Сыртқы ислер министрлигиниң мәлим етиўинше, БАӘдеги ҳәр қыйлы аэропортлар арқалы мәмлекет аймағына кирип киятырған сырт еллилердиң, соның ишинде Өзбекстан пуқараларының тексериўлери созылып атырған жағдайлар айрықша мониторинг етип барылмақта.
Ҳәзирги ўақытта пуқараларымыздың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ушын барлық илажлар көрилмекте. Мәмлекетимиздиң Абу-Даби қаласындағы елшиханасы ҳәм Дубай қаласындағы Бас консулханасы БАӘниң тийисли шөлкемлери менен бул мәселеде жедел сөйлесиўлер өткерди ҳәм жағдайды жақсылаў бойынша турақлы байланыста болып тур, - делинеди хабарда.
БАӘ тәрепиниң мағлыўматларына бола, мәмлекетте ҳәр қыйлы халықаралық илажлар мүнәсибети менен қәўипсизлик илажлары күшейтилгени себепли аэропортларда тексериў ўақытлары созылып кетпекте.
Ҳәзирги ўақытта пуқараларымызды тезлик пенен тексериўден өткериў ушын барлық имканиятлар жумсалған ҳәм нәтийжеде олар мәмлекет аймағына кирип келе баслаған, -дейди СИМ баспасөз хаткери Аҳрор Бурхонов.