Усы жылдың 25-март күни Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң (ЕТРБ) Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Анди Аранитаси менен ушырасыў өткерди.
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Уллы Британияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тимоти Смарт пенен ушырасты.
Усы жыл 19-мартта Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде АҚШ Конгресси Ўәкиллер палатасының Батыс Виржиния штатынан ағзасы Керол Миллер менен ушырасыў болып өтти.
Усы жылдың 18-март күни Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Венгрияның «OTP Group» концерни делегациясы менен ушырасыў өткерди ҳәм топар қурамына киретуғын компания менен ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў бойынша бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминде қатнасты.
Усы жылдың 15-март күни инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Қазақстан Республикасы Саўда ҳәм интеграция министри Арман Шаккалиев пенен сөйлесиўлер өткерди.
Усы жыл 10-мартта Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Өзбекстан Республикасы ҳәм Франция раўажланыў агентлиги (FTA) арасындағы 6 жыллық мәсләҳәтлесиўлерде қатнасты. Ушырасыўда, сондай-ақ, FTA, Proparco ҳәм Expertise France ўәкиллери, жетекши экспертлер ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы өз-ара саўда көлемин 3 миллиард долларға жеткериў бойынша анық илажлар белгиленди.
Усы жылдың 11-12-февраль күнлери Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Бирлескен Араб Әмирликлеринде әмелий сапар менен болып, 2025-жылғы Пүткил жер жүзилик ҳүкиметлер саммитинде қатнасты.
Усы жыл 11-февральда Лаҳор қаласында Өзбекстан-Пакистан қатнасықлары тарийхында биринши мәрте «Made in Uzbekistan» миллий өнимлер көргизбеси өз жумысын баслады.
Усы жылдың 10-февраль күни Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм Қазақстан Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамқулов, сыртқы ислер министриниң орынбасары Алибек Куантиров ҳәм саўда ҳәм интеграция министриниң орынбасары Қайрат Төребаев арасында ушырасыў болып өтти.