Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди, Өзбекстан-Словакия көп қырлы бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланады.
Тийкарғы бағдарлар - саўда, инвестиция ҳәм инновациялар, аўыл хожалығы, санаат, энергетика, туризм тараўларында шерикликти кеңейтиўге айрықша итибар қаратылады. Шөлкемлестирилген мийнет миграциясы, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери көрип шығылады. Халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер, соның ишинде, көп тәреплеме майданларда өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша пикир алысылады.
Жетекшилер ушырасыўының жуўмағында Өзбекстан менен Словакия арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.
Сапар етиў шеңберинде Словакия Бас министри Роберт Фицо IV Ташкент халықаралық инвестициялық форумында да қатнасады.