- Қоңсым Ислам 3 киловаттлы қуяш панелин орнатқан. Айына 300 киловатт электр энергиясын 1000 сумнан сатып, 300 мың сум дәрамат алып атыр екен. Буны еситип мен де қуяш панели орнататуғын кәрханаға кеттим. Барсам, 3 киловаттлы қуяш панели 9 миллион 200 мың сумға орнатып берилетуғын болды. Қалған 7 миллион сум мәмлекет есабынан субсидия тийкарында қапланады екен. Барлығын қосып есаплағанда улыўма баҳасы 16 миллион 200 мың сум болды. Қандай жақсы, жеңилликтен пайдаланыў ушын 3 киловаттлы қуяш панелин орнатыў ушын банкке бардым. Берекет тапсын, банк хызметкерлери де ярым саат ишинде кредитти рәсмийлестирип берди. Енди үш жыл ишинде ҳәр айда 335 мың сумнан төлеп, кредитимди қайтараман. Үш жылдан кейин қуяш панели толық пайдаға ислейди, деп ойладым, - дейди нөкисли Даўлетмурат Пахратдинов.
Ҳақыйқатында да бүгин үй ийеси 1 киловатт саат электр энергиясын мәмлекетке 1000 сумнан сатпақта. Үйге 5 киловатт қуўатлылықтағы қуяш панели орнатылса, айына орташа 750 киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарады. 4 адамлық шаңарақта айына орташа 400 киловатт саат электр энергиясы пайдаланылса, артып қалған қуўатлылық шаңарақ ийесине айына 350 мың сум дәрамат келтиреди.
Бул қурылманы орнатыў жүдә аңсат ҳәм узақ жыллар техникалық хызмет көрсетиў талап етилмейди. Себеби арнаўлы сынаў лабораториялары тексериўлеринен өткерилген ҳалда орнатылғаны себепли орташа 20-25 жыл даўамында хызмет көрсетеди. Шаңарақ ийеси электр энергиясының зәрүрлигинен артқан бөлегин электр тармақлары кәрханасына сатып дәрамат көреди. Бунда физикалық тәреплер ҳеш қандай салық төлемин төлемейди.
Қуяш панеллерин юридикалық шөлкемлер де орнатып, мәмлекетке электр энергиясын сатып пайда алмақта. Мәселен, берунийли исбилермен Руслан Казаков қуяш панеллерин дәрамат дәрегине айландырып үлгерди. Ҳәзир ол мәмлекет ажыратқан 1,5 гектар жерде 850 киловаттлы қуяш панеллерин орнатып, ислеп шығарылған электр энергиясын "Аймақлық электр тармақлары" акционерлик жәмийетине сатыў арқалы айына 120 миллион сумға шекем дәрамат алмақта.
Буннан тысқары, исбилермен өзине тийисли саўда дүканында да 20 киловаттлы қуяш панеллерин орнатқан. Соның нәтийжесинде “Komil-Ruslan” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң электр энергиясына болған талабы толық қуяш панели есабынан қапланып, артқан энергияны сатыў жолға қойылған.
Халық сатқан электр энергиясы ушын қаржы мәмлекет тәрепинен ҳәр айда “Soliq” мобил қосымшасы арқалы пуқаралардың банк пластик картасына өткерип бериледи. "Ақыллы" электр есаплағышлар қуяш панеллери арқалы алынған электр энергиясы ҳәр айда қанша сатылғанын анық есаплап береди. Процести телефонда орнатылған арнаўлы қосымша арқалы онлайн бақлап барыў мүмкин.
Қарақалпақстанда өткерилип атырған үгит-нәсиятлаў илажлары нәтийжесинде бүгинги күнге шекем 1537,5 киловатт қуўатлылықтағы қуяш панеллери иске қосылды. Соның ишинде, социаллық тараў объектлери ҳәм мәмлекетлик уйымларда 295 киловаттлы, исбилерменлик субъектлерине тийисли имарат ҳәм объектлердиң төбесинде 688,4 киловаттлы ҳәм шаңарақларда 558,1 киловаттлы қуяш панели, 15 мың 211 үйде үнемли лампа, 2305 инде газ бөлистириў үскенелери орнатылды.
Жыл сайын қуяш панеллериниң баҳасы төменлеп бармақта. Бул оларды әпиўайы тутыныўшы да қолайлы тәризде өз үйине орнатыўы мүмкин екенлигин билдиреди. Қуяш панеллерин орнатыў арқалы дәстүрий энергия дәреклерине талап азаяды. Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир тутыныўшының өз энергия дереги болады. Шаңарақтың энергия төлеми ушын қәрежети азаяды.
Усы жерде мәмлекет бойынша қуяш панеллерин ислеп шығарыў биринши болып Қарақалпақстанда жолға қойылып атырғанын атап өтиў орынлы. Президентимиз усы жыл 19-август күнги сапары даўамында “Nukus Eleсtroapparat” қоспа кәрханасындағы жаңа жойбар менен жақыннан танысқан еди.
- Кәрханамыз 2017-жылы иске қосылған. Алдын кәрханамызда электр энергиясы тармағы ушын кернеў қурылмалары ислеп шығарылатуғын еди. Усы жылдың июнь айынан баслап кәрханамыз 10,5 миллион АҚШ доллары баҳасындағы инвестиция тийкарында жумысын жаңадан баслады. Биз ислеп шығарып атырған қуяш панеллерине 30 жыл кепиллик бериледи. Соның менен бирге, жақын ўақытта Нөкис қаласында электромобиллерди қуўатлайтуғын қурылмаларды да орнатып, халыққа сапалы хызмет көрсетиўди мақсет еткенбиз, - дейди “Nukus Eleсtroapparat” қоспа кәрханасы директорының орынбасары Жасур Жабборов. - Кәрхананың жаңа бағдары бойынша үскенелер Қытайдан алып келинген. Өндирис процеси 100 процент автоматластырылған. Жойбардың жыллық қуўатлылығы 273 мыңды қурайды. Өзбекстанда жылдың барлық мәўсими қуяшлы болады. Бул болса альтернатив қуяш энергиясынан пайдаланыўдағы үлкен тәбийий имканият.
Қарақалпақстандағы үлкен жойбарлардың және бири - Президентимиздиң тапсырмасы менен Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы тәрепинен Қараөзек районы "Қойбақ" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында "Нөкис-1" жойбары тийкарында қурылып атырған самал электр станциясы болып есапланады. Улыўма баҳасы 107 миллион доллар, қуўатлылығы 100 мегаватт болған жойбар шеңберинде ҳәр бириниң қуўатлылығы 6,5 мегаваттлы 16 самал турбинасы генераторлары орнатылмақта. Бүгин жойбарды әмелге асырыўда 150 ден аслам жергиликли пуқара тартылған. "Нөкис-1" жойбары толық иске қосылыўы нәтийжесинде ҳәр жылы 350 миллион киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Орташа 100 миллион куб метр тәбийий газ үнемленеди, ҳаўаға 180 мың тонна карбонат ангидрид газ шығындысы тарқалыўының алды алынады.
Буннан тысқары, Қараөзек районы "Қойбақ" АПЖ аймағында улыўма баҳасы 220 миллион долларлық "Нөкис-2" жойбары да әмелге асырылып, 26 самал турбинасы генераторлары орнатылады. Жойбар толық иске қосылғаннан соң ҳәр жылы 794 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканияты жаратылады. Буннан тысқары, “ACWA Power” компаниясы Қоңырат районында улыўма қуўатлылығы 2000 мегаваттлы самал электр станциясын қурыў бойынша және 4 жойбарды әмелге асырыўы белгиленген.
Бүгин мәмлекетимизде "жасыл" энергиядан пайдаланыў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Орынларда қуяш панеллерин орнатыў жағдайы ҳәм "Жасыл энергия" мәлимлеме системасына киргизилген мағлыўматлар бажыхана хызметкерлери тәрепинен орынларға шыққан ҳалда үйренилмекте. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери аймақтағы шаңарақлық кәрханалардың биринде орнатылған 80 киловатт қуўатлылықтағы қуяш панеллериниң нәтийжелилигин үйренди. Бул альтернатив энергия дәреклери тәрепинен бүгинги күнге шекем 6 мың киловатт электр энергиясы ислеп шығарылған.
Альтернатив энергиядан пайдаланыў - дәўир талабы. Ҳәр тәреплеме қолайлы бул системаның ғалаба ен жайыўы мәмлекетке де, тәбиятқа да, халыққа да пайдалы болмақта. Технологиялық раўажланыў ҳәм энергияға болған талаптың артыўы жақын жылларда қуяш панеллерин ең ғалаба альтернатив энергия ислеп шығарыў дәрегине айландырыўы анық.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы