Қуслардың самолётлар менен соқлығысыўының алдын алыўдың нәтийжели усылларынан бири лашынлардан пайдаланыў болып қалмақта.
Бул ушыў-қоныў жолында қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған орнитологиялық бақлаў системасының бир бөлеги болып есапланады, делинеди «Uzbekistan Airports» хабарында.
Атап өтилиўинше, аэропорт хызметкерлери қуслар топланған аймақларды бақлап, ол жерге үйретилген жыртқышларды жибереди. Лашынлар тәбийий қәўип сыпатында ҳәрекет етип, басқа қусларда қорқыў пайда етеди ҳәм оларды қәўипли зонадан шығып кетиўге мәжбүр етеди.
Жылдың ҳәр қыйлы мәўсимлеринде ҳәр қыйлы қуслар менен ислеўге туўра келеди: жазда киши, қыста болса үлкен қуслар пайда болады. Әсиресе ғарғалар жүдә ақыллы, олар сес ямаса визуал қорқытыў қуралларына тез бейимлеседи. Бирақ суңқарлардан мудамы қорқады - олардың инстинкти жыртқышты итибарсыз қалдырыўға болмайтуғынын айтады.
Соның ушын бул биометод аэропорт аймағында орнитологиялық ҳәдийселер қәўпин азайтыўдың ең нәтийжели усылларынан бири болып қалмақта.