баннер
23 Apr 2025
09:07

    Миллий медицина орайы: Тараўды модернизациялаў ҳәрекетлеринде интакер қатнасыўшы

    Елимизде денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялаў, қыйын медициналық әмелиятлардың қамтып алыўын және де кеңейтиў бойынша ҳәрекетлер жедел даўам етпекте. Ерисилген нәтийжелер қанша көп болса, ерисилиўи керек болған ўазыйпалар буннан да көп.

    Медицина системасын раўажландырыў процесинде пайтахтымызда жумыс алып барып атырған, халқымызға халықаралық дәрежеде медициналық хызметлер көрсетип киятырған Миллий медицина орайы айрықша орын ийелейди. Орайда хирургия, урология, трансплантология, травматология-ортопедия, гинекология, кардиохирургия, нефрология, кардиология, эндокринология, кардиоревматология, стоматология ҳәм басқа да бөлимлер болып, жәми 169 түрдеги 1000 нан аслам алдыңғы медициналық әсбап-үскенелер орнатылған.

    Орай 500 орынға мөлшерленген. Амбулатор ҳәм стационар шараятта 200 ден аслам түрдеги жәрдем көрсетиледи. Онда жылына 3000 нан аслам жоқары технологиялы хирургиялық операцияны, соның ишинде, аорта-коронар шунтлаў, эстетик-пластикалық хирургия, артропластика, орган ҳәм тоқымаларды көширип өткериў сыяқлыларды әмелге асырыў имканияты бар.

    Миллий медицина орайы әллеқашан халқымыз арасында танылып үлгерди. Буның биринши себеби орайда үлкен тәжирийбеге ийе шыпакерлер ҳәм ең заманагөй технологиялар жәмленген болса, кейинги себеби орайда әмелге асырылып атырған медициналық әмелиятлар баҳасы жағынан сырт елдикинен сезилерли дәрежеде парықланады. Мәселен, тек ғана бүйрек трансплантациясы әмелиятын алатуғын болсақ, қәрежетлер Ҳиндстанға қарағанда 3-4 есеге арзан түспекте.

    Жақында иске қосылған AiC жасалма қан айланыў аппараты болса медицинамыз ушын әҳмийетли жаңалық сыпатында күтип алынды. Ҳақыйқатында да, Орайлық Азияда бирден-бир болған бул аппараттың иске қосылыўы жүрек хирургиясы тараўында ерисилип атырған жетискенликлерден бири болды. Бул алдынғы технология жүрек операциялары ўақтында тийкарғы роль атқарады. Қалайынша? Бул система операция ўақтында жүрек ўақтынша тоқтатылған жағдайда наўқастың қан айланыўын тәмийинлейди ҳәм операцияның қәўипсиз өтиўин кепиллейди.

    AiC қан айланыў аппараты жәрдеминде биринши хирургиялық операция самарқандлы 54 жастағы Ҳасан Бабаевта өткерилди. Қуўанышлы тәрепи, жүрек кеселлиги себепли денсаўлығы қәўип астында болған жерлесимиз хирургиялық операциядан кейин өзин жүдә жақсы сезбекте. Соннан берли усы бағдардағы жүзлеген хирургиялық операциялар өткерилип, олардың өмирге исеними беккемленип келмекте.

    Сондай-ақ, Миллий медицина орайы бүгинги күнде көз микрохирургиясы бойынша да үлкен нәтийжелерге ериспекте. Орайда диабетлик ретинопатия, катаракта, глаукома сыяқлы қурамалы көз кеселликлери халықаралық стандартларға муўапық тәризде емленбекте. Лазер технологиялары ҳәм микрохирургиялық усыллар арқалы көриў қәбилетин тиклеў әмелиятлары барған сайын раўажланбақта.

    - Танысларымнан еситип, Миллий медицина орайының көз микрохирургиясы бөлимине OD – BOB IIa glaukoma, OS – BOB IVb глаукома диагнозы менен мүрәжат еткен едим, - дейди 54 жасар Матлуба Деҳқонова. - Орайдың микрохирурглары антиглаукоматоз хирургиялық әмелиятын өткерди. Көриў қәбилетим сақланып қалғаны ҳәм кеселлик асқыныўларының алды алынғаны ушын орай шыпакерлерине оғада миннетдарман. Олардың наўқаслар менен шын жүректен қатнасы, жумысына жуўапкершилик пенен қараўы денсаўлығыңызды тиклеўге болған исенимиңизди сезилерли дәрежеде арттырады. Шүкир, операциядан кейин өзимди жүдә жақсы сезип атырман.

    Мәмлекетимизде трансплантология тараўында да сезилерли жетискенликлерге ерисилмекте. Онда Миллий медицина орайында ҳәр шеректе 20 дан аслам бүйрек ҳәм 10 ға шамалас баўыр трансплантациясы табыслы өткерилип атырғанын атап өтиў керек. Бурын бундай операцияларды тек ғана сырт елде өткериў мүмкин болған, бүгин олар өзимизде, халықаралық стандартлар тийкарында әмелге асырылмақта. Мағлыўмат 2024-жылдың өзинде орайда 70 тен аслам бүйрек трансплантациясы өткерилген. Онда алдынғы иммуносупрессив терапия наўқаслардың бейимлесиў процесин аңсатластырмақта.

    Әндижанлы 45 жасар наўқас бираз алдын баўыр трансплантациясы бойынша орайға мүрәжат еткен еди. Шыпакерлер оны зәрүр тексериўлерден өткерип, әмелият өткериў мүмкинлиги бойынша қарар қабыл етти. Наўқасқа 37 жасар қарындасының баўырының оң бөлеги табыслы көширип өткерилди. Өзиниң айтыўынша, бүгин улыўма жағдайы әдеўир жақсы.

    - Сырт елге барып, пәлен долларға ислетилетуғын операцияның өзимизде өткерилип атырғанын еситип, дәслеп еки ойлы болдым. Усы жерде ислетсем бе ямаса сырт елге барсам ба, деп көп ойландым. Бирақ Миллий медицина орайының потенциалы сырт ел емлеўханаларынан ҳеш қалыспайды екен. Баҳасы арзанлығы кеўлиңди бираз көтереди, - дейди Хуршид Каримов.

    Миллий медицина орайы эндоваскуляр хирургияны раўажландырыў бойынша да жетискенликлерге ерисе баслаған. Усы бағдарда ҳәптесине 150 ден аслам операция өткерилмекте. Бунда жүрек ҳәм мий қан тамырларындағы патологияларды хирургиялық әмелиятсыз, минимал инвазив усылда емлеў жолға қойылған.

    Сондай-ақ, елимиз бойлап хызмет көрсетип атырған мобил ангиограф жүрек-қан тамыр кеселликлерин ерте басқышта анықлаў ҳәм емлеў имканиятын жаратпақта. Бүгинги күнге шекем 5 000 нан аслам наўқас мобил ангиограф арқалы тексерилип, жүрек-қан тамыр кеселликлери бойынша 1200 ден аслам патология анықланды. Ҳақыйқатында да, операцияға мүтәж наўқаслардың 70 проценти әйне усы хызмет арқалы анықланғанының өзи нәтийжениң қаншелли нәтийжели болып атырғанынан дәрек береди.

    Миллий медицина орайы жәмәәтиниң медицинамызды және де заманагөйлестириў бойынша келешектеги режелери де салмақлы.

    - Орайдың бөлимлери ҳәм хызметлерин раўажландырыў шеңберинде нейрохирургия бағдарында эпилепсия ҳәм паркинсонизм кеселликлерин миниинвазив хирургиялық усылда емлеўди жолға қойыў нийетиндемиз, -дейди орай директоры Мақсуд Саидов. - Сондай-ақ, нейроорай жумысы кеңейтилип, онда өткир мий қан айланыўы бузылыўларын ерте емлеў арқалы майыплық ҳәм өлимшилик жағдайларын азайтыў мақсет етилген. Кем ушырасатуғын неврологиялық кеселликлерди ерте анықлаў илажлары да көрилмекте. Генетикалық таллаў тийкарында "ақыллы" дәри-дәрмақ қолланылып, IV дәрежедеги онкологиялық кеселликлер Саr T-cell терапиясы арқалы емленеди. Жүрек қан-тамыр орайы қурамында өткир коронар синдром орайы шөлкемлестирилип, жүрек кеселликлеринен өлим ҳәм майыплық жағдайларын азайтыў ҳәрекетлери басланған. Созылмалы аўырыў синдромына шалынған наўқаслар ушын физиореабилитация хызметлериниң жолға қойылыўы режелестирилген. Аймақлық жойбарлар шеңберинде де трансплантация бағдарында үлкен нәтийжелерге ерисиўди гөзлеп атырмыз. Соның ишинде, орай қәнигелери тәрепинен аймақларда 10 өкпе, 150 баўыр ҳәм 200 баўыр трансплантациясы әмелге асырылады. Сондай-ақ, мобил ангиография жәрдеминде республика бойлап 36 мыңнан аслам халыққа ангиографиялық тексериўлер өткерилиўи нәзерде тутылған. Диагностика ҳәм емлеў процесин жетилистириў мақсетинде жаңа 18 диагностика ҳәм 9 емлеў усылы енгизиледи. Әсиресе, онкологиялық кеселликлерди анықлаў ҳәм емлеўде ультрасес навигациялы пункциялық биопсия, радиочастота абляциясы ҳәм интервенциялық хирургиялық эмболизация әмелиятлары кеңнен енгизилиўи белгиленген. Келешектеги режелеримиз қатарында тәжирийбе арттырыў ҳәм илимий изертлеўлер бағдарында үлкен жумысларды әмелге асырмақшымыз. Онда жәми 600 қәниге район емлеўханаларында, 150 и орайда, 16 сы болса абырайлы сырт ел клиникаларында тәжирийбе арттырыўы режелестирилмекте. Орайдың изертлеўшилери жүрек-қан тамыр кеселликлери, трансплантация ҳәм заманагөй реабилитация бойынша 22 илимий изертлеўди әмелге асырады. Сондай-ақ, Германия, Россия ҳәм Беларустан 6 қәниге турақлы жумысқа тартылыўы күтилмекте. Халықаралық бирге ислесиў ҳәм медициналық туризмди раўажландырыў бойынша мақсетлеримиз үлкен. Бул бойынша 9 мәмлекеттен 19 қәниге шақырылып, шеберлик сабақларын шөлкемлестириў ҳәм жаңа технологияларды үйретиўи нәзерде тутылған. Соның менен бирге, сырт елли наўқаслар ағымын 3 есеге арттырыў ҳәм бул арқалы кеминде 5 миллион доллар дәрамат келтириў мақсет етилген.

    Бир сөз бенен айтқанда, Миллий медицина орайы мәмлекетимиз медицинасын заманагөйлестириў бойынша ҳәрекетлерде интакер қатнасыўшыға айланып бармақта. Оның сапа жағынан буннан былай да раўажланыўы, қамтып алыўы кеңейиўинен болса халқымыз мәпдар және миннетдар болады.


    Жонибек АЛИЖОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" газетасы хабаршысы

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech