Өткен жыллары шөлкемлестирилген еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарында экспортқа қаратылған көплеген жойбарлар әмелге асырылды. Алыс ҳәм шетки аймақларда көплеген ўатанласларымыз жумыслы болды.
Президентимиздиң усы жыл 4-марттағы "Арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналары жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы бул бағдардағы реформалардың гезектеги басқышының басланыўына ҳуқықый тийкар болды.
Пәрманға муўапық, енди жаңадан шөлкемлестирилетуғын қәнигелестирилген зоналар тек ғана арнаўлы экономикалық зона ямаса санаат зонасы түринде шөлкемлестириледи. Арнаўлы экономикалық зоналардың жумыс ислеў мүддетине байланыслы шеклеўлер болса бийкар етиледи.
- III Ташкент халықаралық инвестициялық форумы ҳәм сырт ел инвесторлары кеңесиниң мәжилислеринде ерисилген келисимлер нәтийжесинде арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарының жумысын раўажландырыў бағдарында бир қатар нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў зәрүрлиги жүзеге келди, - дейди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги бөлим баслығы Учқун Худойқулов. - Бул пәрман сырт ел инвесторларын тартыўда елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыўға хызмет етеди. Тийкарғысы, пәрман менен арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарының жумысына анықлық киргизилди. Сондай-ақ, 2025-жылы арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгиленди. Атап айтқанда, арнаўлы экономикалық зоналарда 2,3 миллиард доллар муғдарындағы инвестицияларды өзлестириў, экспорттың баҳасын 1 миллиард долларға жеткериў, өндирис көлеминиң 4,3 миллиард долларға тең муғдарда болыўын тәмийинлеў ҳәм 12 мың турақлы жаңа жумыс орынларын ашыўдан ибарат.
Соның менен бирге, санаат зоналарында 800 миллион долларлық инвестицияны өзлестириў, экспорт көлемин 512,2 миллион, өндирис көлемин 1,8 миллиард долларға жеткериў ҳәм 17 мың жаңа турақлы жумыс орынларын жаратыў нәзерде тутылмақта.
Арнаўлы экономикалық зоналар экспортқа бағдарланған жойбарларға қәнигелескен болады. Майданы оралған арнаўлы экспорт зонасы түринде де шөлкемлестирилиўи мүмкин. Арнаўлы экономикалық зоналардағы ҳәр қыйлы қатнасты бирдей етиў мақсетинде әмелде шөлкемлестирилген бес түрдеги экономикалық зоналар буннан былай тек ғана арнаўлы экономикалық зоналар сыпатында шөлкемлестириледи. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздеги 40 қа шамалас арнаўлы экономикалық, еркин экономикалық, шегара алды, арнаўлы санаат зоналары ҳәм технопарклер енди тек ғана арнаўлы экономикалық зоналар сыпатында жумыс алып барады.
Арнаўлы экономикалық зоналар белгиленген шегараларға ийе ҳәм арнаўлы ҳуқықый, салық ҳәм бажыхана режими енгизилиўи мүмкин болған жер майданында экспортқа қолайлы, жоқары технологиялық жойбарларды әмелге асырыў ушын шөлкемлестириледи.
- Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, санаат зоналарын басқарыў дирекцияларына бир қатар ўәкилликлер берилди, - дейди Учқун Худойқулов. - Ҳәзирги күнге шекем әмелде аукционға жер майданларын шығарыў, жойбар миннетлемелерин белгилеў имканияты жоқ еди. Бул болса, өз гезегинде, потенциаллы исбилермен ҳәм инвесторларды таңлаў, жойбарларды өз ўақтында иске қосыўда бир қатар қыйыншылықларға себеп болып атырған еди.
Енди жер участкалары, имарат ҳәм объектлерди инвестициялық миннетлемелер ҳәм мүддетин белгилеген ҳалда онлайн аукционға шығарыў санаат зонасы дирекциясы тәрепинен әмелге асырылатуғын болды. Бул болса санаат зонасы дирекциясының кадастр, қурылыс бөлими ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен байланыслы бир қатар машқалаларын шешеди ҳәм жер бериў тәртибин әпиўайыластырады.
Буннан тысқары, жерди баҳалаў механизмлери де базар баҳасынан келип шығып Жер кодексине тийкарланып белгиленеди. Усы ўақытқа шекем бул процесс аукцион арқалы әмелге асырылып келинген.
Жер участкалары онлайн аукционға кеминде 10 жыл ижара мүддети менен, инвестициялық миннетлемелер орынланғаннан соң меншиклестириў ямаса ижара мүддетин созыў шәрти менен шығарылады.
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги арнаўлы экономикалық зоналарды басқарыў бойынша ўәкилликли уйым болады. Санаат зоналары болса жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен басқарылады ҳәм олардың жумысы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен муўапықластырылады.
Наманган ўәлаятында "Наманган" арнаўлы экспорт зонасы шөлкемлестириледи. 2025-жыл 1-июньнен арнаўлы экономикалық зоналардың қатнасыўшылары тәрепинен өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм экспортқа реализациялаў ушын пайдаланылатуғын импорт шийки зат, материал ҳәм комплектлеўши бөлеклерди бажыхана төлемлерин төлемеген ҳалда "товарларды бажыхана аймағында қайта ислеў" бажыхана режимине жайластырыў арқалы оларды бажыхана рәсмийлестириўинен өткериў әмелияты жолға қойылады.
2028-жыл 1-январьға шекем арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарының дирекциялары жер салығы бойынша есапланған сумманың бир проценти муғдарында олар тәрепинен ижараға берилген жер майданлары ушын төлемди әмелге асырады.
Пәрман менен буннан былай шөлкемлестирилетуғын барлық арнаўлы экономикалық зона мәмлекет мүлки болған жер майданында қурылады. Алдын бундай зоналар фермер хожалықларына тийисли ямаса бир кәрхана қарамағындағы жерде шөлкемлестирилген. Енди бундай әмелиятқа шек қойылмақта.
Жаңа арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналары тек ғана инфраструктура бар болған ямаса оның менен тәмийинлеў экономикалық тийкарланған, финанслық нәтийжелилиги есапланған бизнес реже ҳәм мастер реже тийкарында аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерде шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.
Пәрманның мәниси арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарының жумысын буннан былай да жетилистириўге қаратылған. Соның менен бирге, мәмлекетимиз аймақларының өндирислик, ресурс потенциалынан комплексли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыўға хызмет етеди.
Лутфулла СУВОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы