"Чемпион" исбилерменлерге ҳәўесим келди

    Пикир 23 желтоқсан 2024 27

    Соңғы жыллары елимиздеги исбилерменлик орталығы, бизнес ийелери ушын жаратылған қолайлы ҳәм жеңиллетилген шараятлар исбилерменликке қол урыў тилегиндеги инсанлардың қатарын кеңейтпекте.

    Улыўма, ҳәзир исбилерменлер ҳаққында сөз болса, әтирапымыздағы онлаған адамларды биймәлел санап беремиз. Себеби, олар бурынғыдай жасырын ҳәм қорқып емес, ал ашық-айдын, тиккелей мәмлекет жәрдеминде, көплеген жеңилликлерден пайдаланған ҳалда мийнет етпекте. Экономика тармақларының раўажланыўы, аймақлардың раўажланыўы, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетимиз алдында турған ең тийкарғы ўазыйпалардан бири - кәмбағаллықты қысқартыўға үлес қоспақта.

    Елимизде жуўмақланып атырған 2024-жыл - "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы" өз аты менен ҳақыйқый исбилерменликти раўажландырыў дәўири болды. Буны санлар да, ерисилген нәтийжелер де көрсетпекте. Әҳмийетлиси, исбилерменлерде өзине исеним, өндирис ҳәм үлкен базарларға шығыўда жақсы тәжирийбе қәлиплести. Олар енди артқа қайтыў, жумысын тоқтатыўды емес, ал жумысын және де кеңейтип, дәраматын арттырыў, саўда айланысын жоқары суммаға алып шығыў ҳаққында ойламақта.

    Кирип киятырған жаңа жыл алдынан ерисилген нәтийжелерди жуўмақлаўда да ҳикмет бар. Және бул әмелият мәмлекет басшысының өзи менен болса, тараў ўәкиллерине және де күш береди. Усы жылы 20-декабрь күни Президентимиздиң елимиздиң жетекши исбилерменлери менен болып өткен ушырасыўын қызығыўшылық пенен бақладым. Бул мәмлекетимиз басшысының бизнес ийелери менен усы жылдың өзинде өткерген екинши ашықтан-ашық сөйлесиўи. Буннан алдынғы сөйлесиў, дәстүрге бола, 20-августта болып өткен еди. Сол ўақытта исбилерменлер тәрепинен онлаған усыныс ҳәм басламалар билдирилип, ортаға тасланған машқала ҳәм мәселелердиң шешими жаңа қарар, пәрманлар арқалы әмелиятқа енгизилди, бизнес ийелерине қосымша жеңиллик ҳәм қолайлықлар берилди.

    Бул ретки видеоселектор түринде өткен сөйлесиў тараўды қоллап-қуўатлаў бойынша артта қалып атырған жылдың жуўмағы ҳәм 2025-жылға мөлшерленген режелерди додалаўға бағышланды. Исбилерменлер менен бир жылдың өзинде екинши мәрте өткерилген ашықтан-ашық сөйлесиў сырт ел мәлимлеме басылымларының итибарынан да шетте қалмады. Атап айтқанда, Пакистанның бир қатар орайлық мәлимлеме агентликлери, электрон платформа ҳәм дәўирлик баспасөз бетлеринде илаж ҳаққында материаллар жәрияланған.

    Жергиликли басылымлар арқалы усы күнниң руўхын белсене бақлап турдық. Ушырасыў алдында мәмлекет басшысы шығып сөйлеп, исбилерменлерге өзиниң исенимин, ҳүрметин билдирди. Исбилерменлер избе-из шығып сөйлеп, жаңа жойбарлары, усыныслары, системалы машқалалары ҳаққында айтты. Президентимиз исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўда даўам ететуғынын атап өтип, келеси жылы берилетуғын жаңа жеңилликлер ҳаққында да айтып өтти. Мәселен, 2025-жыл 1-январьдан жер ямаса мәмлекетлик мүлк қосымша қун салығысыз сатылады, мобил байланыс ушын акциз салығы бийкар етиледи. Баспа кәрханалары пайда салығын төлеўден 5 жылға азат етиледи. IТ парк резидентлерине барлық түрдеги салықларды төлеўден азат етиў бойынша жеңилликлер 2040-жылға шекем созылады ҳәм тағы басқалар. Ашығын айтқанда, бундай жеңилликлер көплеген бизнес ийелери ушын жаңа жыл алдынан әжайып саўға болды.

    Салық төлеўден қашыў - инсапсызлық

    Исбилерменлер бир жерде жыйналса, әлбетте, үлкен санлар ҳаққында сөз болады. Негизинде мәмлекетимиз экономикасының өсиў көрсеткишлериндеги санлардың өзи артып бармақта. Атап айтқанда, быйыл елимиздиң экономикасы 6,3 процентке өсип, 111 миллиард долларға жетти. Санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўына 38 миллиард доллар инвестиция киргизилди, экспорт 26 миллиард доллардан артады. Бул нәтийжелерге ерисиўде усы жылдың өзинде исбилерменлердиң жумысы ушын оғада әҳмийетли болған 5 нызам, 101 пәрман ҳәм қарар қабыл етилгени де үлкен әҳмийетке ийе. Бул арқалы бизнес ийелериниң аймақлардың экономикалық өсиўи, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, ўатанласларымыздың турмыс шараятларын жақсылаўдағы үлеси артып бармақта.

    Шуҳрат ЭРГАШЕВ, “International beverages Tashkent” ЖШЖ шөлкемлестириўши:

    - Ашықтан-ашық сөйлесиў тек ғана исбилерменлер менен ушырасыў емес, ал экономикалық раўажланыўдың жаңа қырларын белгилеп беретуғын бағдар сыпатында әҳмийетли. Себеби, мәмлекетимиз басшысы исбилерменлердиң өзинен системалы машқалаларды тыңлап, оларға анық шешимлер бермекте. Ҳеш бир бағдар итибардан шетте қалмайды. Әсиресе, азық-аўқат жетистириў ҳәм өндирис тараўында белгиленген режелер оғада үлкен. Келеси жылы мийўе-овош экспортын дерлик 3,5 миллиард долларға жеткериў мөлшерленген. Бул тараў ислеп шығарыўшылары ушын жаңа имканиятлар жаратыўға тийкар болады. Соның ишинде, бизиң кәрханамыз ушын да. Себеби, тийкарғы жумысымыз азық-аўқат тараўы, жылына 5 триллион сумнан аслам өним таярлаймыз. Кәрханаларымызда жәми 3 800 адам мийнет етпекте. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстандағы салық төлеўши 10 ири кәрхананың бири есапланамыз ҳәм буның менен мақтанамыз.

    Сөйлесиўде ири исбилерменлерден бири өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекет тәрепинен сонша жеңилликлер берилип атырған шараятта салықларды төлеўден қашыў әдалатсызлық екенин айтып, бундай бизнес ийелерине бойкот жәриялаўды усыныс етти. Оның сөзлерин еситип, 10-15 жыл бурынғы жағдай көз алдымнан өтти. Тек гана бир дүканы бар адамды да исбилермен деп есаплайтуғын едик. Себеби, оннан үлкенирек исбилерменлерди билмес едик, барлары да қорқып, мал-мүлкин, дәраматын, ҳәттеки өзин жасырып жасайтуғын еди. Үлкенирек исбилермен ҳаққында еситип қалсақ, нызамсыз ислейди, деп есаплаған едик. Тағы сол кишкене дүканы бар адам тек ғана салықлардан қашатуғын еди. Ҳәкисине, салық төлеўшилер де қапысын қағып келе беретуғын еди.

    Бүгин исбилерменлердиң өзи салықларды өз ўақтында төлеўге шақырмақта. Себеби, система ашық-айдын, төлемлер қай жерге, не ушын кетип атырғаны белгили. Исбилерменнен ҳеш ким артықша пул алмайды, дәраматын сорамайды. Ислесе, қанша көп пул тапса, соншелли жақсы. Тек ҳадал ислесе болғаны. Бул өзине де, мәмлекетке де, жәмийетке де пайда.

    Социаллық жуўапкершилик

    Салықларды өз ўақтында төлейтуғын исбилерменлер ушын финанслық мәпдарлық бар. Бул оларға Исбилерменлердиң турақлылық рейтингиндеги орнын беккемлеў, сол арқалы жаңа ҳәм қосымша жеңилликлерге ийе болыў имканиятларын береди. Соның ушын, салықларды өз ўақтында, айтыў керек болса, кеўилли түрде төлеп атырған кәрханалардың саны артып бармақта.

    Анвар НОРБОЕВ, исбилермен, Самарқанд қаласы:

    - Кәрханамызда үш жойбарды әмелге асырдық. Булар - энергия үнемлеўши трансформаторлар, электр тармақларының авариясыз ислеўи ушын зәрүр болған заманагөй вакуумлы ажыратқышлар ҳәм өлшеў трансформаторларын ислеп шығарыў жойбарлары болып есапланады. Өнимлер турақлы ислеп шығарылып атыр. Бүгинги күнге келип кәрханамыздың санаат бағдарында 120 дан аслам адам мийнет етпекте. Бул бағдарда ири исбилерменлерди көрип, олардан илҳам алып атырмыз. Мәмлекетимиз басшысы менен болатуғын ҳәр бир сөйлесиўде жаңа идеялар, күш аламыз, алдымызға анық ўазыйпалар қоямыз. Әсиресе, исбилерменлерге ашық-айдын ислеў, жумысында "жасыл" энергетиканы кеңирек қолланыў бойынша қойылған мәселелер оғада әҳмийетли. Ҳәзирги глобал экологиялық шараятта санаат кәрханаларынан шығып атырған зыянлы шығындыларды азайтыўда, бәринен бурын, биз, исбилерменлерден баслама талап етиледи. Буның ушын кәрханаларда пайдаланылып атырған электр энергиясының үлкен бөлегин "жасыл" энергетика есабынан пайда етиўге өтиўимиз керек. Елимиздеги ири жойбарлар оған имканият береди. Алдымыздағы және бир ўазыйпа көбирек адамларды жумыс пенен тәмийинлеўден ибарат. Келеси жылы елимизде 5 миллион халықты бәнт етиў, 1,5 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў мақсет етилген. Оған биз де өз үлесимизди қосыўға таярмыз. 2025-жылы және жүзлеген бос жумыс орнын жаратыўды гөзлеп атырмыз.

    Мәжилисте келеси жылдан бери берилетуғын жаңа жеңилликлер ҳаққында да сөз болды. Исбилерменлер бундай имканиятлардан қуўанышлы. Қанаатланып ғана қалмастан, оған өзиниң белсендилиги, жаңа өндирис қуўатлықлары, жәмийетлик абаданлыққа байланыслы сезими менен жуўап бермекте. Әсиресе, дәраматқа кирген көплеген исбилерменлердиң социаллық жуўапкершилиги артып атырғаны қуўанышлы. Атап айтқанда, өткен қысқа ўақыт ишинде исбилерменлеримиз кәмбағал шаңарақлардың 387 мың ағзасы ҳәм майыплығы болған 40 мың адамды дәраматлы етти. Бәлким, бизнес ийелериниң дәраматы артып, бул тараў мәмлекетимизде үлкен күшке айланып атырғанының себеби де халқымызға тән инсаныйлық, мийрим-шәпәәт, мийнеткешлик пазыйлетлери арқалы болмақта.

    Исбилерменниң табысы - пүткил халқымыздың табысы

    Усыларды ойлап турып, ушырасыў қатнасыўшылары - исбилерменлерге нәзер тасладым. Арасында үлкен саўда айланысына ийе ири бизнес ийелери көп. Бизлер жақынға шекем оларды танымайтуғын едик. Енди болса дәраматлары туўралы ашық айтылып атыр. Мәмлекетимиз басшысы елимизде жумысшылары 5 мыңнан аслам, жыллық дәраматы 1 триллион сумнан асқан 142 "чемпион" исбилермен бар екенин мақтаныш пенен атап өтти. Бул кәрханаларға мәмлекет экономикасының локомотиви сыпатында жаңа технологияларды қолланыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен күш сыпатында қаралмақта. Киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери оларға ҳәўес етип, изинен бармақта.

    Жаҳонгир ОРТИҚХОЖАЕВ, исбилермен, Ташкент қаласы:

    - Өзбекстанда исбилерменлер ушын сондай шараятлар жаратылды, нәтийжеде соңғы жылларда 5 - 10 есеге раўажланған кәрханалар күшейди. Дүнья тарийхында қысқа ўақытта бундай раўажланыўлар болмаған. Елимизде бизнес ушын барлық шараятлар жаратып берилгени ҳәммеде исбилерменликке қызығыўшылық оятты. Бир ғана конвертация ашылғанының өзи үлкен нәрсе. Қалаберсе, қоңсы мәмлекетлер менен ашық-айдынлық сиясаты жергиликли исбилерменлерди жаңа базарларға алып шықты. Барлық тараўда, атап айтқанда, туризм бағдарында үлкен өзгерислер болып атыр, соңғы жылларда өсим 3 есеге артты, десек қәте болмайды. Соның ушын, биз де компанияларымызға жаңалық киргизип, жаңа тараўларды жолға қойып атырмыз. Быйыл Ташкент қаласында 6 мийманхана қурылысын басладық. Барлығына экосистема исленген болып, 1 200 орынға мөлшерленген. Бул Орта Азиядағы ең үлкен мийманханалар системасы болады ҳәм келеси жылдың ақырында питкериўди режелестиргенбиз. Медициналық туризм бағдарында да жойбарларымыз бар. Дүньяда рейтинги бойынша ең жетекши орында туратуғын емлеўханалардың басшылары менен ушырастық, ҳәммеси бирге ислесиўге келисим берди. Ҳәзир АҚШтың Кливленд емлеўханасы менен биргеликте медицина мәкемесин қурыўды режелестирип атырмыз. Олар кадрлар алмасыўы, оқытыў бойынша да бирге ислесиўге таяр.

    ***

    Әне усындай интакер, белсенди исбилерменлерди көрип, елимизде бизнес ўәкиллерине бийкарға үлкен исеним, хошаметлеў ҳәм жеңилликлер берилмей атырғанына исеним пайда етеди. Мәмлекетимиз басшысы ушырасыў соңында исбилерменлердиң жойбар ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаўға бәрқулла таяр екенин билдирип, исбилерменниң табысы пүткил халқымыздың табысы екенин атап өтти.

    Ушырасыўдан исбилерменлер қатары мен де заўықландым. Өз бизнесимди ашыў қәлеўим және де беккемленди. Мүмкин, жақын жылларда мине, усы исбилерменлер қатарында боларман. Не болғанда да, усындай жақсы нийетим бар. Себеби, жаңа жыл - ийгиликли нийетлер, жақсы арзыўлар, үлкен мақсетлер ўақты.

    Ирода ТОШМАТОВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы