Бундай жоқары дәрежедеги ушырасыўлар әдетте дипломатиялық протоколлар, геосиясий додалаўлар ҳәм рәсмий билдириўлер шеңберинде баҳаланады. Бирақ бул саммит өзиниң анық әмелий нәтийжелери ҳәм пуқаралардың мәпине қаратылғаны менен ажыралып турды. Ол ЕА ҳәм ОА арасындағы стратегиялық шерикликти және де беккемледи ҳәм региондағы әпиўайы халықтың турмысында әҳмийетли өзгерислер ислеў ушын беккем тийкар жаратты.
Саммит шеңбериндеги ең әҳмийетли ўақыялардан бири Европа Комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляен тәрепинен ЕАның “Global Gateway” басламасы шеңберинде 12 миллиард евро муғдарындағы стратегиялық инвестициялық пакеттиң жәрияланғаны болды. Бул инвестиция турақлы инфраструктура, қайта тикленетуғын энергия дәреклери, санлы байланыс ҳәм әҳмийетли стратегиялық шийки зат материалларына байланыслы жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған. Бул болса қурылыс, логистика, мәлимлеме технологиялары ҳәм телекоммуникация тараўларында мыңлаған жаңа жумыс орынларының ашылыўы, регионаллық энергетика ҳәм транспорт системасының бир пүтин интеграциясын тәмийинлейди.
Саммит регионларымыз арасындағы бирге ислесиўдиң раўажланыўында жаңа басқыштың басланыўын аңлатады. Бул жойбарлар тек ғана макроэкономикалық жетискенликлер менен шекленип қалмастан, пуқаралардың турмысында анық сезилерли өзгерислерди - қолайлы транспорт, турақлы энергия тәмийнаты, кең көлемли санлы хызметлер ҳәм заманагөй қала ҳәм аўыл инфраструктурасын алып келеди. Бул - Орайлық Азия халықларының турмыс сапасы сезилерли дәрежеде жақсыланады, дегени.
Самарқанд саммити шеңберинде қол қойылған саўда ҳәм инвестиция келисимлери де сол дәрежеде үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, жергиликли өнимлерди Европа базарына экспорт етиў потенциалын арттырыўға қаратылған. Европа Аўқамының техникалық регламентлер ҳәм сертификатлаў процесин муўапықластырыў бойынша көрсетип атырған жәрдеми Орайлық Азиядағы ислеп шығарыўшылар, соның ишинде, өзбекстанлы исбилерменлерге халықаралық стандартларға муўапық тез ҳәм нәтийжели бәсекилесиў имканиятын береди.
Өндирислик потенциалды күшейтиў ҳәм халықаралық саўданы жеңиллестириў жергиликли исбилерменликти жеделлестирип, жумыс орынларын көбейтиў ҳәм шаңарақлық дәраматты арттырыўға хызмет етеди. Бул болса экономикалық өсиў ҳәм социаллық турақлылық арасындағы теңликти тәмийинлейтуғын инклюзив раўажланыўға жол ашады.
Саммиттиң билимлендириў тараўындағы нәтийжелери де үлкен әҳмийетке ийе болды. “Erasmus+” бағдарламасы шеңберинде Европа университетлеринде билим алатуғын орайлық азиялы студентлердиң саны сезилерли дәрежеде арттырылатуғыны белгиленди. Сондай-ақ, Европа Аўқамының “Horizon Europe” илимий-изертлеў бағдарламасының регионаллық офисин Өзбекстанда ашыў усынысы алға қойылды. Бул жасалма интеллект, "үлкен мағлыўматлар" ҳәм космослық технологиялар сыяқлы заманагөй тараўларда қоспа илимий бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятын береди.
Билимлендириў ҳәм илим тараўларындағы бирге ислесиў модернизация қуралынан тысқары, келешек жетекшилери ҳәм инновациялық экосистемаларға стратегиялық инвестиция болып табылады. Бул жас әўладты глобал мийнет базарында бәсекилесе алатуғын билим ҳәм көнликпелер менен тәмийинлеў менен бирге, миллий реформалар ҳәм мәмлекетлик басқарыў институтларын раўажландырыўға үлес қосады.
"Жасыл" экономикаға өтиў мәселесинде де әҳмийетли келисимлерге ерисилди. Өзбекстан 2030-жылға барып қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң үлесин 54 процентке жеткериўди мақсет еткен. Саммит шеңберинде Европа Аўқамы менен қуяш ҳәм самал электр станцияларын раўажландырыў, "жасыл" инвестиция платформаларын жаратыў ҳәм климат сиясаты бойынша бирге ислесиў, соның ишинде, углерод кредитлериниң регионаллық базарын иске қосыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Саммиттиң ең әҳмийетли нәтийжелеринен бири Транскаспий транспорт коридорын раўажландырыўға байланыслы келисим болды. Европа Аўқамы бул бағдарда “Global Gateway” басламасы шеңберинде 10 миллиард евро муғдарында инвестиция қаратыў нийетинде екенин әллеқашан мәлим еткен еди. Саммитте бул жойбарларды әмелге асырыўды даўам еттириў бойынша келисимге ерисилди.
Транспорт инфраструктурасын жақсылаў ислеп шығарыўшылар ушын қолайлық жаратып, инвесторлардың исенимин арттырады. Регионаллық бизнес орталығын жеделлестиреди. Халықлар арасындағы байланысты күшейтеди. Бул жол тек ғана жүк тасыў қуралы емес, ал интеграция ҳәм бирге ислесиўдиң әҳмийетли көпири болып есапланады.
Сондай-ақ, жәмийетлер арасындағы инсаный ҳәм мәдений жақынласыў мәселелери де дыққат орайында болды. 2025-жылы Бухарада Орайлық Азия - Европа Аўқамы туризм форумын өткериў ҳәм "Бир тур - пүткил регион" концепциясы тийкарында бирден-бир регионаллық виза системасын енгизиў усыныс етилди. Бул басламалар туристлердиң ағымын көбейтиў, хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў ҳәм мәдений алмасыўды тереңлестириўди нәзерде тутады.
Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў де әҳмийетли орын ийелейди. Гибрид қәўип-қәтерлер ҳәўиж алып атырған бүгинги дәўирде шегара қәўипсизлиги, терроризмге қарсы гүресиў, кибершыдамлылық ҳәм нызамсыз саўдаға қарсы гүресиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды. BOMCA - Орайлық Азияда шегараны басқарыў бағдарламасы сыяқлы жойбарларды кеңейтиў арқалы турақлылықты беккемлеў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, инсан ҳуқықлары, гендер теңлик, ҒХҚ еркинлиги ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға итибар шерикликте улыўма қәдириятларды сәўлелендиреди. Бул принциплер өз-ара исеним ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў тийкары болып хызмет етеди.
Президентимиздиң атап өткениндей, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа болып табылады. Европа Аўқамының институционаллық реформалар, пуқаралық еркинликлери ҳәм ашық басқарыўды қоллап-қуўатлаўы Орайлық Азияның раўажланыў стратегиясына үнлес.
Самарқанд саммити әпиўайы дипломатиялық жетискенлик емес, ал еки регионның турмысын өзгертиў потенциалына ийе стратегиялық ўақыя болып есапланады. Оның тийкарғы тәрепи қабыл етилген қарарларды әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын ашыўға хызмет ететуғын инвестициялар, қәбилетти арттыратуғын билимлендириў алмасыўлары, турақлылықты тәмийинлейтуғын энергетика бирге ислесиўи ҳәм инсан қәдирин жоқарылататуғын реформалар болып есапланады.
Жәҳән тәртиби турақсызлық ҳәм ыдыраў қәўпи астында турған бир ўақытта Орайлық Азия - Европа Аўқамы шериклиги конструктивлик ҳәм келешекти гөзлеген бирге ислесиў үлгисин усынбақта. Енди бул үлкен идея ҳәм келисимлерди турмысқа енгизиў процеси миллионлаған инсанлардың турмысында бул стратегиялық жетискенликлер қай дәрежеде өз көринисин табыўын белгилеп береди.
Элдор ТУЛЯКОВ,
“Тараққиёт стратегияси” орайы атқарыўшы директоры