Өзбекстанда 1-январьдан қандай өзгерислер күшке кирди?

    1 қаңтар 2025 2276

    Өзбекстан нызамшылығында 2025-жыл 1-январьдан бир қатар өзгерислер ҳәм жаңалықлар күшке кирди.

    Төменде усы сәнеден күшке киретуғын тийкарғы өзгерислер көрсетилди.

    Ҳәкимликлерге жаңа ўәкилликлер берилди

    Район (қала) лардың ҳәкимликлерине төмендеги бағдарларда ҳәкимшилик ўәкилликлер берилди:

    мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм исбилерменлер арасында "турақлы байланыс" системасын жаратыў мақсетинде район (қала) ларда Исбилерменлер жәмийетлик кеңесин дүзиў;

    2025-жыл 1-январьдан белгиленген министрликлер ҳәм уйымлардың район (қала) лық бөлимлериниң басшыларын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық басқармалары менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў, сондай-ақ, тийисли жуўапкерлерге хошаметлеў ямаса интизамый жуўапкершиликке тартыў илажларын көриў;

    2025-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем белгиленген дизим бойынша район (қала) ларда ҳуқықый эксперимент сыпатында район (қала) ҳәкимлигиниң жумысын "Халық ҳәм исбилерменлердиң мәплерине хызмет етиў" жаңаша қатнас тийкарында шөлкемлестириў.

    Ташкентте автобус ҳәм метрода нақ пул түриндеги жол ҳақы баҳасы артты

    Пайтахт жәмийетлик транспорты жөнелислеринде (автобус ҳәм метрополитен) бир жолаўшы қатнаўы ушын шекленген тариф - 3 000 сум етип белгиленди. Онда төлем электрон төлем системасы (транспорт ямаса банк картасы) арқалы әмелге асырылғанда ҳәзиргидей өзгериссиз қалады - 1 700 сум. Барлық автобуслар салонында жол ҳақысын нақ пулда алыў әмелиятынан ўаз кешиледи. Нақ пул арқалы автобусларда ҳәрекетлениў ушын Ташкент қаласындағы бәндиргилерде ҳәм олардың әтирапында орнатылған барлық төлем қурылмалары яғный, Пайнет, МултиПай ҳәм Осон инфокиосклары арқалы QR -кодлы бир мәртелик билет сатып алыў керек болады.

    Мәмлекетлик мәденият мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң хызметкерлериниң мийнет ҳақысы арттырылады

    "Мәденият ҳәм көркем өнер, мәлимлеме-китапхана ҳәм музейлер тараўында жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң мийнет ҳақы муғдарларын арттырыў ҳаққында"ғы президент қарарына бола, мәмлекетлик мәденият мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң хызметкерлериниң мийнет ҳақысы 2025-жыл 1-январьдан баслап 20 процентке арттырылады.

    Айырым педагогларға қосымша үстеме төленеди

    2025-жыл 1-январьдан баслап Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде ана тили ҳәм әдебият және тарийх пәнлери бойынша Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги сертификатқа ийе болған ҳәм усы пәнлерден сабақ беретуғын педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

    Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик бақшаларға жеңиллетилген тийкарда қабыл етиледи

    "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллетилген тийкарда қабыл етиледи.

    Шығындыдан қарыздарлық бойынша ескертилгеннен кейин төлемегенлердиң электр ушын төлемлерин қабыл етиўди ўақтынша шеклеў әмелиятының үшинши басқышы күшке кирди

    Президент пәрманы менен бул әмелиятты үш басқышта енгизиў белгиленген еди:

    1-басқышта Ташкент ҳәм Нөкис қалалары және ўәлаят орайларында 2024-жыл 1-июньнен 6 айлық қарыздарлық ушын;

    2-басқышта - республиканың барлық аймақларында 2024-жыл 1-ноябрьден баслап 3 айлық қарыздарлық ушын;

    3-басқышта республиканың барлық аймақларында 2025-жыл 1-январьдан 1 айлық қарыздарлық ушын.

    "2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызам күшке кирди

    Нызам 2025-жыл ушын Өзбекстанның консолидацияласқан бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынлаўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салады. Онда қәрежетлердиң социаллық бағдарланғанлығы сақлап қалынған.

    ҚҚС ҳәм пайда салығы ставкалары арттырылмайды

    "Исбилерменлер ушын тең шараятлар ҳәм әдил бәсеки орталығын тәмийинлеў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында"ғы президент пәрманына бола, 2028-жылға шекем қосымша қун салығы ҳәм пайда салығы ставкалары арттырылмайтуғыны белгиленди.

    Сондай-ақ, 2025-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекем тигиў-трикотаж, аяқ кийим ҳәм былғары санааты бағдарларында өндирис жумысын алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ушын пайда салығы ҳәм өз хызметкерлери ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ставкалары 1 процент етип белгиленди.

    Айырым жер участкалары бойынша салық ставкасы 50 процентке азайтылады

    Жаңадан қурылып атырған бағлар, жүзимзарлар ҳәм тутзарлар ийелеген жерлер ушын юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын төлеўден азат етиў түриндеги жеңилликти бийкар еткен ҳалда, усы жер участкалары бойынша салық ставкасы 50 процентке азайтылады.

    Жолаўшыларды бирден-бир тарифлер бойынша тасыў хызметлерин көрсетиў айланысы және майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери бирден-бир қатнасыўшысы есапланған юридикалық шахслар тәрепинен реализацияланатуғын товарлар ҳәм хызметлер ушын ҚҚС бойынша жеңилликлер бийкар етиледи.

    Улыўма аўқатланыў кәрханаларына пайда салығы ставкасы 50 процентке азайтылды

    2028-жыл 1-январьға шекем улыўма аўқатланыў кәрханаларына пайда салығы ставкасы 50 процентке азайтылады. Сондай-ақ, улыўма аўқатланыў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлерге 2028-жыл 1-январьға шекем ҳәр айдың 25-сәнесине шекем төленген ҚҚСның бир бөлегин төмендеги муғдарларда республика бюджетинен қайтарыў системасы енгизиледи:

    Айлық товар айланысының нақ пулсыз бөлеги:

    60 проценттен жоқары болған улыўма аўқатланыў кәрханаларына - бюджетке төленген ҚҚСның 40 проценти;

    60 проценттен аз улыўма аўқатланыў кәрханаларына - бюджетке төленген ҚҚСның 20 проценти;

    туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлерин көрсетиўши исбилерменлерге - бюджетке төленген ҚҚСның 20 проценти.

    Исбилерменлер ушын айырым ҳәкимшилик жуўапкершиликлер бийкар етилди

    2025-жыл 1-январьдан төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик бийкар етилди:

    фискал белгилерди сәўлелендириў тәртибин бузыў;

    мәжбүрий санлы маркировкалаў белгиленген товарларды (өнимлерди) идентификация қураллары арқалы мәжбүрий санлы маркировкалаў қағыйдаларын бузыў;

    хизметкерлер санын жасырыў.

    Физикалық тәрепинен исбилерменлик жумысын жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтпестен әмелге асырғанлығы ушын финанслық жәрийма бийкар етилди.

    Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақ ағзасының жумысқа орналасқанда социаллық салық 1 процент ставкада төленеди

    Кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын напақа ҳәм материаллық жәрдем алыўшы шаңарақлардың рәсмий жумыссыз ағзалары жумысқа орналасқанда, өзин-өзи бәнт еткенде ямаса исбилерменлик жумысын жолға қойғанда бул напақа ҳәм материаллық жәрдемди олардың мүддети тамамланғанша, бирақ 6 айдан көп болмаған мүддетке төлеў даўам еттириледи.

    Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 1,5 есесинен кем болмаған айлық мийнет ҳақы төленген ҳалда жумысқа жайласқан Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақ ағзасы ушын социаллық салық үш жыл даўамында 1 процент ставкада төленеди.

    Кәмбағал шаңарақларға жәрдемлесиў илажлары социаллық шәртнама тийкарында мийнетке жарамлы шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў, өз қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў (егин егиў), шаңарақ ағзалары, соның ишинде перзентлериниң билим алыўы, кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйрениўи және денсаўлығын қадағалаўы, турақ жайын тазалық сақлаў сыяқлы шәртлер инабатқа алынған ҳалда көрсетиледи.

    Мийўе-овош жетистириўшилерди баҳалаў системасы енгизиледи

    Экономикалық жақтан нәтийжесиз, аз өнимдарлы бағ ҳәм жүзимзарларды жарамсыз деп табыў, олардың орнында интенсив бағ ҳәм жүзимзар жаратыў ямаса егислик жерлер категориясына өткериў ҳаққында жуўмақ қабыл ететуғын районлық (қалалық) комиссия тәрепинен экономикалық жақтан нәтийжесиз ҳәм аз өнимдарлы бағ ҳәм жүзимзарлар деп жуўмақ берилген сәнеден баслап 12 ай даўамында жаңа бағ ямаса жүзимзарлар жаратылмаған жағдайда усы бағ ҳәм жүзимзарлар жайласқан майданлар ушын жер салығы 3 есеге арттырылады.

    Баслама көтериўшилер жаңа бағларды қурыўда өз мүтәжликлери ушын сырт мәмлекетлерден белгиленген дизимдеги сабылған мийўели нәллер ҳәм аналық материаллары ҳәм техникаларды импорт етиўде қосымша қун салығы ҳәм бажыхана бажыларынан азат етиледи.

    Букмекерлик жумысын әмелге асырыўға рухсат етилди

    Интернет тармағында қәўипке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў жумысын ҳәм букмекерлик жумысын әмелге асырыўға рухсат етилди. Лотерея, интернет тармағында ойынлар ҳәм букмекерликти шөлкемлестириў жумыслары нызамшылыққа муўапық Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги тәрепинен берилетуғын лицензиялар тийкарында әмелге асырылады.

    Сондай-ақ, 5 жыл мүддетке лотерея және интернет тармағында ойынларды шөлкемлестириў жумысын ҳәм букмекерлик жумысын салыққа салыўдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртиби белгиленди:

    лотерея, интернет тармағында ойынларды шөлкемлестириў жумысын ямаса букмекерлик жумысын әмелге асырып атырған юридикалық шахслар лотерея, интернет тармағында ойынларды шөлкемлестириў жумысын ямаса букмекерлик жумысынан алынған жәми дәраматынан төленген жеңислер ҳәм қайтарылған ставкалар шегирилген ҳалда 4 процент ставкасында айланыстан алынатуғын салық төлеўшилер болып есапланады;

    физикалық тәреплердиң лицензиялар тийкарында өткерилетуғын лотереялар және интернет тармағындағы ойынлардан ҳәм букмекерлик гиреўинен алынған табыслар сыпатындағы дәраматлары дәрамат салығын төлеўден азат етиледи.

    Цирк тамашаларында жабайы ҳайўанлардан пайдаланыў қадаған етилди

    Министрлер Кабинетиниң "Жабайы ҳайўанларды сақлаў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары менен физикалық тәреплер тәрепинен ярым еркин шараятларда, жасалма жаратылған жасаў орталығында ямаса тутқынлықта сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанлардың дизими де тастыйықланған. Дизимге, атап айтқанда, жолбарыс, арыслан, гепард, ягуар ҳәм олардың барлық киши түрлери, горилла, шимпанзе, ири бүртик жыланлар семьясына тийисли барлық түрлер, атлардың барлық түрлери (үй атлары буған кирмейди) киргизилди.

    Үй қамағындағы шахслар ушын электрон браслет енгизиледи

    2025-жыл 1-январьдан баслап үй қамағының қәўипсизлик илажы қолланылған ҳәм еркинликти шеклеў жазасы тайынланған шахслардың қәўипсизлик илажы ҳәм жазаны орынлаў орнында болыўын реал ўақыт режиминде аралықтан турып қадағалаў тәртиби әмелиятқа басқышпа-басқыш енгизиледи.

    Миллий ўақыт шкаласы енгизиледи

    Өзбекстан миллий ўақыт шкаласы (UTC УЗ) енгизиледи. Ол Өзбекстанның анық ўақты сыпатында пайдаланылады

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates