Қабулда Өзбекстан-Аўғанстан бизнес-форумы ҳәм "В2В" тәризиндеги ушырасыўлар шөлкемлестирилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Форумның ашылыў мәресиминде Аўғанстан жуўапкерлери шығып сөйлеп, "Термиз халықаралық саўда орайы", Қабул ҳәм Мозори-Шариф қалаларында "Өзбекстан саўда үйлери" ашылғанын атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасындағы саўда-экономикалық қатнасықлардың жедел раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди, аўған исбилерменлерине жаратылып атырған жеңилликлер ушын Өзбекстан басшылығына миннетдаршылық билдирилди.
Рәсмий илаждан соң 96 өзбекстанлы ҳәм 110 аўғанстанлы исбилерменлердиң қатнасыўында бизнес-форум ҳәм "В2В" ушырасыўлар шөлкемлестирилди.
Сөйлесиў ўақтында азық-аўқат, электротехника өнимлери ҳәм қурылыс материаллары тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында еки мәмлекет исбилерменлери ҳәм компаниялары арасында улыўма баҳасы 45 миллион АҚШ долларына тең болған 16 келисимге қол қойылды.