Атап өтилиўинше, бул арқалы аймақлардағы автомобиль жолларында жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, айырым елатлы пунктлерден тысқарыда автомобиллердиң тезлигин азайтыў мақсет етилген.

Ҳәким қарары менен Ташкент ўәлаяты ЖҲҚБның ўәлаят аймағында жайласқан 37 жол бөлеклериндеги айырым елатлы пунктлерден тысқарыда автомобиллердиң тезлигин саатына 100 километрден 80 километрге шекем азайтыў ҳаққындағы усынысы мақулланды.

Ўәлаят автомобиль жоллары бас басқармасына машиналардың тезлиги азайтылып атырған аймақлардан тысқарыда жайласқан улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларына 3.24 "жоқары тезлик шекленген" жол белгилери әмелдеги талаплар тийкарында бес күн мүддетте орнатылыўын тәмийинлеў тапсырылды.

Ўәлаят ЖПХБ тезлиги азайтылып атырған елатлы пунктлерден тысқарыда шекленген тезликте автомобиллер ҳәрекетлениўин қадағалаў ушын жеке жуўапкер етип белгиленди.