30-июнь - Жаслар күнинде Ташкенттеги Халықаралық конгресс орайында мине усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында жигит-қызларды Жаслар күни менен қутлықлады. Балаларды жоқары дәрежеде оқытыў, сырт ел университетлерине таярлаў, жаслардың стартап ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әҳмийетли басламаларды алға қойды. Ушырасыўда жаслар менен ашық пикирлесиў болды.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев жасларға мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды.

- Жаслықтағы ҳәрекет бул - келешектеги жетискенлик дегени. Жаслықта арттырылған дос - өмирлик бирге ислесиўши, таяныш ҳәм сүйениш дегени. Ҳеш қашан умытпаң, перзентлери билимли, саламат, мәрт ҳәм батыр, бәрқулла алға умтылып жасайтуғын халықтың ҳәм мәмлекеттиң келешеги әлбетте жарқын болады. Мен пүткил Өзбекстан жаслары мине усындай пазыйлетлердиң ийеси болыўын тилеймен, - деди Шавкат Мирзиёев.

Сыйлықланғанлар мәмлекетимиз тәрепинен жасларға жаратылып атырған имканиятлар ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди, келешекте және де үлкен нәтийжелерге ерисип, халқымыздың исенимин ақлайтуғынын атап өтти.

Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, зыялылар, ата-аналар қатнасты.