Таза меҳирдиң пәк булақлары

    Пикир 25 желтоқсан 2024 34

    Меҳир - гүл, меҳир - ғәзийне, меҳирли адам болса ең сүйикли адам, делинеди мүбәрек китапларда.

    1

    Меҳир - гүл, меҳир - ғәзийне, меҳирли адам болса ең сүйикли адам, делинеди мүбәрек китапларда. Патша, гедей, меҳирди сағынбаған, меҳирге мүтәж болмаған инсан болмаса керак бул жарық дүньяда. Булақ суўындай таза меҳир жүреклерди қуўанышқа бөлейди, қәлблерди гөззаллық ҳәм еркинликке, татыўлық ҳәм шынлыққа, ҳадаллық ҳәм батырлыққа шақырады.

    Социаллық қорғаўға мүтәж, майыплығы болған айырым адамларда болса таза меҳир ҳәм шын жүректен итибарға сағыныш ҳәм мүтәжлик күшли болады. Соның ушын, әлбетте, өзин, миллетин ҳүрмет еткен мәмлекетлерде мүтәж инсанларға айрықша меҳир-муҳаббат көрсетиледи, ғамқорлық көрсетиледи, жеңилликлер жаратылады, басынан сылайды.

    Биз, тилекке қарсы, узақ жыллар ол түўе ҳақыйқатқа итибар бермедик, мүтәжлер мийрим-шәпәәтимизге ынтық, зар болып өмир сүриўге мәжбүр болды. Жалаңашлық адамларды үйге киргизди, ашлық көшеде жүргизди. Майыплар қатарына шаңарақты басқарыўға қурбы жетпейтуғын камбағаллар қосылды, жумыссыз көшеде қалған жаслар қосылды, қызлар қосылды, ҳаял-қызлар қосылды. Дәслеп мыңға, кейин миллионларға айланып кетти. Думанлы турмыс қайғылары көпшиликти сырт елге алып кетти, гүлдей қызларымыз кимлердиңдир босағасын сыпырды, кирин жуўды, қазан-табағын жуўды, кемситилди, хорланды.

    2016-жылдың ақырына шекем қараңғы түн сыяқлы кеўиллерди езип-езип жүрген бул аянышлы көринис 2017-жылдың басынан баслап әсте-ақырын өзгере баслады. Шавкат Мирзиёевтиң келиўи менен жақтылық бағышлады, нур бағышлады, үмит оятты үмитсиз қәлблерде. Президент дәслепки қәдемлерин өзбек халқы ушын суў ҳәм ҳаўа сыяқлы зәрүр мәселе - халықты социаллық қорғаў машқаласына қаратты. Буның ушын, биринши гезекте, жумыссызлықты азайтыў керек еди. Жумыссызлықты азайтыў ушын жумыс орнын жаратыў, жумыс орнын жаратыў ушын төбелери тесилген, үскенелери тат басып кеткен санаат кәрханаларының орнына заманагөйлерин қурыў, қурыў ушын мәмлекетке сырт елден инвестиция киргизиў, инвестиция киргизиў ушын сырт ел исбилерменлерин, дүнья көлеминдеги абырайлы банк ҳәм қаржы системаларының исенимине ерисиў...

    Ески арқан сыяқлы шубатылып жатырған бир-биринен қурамалы ҳәм сан санақсыз бундай түйинлерди шешпестен мақсетке ерисиў қыйын еди. Ўақыт тез, заман жылдырым. Ҳәр дем, ҳәр күн ғәниймет. Ҳәр демнен, ҳәр күннен бир емес, еки емес, бес-он есе нәтийжели пайдаланыў, нәтийжеге ерисиў керек. Күн талабы сондай, турмыс талабы сондай.

    Президент бөлмеде отырмады, басқа министр ҳәм баслықларды да кабинеттен шығып, халықтың ишине кириўге шақырды. Орынларда Президент қабыллаўханалары шөлкемлестирилди. "Темир дәптер", "Жаслар дәптери", "Ҳаял-қызлар дәптери" сыяқлы пүткиллей жаңа системалар пайда болды. Исбилерменлик, бәнтлик, кәмбағаллықтан шығарыўға үлкен қаржы ажыратылды. Жас әўладтың қәлби ҳәм санасына ана ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, тыныш ҳәм татыў турмыстың қәдирин жеткериў және миннетдаршылық сезимлерин терең сиңдириў мақсетинде нураныйлар, имам-хатиблер, мәҳәлле белсендилеринен ибарат ақсақаллар кеңеси ҳәм ата-аналар топарлары дүзилди. Орынларда, мәҳәллелерде көше хызметлери көбейтилди. Адамлар қыйтақ жерде ислеп, үйинде ислеп, дәрамат табыўды үйренди. Қәдди тик, билеклери күшли жигитлерге гектарлап жер берилди.

    Сингапур, БАӘ, Қытай сыяқлы мәмлекетлер буннан 50-60 жыл алдын тап усындай жол тутқан еди. Жер ҳәм мүлкке ийелик ҳуқықының берилиўи адамларға күш берди, ертеңги күнге исеним бағышлады. Өзбекстан басламалар, жаңалықлар майданына айланып баслады. Бүгин, арадан 6-7 жыл өткеннен соң, ашығын айтыў керек, бундай ҳәрекетлерден нәтийже шығатуғынына исенгенинен көре исенбегенлер, гүманланғанлар көп еди...

    2

    Данышпан Шығыста усындай ҳикметли сөз бар: "Патша әдил болса, журт озар".

    Ҳәм әдил, ҳәм ел сүйген Карўанбасының мийрими болса музлықларды - тас жүреклерди еритиўи, жәмийетти өзгертиўи, халықты оятыўы, толқынландырыўы, руўхландырыўы, излеўге, жаратыўға илҳамландырыўы мүмкин екенлиги жүдә қысқа ўақыт - тек ғана 6-7 жылда өз дәлилин тапты.

    Социаллық дәптерлер себепли мың-мыңлаған ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер жумыслы болды, үйли-жайлы болды, кеўли тыныш болды. Шетки үлкелерде сарғайған, хорланып жүрген жигит-қызлар шаңарағы қушағына, ата-ана қушағына қайта баслады. Кеше ғана менсинбей жүргенлер енди мәмлекетимиздеги өзгерислерден ҳайран болып атыр. Ақыры, 2020-жылы 7,5 миллион ямаса 23 процент халықтың дәраматы кәмбағаллық дәрежесинен де төмен болған ҳалда бул көрсеткиш 2023-жылға келип 11 процентке түсиўи ямаса өткен үш жылда 3,5 миллион адамның кәмбағаллықтан шығыўы кимди таң қалдырмайды! Соның менен бирге социаллық қорғаў қамтып алыўы 4,5 есеге кеңейтилип, бир жылдың өзинде 12,3 триллион сумға жетти. Пенсия ҳәм напақалардың муғдары да 1,5 есеге көбейди.

    Енди бир жыл ишинде әмелге асырылған мине усы санларға итибар қаратамыз: мәҳәлледе кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм исбилерменлик жойбарларына 35 триллион сум арзан кредит, 7 триллион сум субсидия берилди. Мәҳәллелерди абат етиў, бақша, мектеп, медицина, жол, суў ҳәм электр инфраструктурасы ушын 120 триллион сум ажыратылды. 260 мың гектар жер 800 мың халыққа дийқаншылық етип, дәрамат табыў ушын тарқатылды.

    Нәтийжеде 2020-жылдан берли 3 миллион сумнан 5 миллион сумға шекем айлық алатуғын жумысшылар 2 есеге, 5 миллион сумнан 7 миллион сумға шекем айлық алатуғынлар болса 3 есеге көбейди. Бир жыл ишинде 3 миллион 300 мың халық турақлы дәраматқа ийе болды. Кәмбағаллардың саны ҳәр жылы 3 проценттен қысқарып, рәсмий бәнт болғанлардың саны биринши мәрте 10 миллион 500 мыңға жетти.

    "Инсан - жәмийет - мәмлекет" принципи тийкарында "Кәмбағаллықтан абаданлыққа" бағдарламасы қабыл етилгени ҳәм оған бола 2025-жылы 1 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм кәмбағаллық дәрежесин сезилерли түрде азайтыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленгени болса инсанды және де қуўандырады.

    Жалпы ишки өнимимиз көлеми 2 есеге көбейип, биринши мәрте 100 миллиард доллардан артқаны жүреклерди мақтаныш сезимлерине толтырады. Мақсет - келеси бес жылда бул санды 160 миллиард долларға жеткериў!

    Реформалар ҳәм түпкиликли өзгерислер жедел пәт пенен даўам етип атырған, жаңалықлар ҳәм басламалар орайына айланып атырған жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессанс идеясы дүньяға келди. Дүньяның ең абырайлы әнжуманлары, мәмлекет басшыларының ушырасыўлары, дүнья машқалаларына байланыслы халықаралық мәжилис ҳәм мәсләҳәтлер өткерилетуғын болды әййемги Самарқанд ҳәм Ташкент, Бухара ҳәм Хийўада. Өзбекстан дәрўазалары дүньяға, дүнья дәрўазалары Өзбекстанға кең ашылды. Досларымыз, шериклеримиз қатары кеңейип барды.

    Усы жерде айырым факт ҳәм ўақыяларды еске алайық. Итибар бериң, соңғы 7 жылда Өзбекстанның басламалары тийкарында БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 10 дан аслам резолюция қабыл етилди. 26-февраль күни БМШтың Нью-Йорк қаласындағы бас резиденциясында Бас Ассамблея тәрепинен "2027-жыл - Халықаралық турақлы ҳәм жасаўшы туризм жылы" резолюциясының бир даўыстан мақулланғаны солардың бири болып есапланады. Өзбекстан алға қойған бул ҳүжжетке 80 нен аслам ағза мәмлекет биргеликте авторлық етти.

    Президентимиздиң 2023-жыл октябрьде Самарқандта болған Жәҳән туризм шөлкеми Бас Ассамблеясының сессиясында туризм тараўының жаңа машқалалар ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлер алдында турақлылығы және бейимлесиўшеңлиги ҳаққында билдирген пикирлерине тийкарланған бул ҳүжжетте түрли цивилизациялар дәўиринде жаратылған мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, тынышлық ҳәм кеңпейилликти беккемлеў, халықлардың қәдириятларын ҳүрмет етиў сыяқлы дүнья жүзилик пикирлер баян етилди. Экспертлер бул резолюцияны туризм санаатының глобал дәрежеде жаңа басқышқа көтерилиўине себеп болған баҳалы ҳүжжет, деп баҳалады.

    Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының 9-август күни болып өткен Мәсләҳәт ушырасыўында Орайлық Азияны турақлы раўажландырыў бағдарламасы ортаға тасланды. Трансшегаралық дәрьялардың суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўдың регионаллық стратегиясын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў усынысы билдирилди. Бул идеялардың авторы да Өзбекстан еди, Өзбекстан Президентиниң тек ғана Өзбекстанға емес, ал дүнья халқына болған шын кеўилден меҳир-муҳаббаты еди.

    3

    Таза булақлардан суў ишкен шынарлар үлкен жартаслардай күшли болады. Мийрим булағынан суў ишкен жүреклер болса үлкен дәрьялар сыяқлы қуўаныш сезимлерине толып-тасады, таўланып жайнайды.

    Азияның Япония, Қубла Корея, Тайван сыяқлы мәмлекетлеринде болғанындай, социаллық әдиллик моделлери Өзбекстанда да мәмлекетлик сиясатқа айланғанын қуўаныш пенен айтыў керек.

    Бул принцип Өзбекстан Конституциясының 14-статьясында айрықша белгилеп қойылған: «Мәмлекет өз жумысын инсан абаданлығын ҳәм жәмийеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде нызамлылық, социаллық әдиллик ҳәм тилеклеслик принциплери тийкарында әмелге асырады».

    Бирақ, ҳәр қандай идея избе-излик пенен турмысқа енгизилмесе, ол тек ғана тартымлы сүрен сыпатында қалып кетиўи мүмкин. Мың қәтле шүкирлер болсын, Президентимиз турақлы түрде, избе-излик пенен бул жумысларға өзи басшылық етип тур. Социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға көрсетилип атырған шексиз ҳүрмет-иззетти ҳәр күни көрип, сезип турмыз.

    Усы жылдың 13-декабрьинде социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы және бир мәрте бул мәселеге және де тереңирек қатнас жасаў, жәрдемге мүтәж ўатанласларымызға ҳәр қашанғыдан да көбирек меҳрибанлық етиў зәрүр екенлигин атап өтти. Социаллық мәмлекет мәниси турақлы түрде турмысымызда өз орнын таўып атырғаны себепли, әлбетте, меҳир ҳәм жәрдем системасы қуўанышлы нәтийжелер бермекте.

    Пикиримиз қурғақ болмаўы ушын айырым санларға мүрәжат етемиз. 2024-жылы елимиздиң барлық аймақларында "Инсан" социаллық хызметлер орайлары ашылды ҳәм мәҳәллелерде 102 социаллық хызмет жолға қойылды. Социаллық хызметкерлер үйме-үй жүрип, және 95 мың мүтәж адамға социаллық жәрдем көрсетти, майыплығы болған 26 мың пуқараға протезлер берилди, 4 мыңға шамалас жалғыз кекселерге үйде қараў хызмети шөлкемлестирилди.

    Соның менен бирге, майыплығы болған 5 мыңға шамалас бала мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеплерге жайластырылды. 30 мың бала бақша, дөгерек ҳәм кәсип-өнерге оқытыў менен қамтып алынды. 45 мың мүтәж пуқараға медициналық жәрдем көрсетилди.

    Кәмбағал шаңарақ перзентлерин шет тили, IТ ҳәм кәсип-өнерге оқытыў ушын қосымша имканият жаратылды. Келеси жылы 1-мартқа шекем дөгереклер ашыў арқалы кәмбағал шаңарақлардағы 118 мың жасты оқытыў белгиленди. 2025-жылы 3,5 мың жас жоқары оқыў орынларына грант тийкарында қабыл етиледи. Майыплығы болғанларға берилетуғын протез ҳәм реабилитация қуралларының дизими 18 ден 30 ға, қаржысы болса 1,5 есеге арттырылады ҳәм сол тәризде 100 мың адамның мүтәжлиги тәмийинленеди. Бул дизимге және 7 түрдеги қурал қосылады.

    Майыплығы болған шахслар жәмийетимиздиң толық ағзасы сыпатында исеним ҳәм үмит пенен жасаўы жолында исленип атырған жумыслардың көлеми булар менен шекленбейди.

    Енди ҳәр бир районда биреўден бақшаларда инклюзив билимлендириў топары ашылады. Ҳарекети шекленген балалардың мектепке келип-кетиў қәрежетиниң 75 процентин қаплаў системасы енгизиледи. 1-сентябрьге шекем 954 мектепте инклюзив класс шөлкемлестирилип, және 1800 майыплығы болған баланың оқыўына шараят жаратылады.

    Және: 1-январьдан майыплығы болған жумысшыларға социаллық салық 1 процент етип белгиленеди. Кәрханаларға сурдо аўдармашы, психолог ҳәм көзи әззилерге жәрдем көрсетиў хызметиниң қәрежети ушын 50 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады. Бундай адамларды жумысқа жайластырған жеке меншик бәнтлик компанияларына 500 миллион сумға шекем грант бериледи.

    Жақынға шекем мүтәж халық түрли социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди алыў ушын жергиликли ҳәкимликлер ямаса жергиликли уйымларға барыўы, онлаған ҳүжжетлерди жыйнаўы, бир неше жерге мүрәжат етиўи шәрт болған. Бундай қағазпазлық ҳәм әўерегершиликлерге шек қойылады. Мәмлекетимизде биринши мәрте социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў мақсетинде "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" АК қурамында "Инсан" АК ҳәм Е-саsе электрон модуллери ислеп шығылды. Усы жылы 3,6 миллион шахс социаллық орайлар тәрепинен қамтып алынып, оларға 1,9 миллион социаллық хызмет көрсетиледи.

    Және: усы ўақытқа шекем 10 нан аслам ҳүжжетти алып жүриўге мәжбүр болған майыплығы болғанларға енди олардың орнын басатуғын "социаллық карта" енгизиледи. Оның менен жәмийетлик транспортта бийпул жүриў, электр, газ ҳәм оқыў қәрежетине компенсация алыў мүмкин. Напақа ҳәм жәрдем пуллары да усы картаға түседи. Булардан тысқары, және 72 түрдеги социаллық хызмет, 76 түрдеги жәрдем ҳәм 200 ге шамалас жеңиллик бирден-бир электрон системада улыўмаластырылады, ҳәр бир шаңарақтың мүтәжликлери менен имканиятларын сәўлелендиретуғын "социаллық санлы паспорт" енгизиледи.

    Социаллық қорғаўға мүтәж, еситиў ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған инсанлар жәмийеттиң толық ағзасына айланыўы және турмыста өз орнын табыўына жәрдемлесиў бағдарында да бир қатар ибратлы жумыслар әмелге асырылмақта. Бундай инсанлардың саўатлылығын арттырыў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде 2022-жылы Президентимиздиң "Өзбек има ишарат тили ҳәм Брайл әлипбесин раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары жәрияланған еди. Бул қарардан соң Ташкенттеги Вебстер университетинде 6 айлық бийпул има ишара курслары шөлкемлестирилди, оларға бийпул сабақлықлар тарқатылды.

    Сақаў балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернатларға маман педагогларды таярлаў, оларға методикалық жақтан әмелий жәрдем көрсетиў, еситиў ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған инсанлар менен тосқынлықсыз пикирлесиў, ишара тилинде сөйлесиў сыяқлыларға айрықша итибар қаратылмақта.

    Ҳәр бир қуўанышлы өзгерис, ҳәр бир жаңалық мыңлаған, миллионлаған инсанлардың руўхын көтереди, илҳамландырады. Бундай саўаплы ислерди өлшеў ямаса тәрезиде тартып көриў мүмкин емес.

    Әҳмийетлиси, ҳәр бир санның артында мың-мыңлаған ўатанласларымыздың разылығы, ертеңги күнге исеними, ана Ўатанға муҳаббаты сәўлеленип тур. Мәмлекеттиң халқымызға болған ашық-айдын меҳиринен ибарат таза булақлар болса күни-түни қайнап турады...

    Абдусаид КЎЧИМОВ,

    сенатор