Көркем өнеримиздиң даңқы ҳәм абырайы мәңги

    Пикир 25 желтоқсан 2024 22

    Бизге - заманласларымызға тарийхый өзгерислер, үлкен реформалар ҳәм дөретиўшиликлердиң гүўасы болыўдай қуўанышлы бахыт несип етип турғаны таң қаларлықтай.

    Өтип баратырған жыл да ҳәр бир тараўда халқымыз ерискен ҳәм ерисип атырған үлкен табыслар, жетискенликлер ҳәм нәтийжелери менен кеўиллеримизге мөрленип үлгерди. Бүгин жаңа 2025-жылды мүнәсип нәтийжелер менен күтип алыўға таярлықлар ҳәўиж алған.

    Ўақыт тез, бийпарўа. Раўажланыў әсири, деп аталған XXI әсирдиң I шерегиниң жуўмағы да көринди. Жақын тарийхта миллий идеология қүдиретин толық аңлаўымыз ушын узақ жыллар даўамында имканият та, шараят та болмады. Не болғанда да халқымыздың ерк-ықрары бүгилмеди. Гейде терең ойланаман ҳәм қуўанаман. Себеби, тилеклеслик, мәңги күш ҳәм потенциалды көрсетиўши миллий идеяларымыз бәлент пәрўазлы сүренлер, бәлент даўыслар көлеңкесинен шықты. Бүгин миллий бирлик, аўызбиршилик пенен жаңа Өзбекстанды қурып атырған адамларымыздың пикирлеўи де, идеологиясы да жаңаша көриниске ийе болды. Барлық тараўлар қатарында мен өзим тийисли болған мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

    Бул процессте "Шарқ тароналари," Халықаралық бақсышылық көркем өнери, "Ләзги", Халық өнерментшилиги фестивалы сыяқлы абырайлы әнжуманлар, мәденият күнлери, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер көргизбелери ҳәм басқа да әҳмийетли илажларды өткериў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Кейинги жыллары мәмлекетимизде бундай әнжуманлар көбейди. Бул қандай да бир мәнисте Өзбекстанның дүнья халқын тынышлық-татыўлыққа, туўысқанлық ҳәм бирликке шақыратуғын ийгиликли сүрени де болып есапланады.

    Әлбетте, олардың арасында елимизде көркем өнердиң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў, талантлы жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў бойынша көрилип атырған комплексли илажлардың нәтийжеси сыпатында "Шарқ тароналари" ҳәм классикалық музыка көркем өнериниң бийбаҳа дүрданалары болған мақамларға бағышланған халықаралық фестиваллар теңи-тайы жоқ орын тутады.

    Тийкарынан, "Шарқ тароналари" бүгин жәҳән ырғақлары фестивалына айланып үлгерди. Буны Президентимиз де усы жылдың 26-август күни он үшинши халықаралық музыка фестивалының салтанатлы ашылыў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзинде айрықша атап өтти. Фестивалда ЮНЕСКО, ТҮРКСАЙ, Түркий мәденият ҳәм мийрас қоры ҳәм басқа да шөлкемлер, 80 ге шамалас мәмлекеттен 400 ден аслам көркем өнер ҳәм илимпаздың қатнасқаны оның көлеми ҳәм қамтып алыўы қаншелли дәрежеде екенлиги ҳаққында айтып бермекте.

    Көлемли илаж шеңберинде "Шығыс халықларының музыкалық мәденияты: глобалласыў процесслеринде дөретиўшилик интеграция принциплери" халықаралық илимий-әмелий әнжуманы өткерилип, онда 32 мәмлекеттен 40 қа шамалас музыка таныўшы, фольклор таныўшы, халықаралық илимий-изертлеў институтлары ҳәм илимий-дөретиўшилик орайларының басшылары қатнасқаны болса мәмлекетимиз мәселениң теориялық әҳмийетине де үлкен итибар қаратып атырғанлығынан дәрек береди.

    Конференция жумысында тиккелей қатнасып, оның жуўмақлары бойынша Қытай, Франция, Россия, Германия, Гамбия, Оман ҳәм Иордания жоқары оқыў орынлары ҳәм халықаралық изертлеў орайлары менен 12 бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылғаны, бул болса елимиздиң музыка көркем өнери имканиятларын кеңейтиўин ойлап, көркем өнеримиздиң келешегинен кеўлим толды.

    Быйылғы жылы екинши халықаралық мақом көркем өнери әнжуманына саўлатлы таўлар, жасыл тоғайлар, халықшыл ҳәм уллы мәртебели инсанлар журты болған бийтәкирар Зомин жеринде болды. Әнжуман 2018-жылы ески Шаҳрисабзда өткерилген биринши Халықаралық мақам көркем өнери фестивалының даўамы болып, пандемия себепли жүзеге келген алты жыллық тәнепистен соң бәршемизди жаңаша руўх ҳәм қуўаныш пенен және әтирапымына жыйнады.

    Оның салтанатлы ашылыў мәресиминде Президентимиз айтқан мине усы пикирлер бул көркем өнер түриниң әҳмийети ҳәм мазмун-мәнисин толық сәўлелендиреди: "Бизиң әййемги тарийхымыз, бай мәдениятымыз, әзелий қәдириятларымыздың белгиси болған мақам көркем өнери терең философиялық тамырлары, бийтәкирар көркем усылы ҳәм бай дөретиўшилик дәстүрлери менен руўхый турмысымызда әҳмийетли орын ийелейди. Мақом - улыўмаинсаныйлық сезимлерди ҳәўиж алған перделерде жырлайтуғын сийрек ушырасатуғын көркем өнер түри сыпатында да биз ушын оғада қәдирли".

    Арамызда классикалық музыка көркем өнериниң гүлтажы болған бийтәкирар мақомларымыз ЮНЕСКОның Инсаният материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизилгени ҳәм бул оны пүткил дүньяда кеңнен үгит-нәсиятлаўға ҳәм ғалаба ен жайдырыўға мүнәсип үлес қосып атырғанынан қуўанбайтуғын ўатанласларымыз болмаса керек. Айта берсем, ҳәзирги ўақытта адамды қуўандыратуғын, мени толқынландырып атырған тәреплери жүдә көп. Олардан бири бүгин мақом көркем өнери мәмлекетимиз бойлап, баслаўыш билимлендириўден баслап, академиялық илимий дәрежесине шекемги басқышларда үзликсиз түрде үйренилип атырғаны болып табылады. Бул мақомның келешеги исенимли қолларда, дегени.

    Тәғдирин көркем өнер менен байланыстырған, бахтын көркем өнерден тапқан дөретиўшимен. Барлық табысларым, жетискенликлерим халқымыздың итибары ҳәм тән алыўы себепли. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген исеним, берилген атақ ҳәм сыйлықлардың ийнимдеги жуўапкершилиги быйыл еки есеге артты. Олий Мажлис Сенатының ағзасы болыўдай мақтанышлы ўазыйпа маған елдиң раўажланыўы жолында және де пидайылық пенен ислеўге қанат берди.

    Президентимиз жаңа қурамдағы Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат ағзаларын халқымыздың жоқары исенимине ерискени менен қызғын қутлықлаған ўақтында сенаторлардың ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилиги бир неше есеге артқанын сездик. Жаңа шараятта Сенаттың парламентлик қадағалаў имканиятларының сезилерли дәрежеде кеңейгени бизге үлкен жуўапкершилик жүклейди.

    Мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында өткен мәжилисте көплеген әҳмийетли мәселелер қатарында жаслар сиясатына байланыслы әҳмийетли ўазыйпалар да талқыланды. Билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў, жасларымызды ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылған сиясат избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди. Бақшаларда қамтыўды арттырыў, мектеплердиң материаллық-техникалық базасын буннан былай да жақсылаў, жоқары билимлендириў мәкемелерине қамтыўды көбейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

    Көркем өнер ғайраткери сыпатында да, сенатор сыпатында да бул бағдардағы реформалардың әҳмийетин жақсы түсинемен. Себеби, билимлендириўге итибар келешекке бағдарланған үлкен инвестиция болып табылады. Буны ҳәр биримиз терең аңлайық. Сондай-ақ, усы ийгиликли ислерге үлес қосыў арқалы пуқаралық миннетимизди орынлайық.

    Муножат ЙЎЛЧИЕВА,

    Өзбекстан халық артисти, сенатор,

    Өзбекстан Қаҳарманы