомобиль жолын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жойбарлаў, қурыў, қаржыландырыў, басқарыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў режелестирилмекте.
Шоманай районындағы “Әмиўдәрья” көшесинде Хорезм ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде 1,2 километрлик узынлықтағы қара қапламалы асфальт төсеў ушын жумыслар басланды.
Республикамызда алып барылып атырған кең көлемли реформалар қатарында жолларды қайта қурыў ҳәм оңлаў жумыслары нәтийжели алып барылып, автомобиль басқарыўшыларға қолайлықлар жаратылмақта.
Елимизде басқа тараўлар қатарында жол қурылысы тараўында да кең көлемли реформалар алып барылмақта. Әмелге асырылып атырған ўазыйпалар қатарында ишки хожалық автомобиль жолларын жаңадан қурыў ҳәм қайта оңлаў бойынша жумыслар итибарға ылайық.