Өзбекстанда социаллық мәмлекет қурыў стратегиялық мақсет етип белгиленген. Бул, бәринен бурын, инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын тең имканиятлар, адамлар мүнәсип турмыс кешириўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў дегени. Жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямызда беккемленген усы принцип тийкарында мәмлекетимизде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы бағдардағы жумысларға тоқтап өтиўден алдын бул принципти Конституция дәрежесинде беккемлеў зәрүрлиги, бурын бар болған "мәмлекет - жәмийет - шахс" парадигмасының "инсан - жәмийет - мәмлекет" принципине өзгертилгени ҳаққында қысқаша пикир жүргизейик.
Мәҳәлле системасындағы сүйеги қатқан жуўапкер сыпатында соны айта аламан, мәмлекетимизде жаңа Өзбекстанды қурыў, Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў бағдарындағы тарийхый реформалар басланғанға шекем жәмийетимизде инсан қәдири түсиниги, халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек, деген принцип, ўатанласларымыздың бүгинги жасап атырған күнинен разылығына ерисиў сыяқлы мақсетлер ҳаққында ҳәттеки түсиникте жоқ еди. Егер қандай да бир ўәкиллик ямаса қаржы көзқарасынан қол-аяқсыз мәҳәлле системасын есапқа алмағанда, мәмлекет пенен әпиўайы халықтың қарым-қатнасы пүткиллей шекленген жағдайда еди.
Өз гезегинде, мәмлекетлик ҳәкимиятының бирден-бир дәреги болған халық пенен ортадағы үзилис, оларды тыңлаў, усыныс ҳәм басламаларын тыңлаў, мәселелерге сол тийкарда шешим табыў механизмлериниң жоқ екенлиги аймақларда көплеген социаллық-экономикалық машқалаларды жүзеге келтирди. Ең жаманы, адамларымызда ел тәғдири, жәмийет раўажланыўына байланыслы сезими кескин төменледи, ҳәр қандай мәселени "мәмлекет шешеди", деген көзқарас үстин болды. Экономикалық турақлылық, халықтың абаданлығының тийкары болған исбилерменлик, жеке меншик бизнеске қойылған жасалма шеклеўлер, инфраструктура менен байланыслы машқалалар усы бағдарда ислеўге бейимлиги болған, соған жараса потенциалға ийе болған көплеген ўатанласларымыздың кеўлине қәўетер салды, күш-ғайратын қайтарды.
Сол себепли, 2017-жылдан системалы даўам етип киятырған жедел реформалар, тарийхый жаңаланыўлар инсан қәдирин улығлаў, халық пенен тиккелей қарым-қатнасты жолға қойыўдан басланды. Бул бағдарда, әсиресе, халықты социаллық қорғаў, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў бойынша әҳмийетли илажлар турмысқа енгизилип атырғанын айрықша атап өтиў орынлы. Атап айтқанда, кем тәмийинленген шаңарақларға напақа белгилеў тийкарлары анық етип қойылды. "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасы иске қосылып, кем тәмийинленген шаңарақларды анықлаў ҳәм оларға мәнзилли жәрдем көрсетиў басланды. Бул процессте ашық-айдынлық, теңлик, әдиллик принциплерине қатаң әмел етиў ўазыйпасы белгиленди.
"Имканияты шекленген адамлар" деген түсиник мәмлекет ҳәм жәмийеттиң майыплыққа болған тар, бир тәреплеме қатнасын көрсетип келген болса, жаңа реформалар дәўиринде, бәринен бурын, нызамшылық өзгерип, "майыплығы болған шахслар" түсиниги пайда болды. Усы тийкарда мәмлекет ҳәм жәмийет майыпларға имканияты шекленгенлер деп емес, ал шахс сыпатында қатнас жасаўға өтти. Бул қатнас оның ҳуқықлары тән алынып, әмелге асырылыўы ушын имканият жаратылып атырғанын билдиреди.
Мине, усындай әҳмийетли реформалардың нәтийжеси сыпатында халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлерин кеңейтиўге ерисилмекте. Соның ишинде, социаллық бағдарламаларды қаржыландырыў қәрежетлери 2 есеге артып, кем тәмийинленген напақа алыўшы шаңарақларды қамтып алыў 5 есеге көбейди. Майыплығы болған шахслар ҳәм майыплығы болған балалардың тәрбиясы менен бәнт болғанлар ушын жаңа напақа түрлери енгизилди. Бул санлар напақаға мүтәж шаңарақлардың саны артқанын емес, ал мүтәж шаңарақларға социаллық қорғаў жетип баратырғанын билдиреди.
Жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямызда мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз кекселер, майыплығы болған шахслар және халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж қатламының ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында болыўы белгиленгени тараўдағы реформаларды буннан былай да кеңейтиўге тийкар жаратты. Соған муўапық, 2023-жыл 1-июньде халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў бойынша пәрман қабыл етилип, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди.
Бул процессте, бәринен бурын, социаллық хызмет ҳәм жәрдемди мәҳәлле дәрежесинде шөлкемлестириўге итибар қаратылды. Барлық аймақларда "Инсан" социаллық хызметлер орайлары ашылып, мәҳәллелерде 102 социаллық хызмет жолға қойылды.
Мәселен, алдын адамлар бир протез ушын ҳәр қыйлы комиссиялар ҳәм поликлиникада еки ай сергиздан болған болса, ҳәзир бул мәселе еки ҳәптеде мәҳәллениң өзинде шешилмекте. Соның өзинен 100 мың адамның аўыры жеңил болды. Ямаса, майыплығы болған балаларға қарап турыў хызмети жолға қойылып, мүрәжатлар мәҳәлледе қабыл етилип атыр. Бул тек ғана усы жылдың өзинде 700 ата-ананың жумыс ислеўине шараят жаратты.
"Мәҳәлле жетилиги" қурамында социаллық хызметкер лаўазымының енгизилгени жумысларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықты. Олар шаңарақлар менен бөлек-бөлек ислеп, мүтәжлердиң ҳәр бири бойынша индивидуал социаллық хызметлер бағдарламасын жүргизбекте. Бул бағдарда бирден-бир сораўнама енгизилип, шаңараққа "мәҳәлле жетилиги"ниң қайсы ўәкили кирип келиўинен қарамастан, шаңарақтағы машқала ҳәм имканиятлар анықланып, "социаллық портрети" сызылады. Жәрдемнен соң үйде не өзгергени мониторинг етип барылмақта.
Усы бағдардағы жумыслар себепли социаллық хызметкерлер үйме-үй жүрип, усы жылы реестрде болмаған және 95 мың мүтәж шахсқа жәрдем көрсетти. 51 мыңына майыплығы белгиленди, 26 мыңы протез алды. Жатып қалған 4 мың жалғыз кекселер анықланып, оларға үйинде күтим шөлкемлестирилди. Майыплығы болған 5 мың бала бақша-мектепке жайластырылды.
Бундай мәнзилли жумыслар себепли Халық қабыллаўханалары ҳәм ҳәкимликлерге социаллық хызмет ҳәм жәрдем бойынша мүрәжатлар 35 процентке азайды. Бул бағдарда мәҳәллелерде де кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, усы жылдың 11 айы даўамында 25 бағдар ҳәм 401 көрсеткиш тийкарында 9 452 мәҳәлле, 208 район (қала), 14 аймақ және республикалық баланс қәлиплестирилди. Бул арқалы халықтың машқалаларын сапластырыў бойынша "жол картасы", "сақлаў китабы" ҳәм бәнтлик бағдарламасы ислеп шығылды.
Бул процессте "мәҳәлле жетилиги" ҳәм банклердиң бирге ислесиўи менен 754,5 мыңнан аслам халықтың бәнтлиги тәмийинленди. Сайхунабад, Зарбдор, Ғиждувон ҳәм Уйчи районларының тәжирийбелери тийкарында 4,7 миллион шаңарақта қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, "Бир мәҳәлле - бир өним" принципи бойынша 2,8 миллион шаңарақта қосымша дәрамат алыў имканияты жаратылды.
"Жетилик" ағзалары үйме-үй жүриў нәтийжесинде инфраструктура менен байланыслы анықланған 278 мыңнан аслам машқаладан 93 проценти ҳәм халықтың социаллық мәселелерине байланыслы анықланған 201,5 мыңға шамалас машқаладан 95 проценти шешилди.
Және бир әҳмийетли тәрепи, мәҳәлледеги барлық социаллық хызметлерди басқышпа-басқыш социаллық хызмет көрсетиў шәртнамасы арқалы усыныў жолға қойылды. Бул процессте хызмет көрсетиўши де, жәрдем алыўшы да өзине миннетлеме алады. Енди напақа алыўшылар дизимине, биринши гезекте, майыплығы бар, ата-анасы жоқ, бағыўшысын жоғалтқан, кеселлиги ҳәм басқа да себеплерге бола узақ мүддет ислей алмайтуғынлардың шаңарақлары киргизилмекте. Басқа пуқараларды "социаллық реестр"ге киргизиўде олардың тек ғана дәраматы емес, ал қәрежетлери де баҳаланбақта.
Абаданлыққа алып барып атырған бағдарлама ҳәм жойбарлар
Ҳәр бир мәмлекет раўажланыў процесинде кәмбағаллықты қысқартыў басқышынан өтеди. Өзбекстанда да 2020-жылы халықтың белгили бир бөлеги кәмбағал екенин тән алып, оларға жәрдем бериўге киристи. Финанслық-шөлкемлестириў илажлары көрилип, система енгизилди. Бул өз нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, узақ жыллар аўыр жағдайда болған 3 миллионнан аслам адамның шараяты жақсыланды. Кәмбағаллық дәрежеси 17 проценттен 11 процентке түсти.
Келеси үш жылда кәмбағаллық дәрежесин 7 процентке түсириў мақсет етилген. Сол себепли, усы бағдарға байланыслы таллаўлардан келип шығып, кәмбағаллықты анықлаў нормалары ҳәм мәнзилли дизими қәлиплестирилди. Соның ишинде, оған "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"ндеги ҳәм кәмбағаллыққа түсиў қәўпи жоқары болғанлар киргизилди.
Кәмбағаллық факторларын үйрениў ушын социаллық қорғаў ҳәм бәнтлик мәселелеринде бирден-бир сораўнама ислеп шығылды. Усы тийкарда шаңарақлардың имканиятлары баҳаланып, үш категорияға ажыратылды. Ҳәр бир шаңараққа индивидуал қатнас жасалып, "аяққа турыўға" жәрдем берилмекте. Усы тәризде кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған мәҳәллелер дизими де қәлиплестирилди. Ҳәр жылы 50 мәҳәлле таңлап алынып, олар кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырылып барылмақта.
Жақсылық жолындағы бул жумыслардың нәтийжеси көп күттирмеди: үш ай бурын ўәлаят ҳәм районлардағы 14 мың басшы 75 мың кәмбағал шаңараққа бириктирилип, олар менен индивидуал ислесиў жолға қойылған. Нәтийжеде бул шаңарақлардағы 17 мың адам турақлы жумысқа жайластырылды, исбилерменлик ҳәм қыйтақ жер арқалы 14 мың халықтың дәраматы арттырылды. 30 мың бала бақша, дөгерек ҳәм кәсип-өнерге оқытыў менен қамтып алынды, 45 мың мүтәж халыққа медициналық жәрдем көрсетилди.
Және бир тәрепи, ҳәр жылы кәмбағаллықты қысқартыўға бағдарланған қаржы 40 түрдеги қаржы қураллары арқалы, 10 ға шамалас уйым тәрепинен берилип, бирден-бир қатнас жоқ еди. Сонлықтан, бул бағдарда жаңа система жаратылып, қаржы аймақ, район ҳәм мәҳәллелер кесиминде кәмбағал шаңарақлар санынан келип шығып бөлистирилиўи жолға қойылды.
Бул процессте қаржы, биринши гезекте, шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыўға бағдарланбақта. Өз гезегинде, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўы бойынша мәҳәлле ҳәм район, ўәлаят және республика дәрежесинде мониторинг шөлкемлестирилди, жәмийетлик қадағалаў күшейтилди.
"Кәмбағаллықтан абаданлыққа" бағдарламасы тийкарында өткен дәўир ишинде 208,5 мыңға шамалас шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық дәрежеси 2,4 процентке қысқарды. Кәмбағаллық дәрежеси ең жоқары болған мың мәҳәлле таңлап алынып, оларды кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў бойынша бағдарламалар ислеп шығылмақта.
Енди бул бағдардағы ийгиликли жумыслар және де кеңейеди. Бәринен бурын, келеси жылы 1 миллион 200 мың халықты кәмбағаллықтан шығарыў ушын билимлендириў, дөгерек, кәсип-өнер, медицина мәселелерин шешиў ҳәм жасаў шараятын жақсылаў зәрүр.
Буннан тысқары, кәмбағаллық жоқары болған мың мәҳәлледе биреўден шаңарақлық бақша жумысы жолға қойылады. Жаңа жылдан шаңарақлық бақша орынларының 15 процентине кәмбағал шаңарақлардың перзентлери қабыл етиледи ҳәм бақша төлеминиң бир бөлими қаплап бериледи. Кәмбағал шаңарақ перзентлериниң оқып, турмысын жақсылаўы ушын 118 мыңы шет тили, мәлимлеме технологиялары ҳәм кәсип-өнерге оқытылады. Бул дөгереклердиң қәрежети 80 процентке шекем бюджеттен қапланады.
Кәмбағал шаңарақлардағы өзи ҳәрекет ете алмайтуғын 23 мың адамға ата-анасы, өмирлик жолдасы ямаса перзентлери қарап отыр. Келеси жылдан мәҳәлледеги социаллық хызметкерлер ҳәм жеке меншик сектордың қатнасыўында бул инсанлардың 19 мыңына үйинде ҳәм 4 мыңына күндизги қатнаў тийкарында күтиў жолға қойылады. Нәтийжеде буның менен бәнт болған 15 мың халықтың қолы босап, жумыс ислеўи мүмкин болады.
Және бир әҳмийетли жаңалық - енди социаллық дәптерлер қаржысы тек ғана кәмбағал шаңарақлардың жасаў шараятын жақсылаў, медицина, билимлендириў хызметлерин көрсетиў ҳәм дәраматын арттырыўға жумсалады. Әдиллик болыўы ушын бул қаржы райондағы кәмбағаллар санына қарап бөлистириледи. Соның менен бирге, дәптерлер қаржысының 30 проценти мәҳәлледеги турақ жай, жол, суў ҳәм электрди жақсылаўға жумсалады. Бул мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаўда және бир имканият есапланады.
Усы процессте "жетилик" жуўапкершиликти өз мойнына алыўы, жәмийетлик қадағалаўды системалы шөлкемлестириўи зәрүр. Кимниң неге мүтәжлигин мәҳәлледен басқа ҳеш ким жақсы билмейди, сонлықтан, ҳақыйқатында мүтәжлерди дәптерлерге киргизиў, мәнзилли жәрдем көрсетиў жумысларында белсендилик талап етиледи. Кәмбағал шаңарақлар ушын жаратылып атырған имканиятларды оларға жеткериў, оннан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў де тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады.
Мәҳәлле жумысының және бир әҳмийетли бағдары мийнет миграциясында болып атырған ўатанласларымыздың аўҳалынан хабар алыў, шаңарақларын қоллап-қуўатлаў болып есапланады. Себеби, шаңарақ, турмыс тәшиўишлери себепли журттан узақта жүргенлер, ҳадал мийнети менен пул табып атырғанлар да усы ўатан, усы мәҳәллениң перзентлери. Олар менен сәўбетлесип, бир аўыз ғана "Жумысың қалай?", "Қыйнып атырған жоқсаң ба?", "Журтқа қайт, саған жәрдем беремиз" деп айтыўдың өзи тийкарында үлкен мүриўбет.
Соннан келип шығып, "жетилик" ағзалары анкета-сораўнама тийкарында миграциядағы пуқараларды хатлаўдан өткерди. Миграция балансы қәлиплестирилип, "Санлы мәҳәлле" платформасына киргизилди. Миграциядағы 1,2 миллион пуқараның 86 проценти менен онлайн сөйлесиў алып барылып, дерлик 419 мыңы елимизге қайтарылды, ярымынан көби жумысқа жайластырылды. Бул арқалы алыс елде шаңарақ сағынышы менен мийнет етип атырған сонша пуқараның турмысына қуўаныш кирип келди.
Улыўма алғанда, өтип атырған ҳәр бир күн ҳәрекетлеримизди және де күшейтиў, халықтың разы болыўы жолында шын кеўилден мийнет етиў ўақты болып есапланады. Себеби, данышпанларымыз айтқанындай, бул дүньяда адамларға жақсылық үлестирип жасаўдан уллы ҳәм саўаплы ис жоқ. Мине, усы ҳикметке әмел етип жасасақ, жумысымызда нәтийже болады, халқымыздың исенимин әлбетте ақлаймыз.
Жовдат ИНОҒОМОВ,
Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы баслығының
биринши орынбасары