Мине, усы үлкен ўақыяның орайында жаңа Өзбекстан турғаны, мәмлекетимиздеги түпкиликли реформалар себепли Орайлық Азия руўхының пайда болғаны айрықша итибарға ылайық ўақыя болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта бул тарийхый ўақыяларды таллаў, оның тийкарындағы турмыслық ҳақыйқатларды аңлаў зәрүр. Себеби, бундай кең көлемдеги өзгерислер бизге турақлы ҳәм абадан турмыстан дәрек бермекте. Бундай жәмийетти белсенди пуқаралық позициясына ийе шахслар жаратады.
Бүгин болса биз Орайлық Азия, атап айтқанда, елимиз келешегин белгилеп беретуғын тарийхый ўақыяларға бирме-бир тоқтап, илажы болғанынша оның мәнисин аңлаўға ҳәрекет етсек.
БИРЛИК БЕРЕКЕТ ӘКЕЛЕДИ
БИРИНШИ ЎАҚЫЯ. Хоженд саммитинде Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы шегара менен байланыслы әсирлик мәселе толық шешилди.
Бир ғана гәп пенен аңлатылған бул ўақыяның тийкарында соңғы жети-сегиз жылдағы избе-из реформалар, жаңа Өзбекстанның өз-ара исеним ҳәм дослық бирге ислесиўге тийкарланған сыртқы сиясаты жатыр. Биз дүньяға, бәринен бурын, қоңсыларымызға меҳир дәрўазасын кең аштық. Ҳәзирет Бабур Мырзаның: "Ким нени излесе, табады гүмансыз", деген ҳикмети турмыслық ҳақыйқат екенлиги және бир мәрте тастыйықланды. Дүнья да бизге қушағын ашты. Өткен ўақыт даўамында Орайлық Азия халықлары бир-бирин түсиниўин, мәселени қол көрсетип емес, көксимизге қойып, ата-бабаларымыз сыяқлы мәсләҳәтлесип шешиў зәрүр екенлигин аңладық.
Өмир ҳикметлерге толы. Жақсы нийет пенен жерге қадалған туқым жыллар өтип үлкен терекке айланады. Оның саясынан рәҳәтленесиз, мийўасын шаңарағыңыз, жақынларыңыз бенен бөлисе аласыз. Бирақ бәрқулла аспанға сүйениш болған терек алақаныңызға сыятуғын кишкене туқым болғаны ҳаққында ойлап көрмейсиз. Өсиў ҳәм өзгерислер бәрқулла мине усындай кишкене тухымларды егиў сыяқлы әпиўайы жумыслардан басланады. Жаңа Өзбекстандағы дәслепки өзгерислерди де усы тәризде сәўлелендириў мүмкин. Жақын тарийхта Орайлық Азия мәмлекетлери арасында сым тосықлар тартылған, миналар орнатылған еди. Әзелден туўысқан, қоңсы болған халықлар бир-бирине жат сыпатында виза режимин енгизген, бул тек ғана әпиўайы халық емес, ал мәмлекетлердиң экономикалық өсиўине де тосқынлық етип атырған еди. Қоңсылар бир-бири менен жағаласыў дәрежесине барғаны да ашшы ҳақыйқат. Мине усындай қыйын жағдайды жумсартыў аңсат емес еди. Региондағы бул жағдай жақсыланатуғынына көпшилик исенбеген еди. Шүкир, аққан дәрья ақпай қалмас екен. Жаңа Өзбекстандағы реформалар ата-бабалар мийрасына сәйкес түрде раўажланды. Жаңаланыўлар тең ҳуқықый тийкарға ийе исенимли дослық тийкарына қурылмақта. Бундай өмир бағышлаўшы самал пүткил регионға тарқалды. Дәслеп виза режими бийкар етилди.
Бир ғана усы тарийхый қарар миллионлаған адамлардың тәғдирин өзгертип жибергени әйне ҳақыйқат. Жақын туўысқанының ҳалынан бийхабар жасап атырған, сым тосықтың аржағынан ап-анық көринип турған ата үйине бара алмай, той ҳәм азалардан бос қалғанлар қанша еди. Виза режими бийкар етилиўи әпиўайы адамлардың мине усындай аўыр дәртине дәрман болды. Шүкиршилик себепли қоллар ел-журт тынышлығы, абаданлығын сорап көкке созылды. Дуўа - хош-берекет демек!
Саўда-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық байланыслар түп-тийкарынан қайта көрип шығылды. Бирге ислесиўдиң жаңа ҳәм түп-тийкарынан реформаланған бағдарламасы иске қосылды. Күни кеше ғана бир қарыс жер ушын туўылған тартысларға шек қойылды. Халқымыздың "Айрылмас қоңсыңа уятты сөз айтпа", деген даналығына әмел еттик. Нәтийжеде тартыслы жерлер бойынша мақул келисимлерге ерисип, бирден-бир регион, бир пүтин жәмийетке айланыў мақсети қарар тапты. Тек ғана усы арқалы кескин экономикалық өсиў ҳәм кепилликли турақлылыққа ерисиў мүмкин. Бул жолда өзимиз өзгермесек, сырттан келип ҳеш ким биз ушын жақсылық етип бермейтуғынын терең түсиндик.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Самарқандтағы "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити алдынан “Euronews”ке берген интервьюинде бул бойынша мынадай пикир билдирди: "…Тилекке қарсы, Орайлық Азия да бундай жағдайлардан шетте қалмаған. Ҳәр қыйлы дәўирлерде бул жерде қураллы соқлығысыўлар жүз берген, шегара мәселелери, суў-энергетика машқалалары, транспорт ҳәм байланыс тараўындағы қыйыншылықлар, қәўипсизликке байланыслы қәўип-қәтерлер жағдайды аўырластырған. Бул болса узақ даўам ете алмас еди. Келиспеўшиликлер күшейди, келиспеўшиликлер тереңлести ҳәм жүзеге келип атырған қыйын жағдай регионның қәўипсизлигине үлкен қәўип сала баслады.
Биз мине усындай реал жағдайды аңлап жетип, стратегиялық қарар қабыл еттик: Орайлық Азияда конструктивлик, жақсы қоңсышылыққа тийкарланған ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды басқышпа-басқыш қурыў. Бул қатнастың тийкарында өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет, улыўма мәплерди есапқа алыў ҳәм тән алыў жатады".
Мине, усы конструктивлик, жақсы қоңсышылыққа тийкарланған бирге ислесиўимиз нәтийже бере баслады. Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан Мәмлекетлик шегарасын делимитациялаў ҳәм үш мәмлекет мәмлекетлик шегараларының тутасқан ноқаты ҳаққындағы шәртнамаларға қол қойылды. Регионымыздың турақлылығы, избе-из раўажланыўының тымсалы сыпатында Дослық стеласы орнатылды.
Халқымызда "Берекет - татыўлықта", деген нақыл бар. Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы жыллы қатнасықлар раўажланып барған сайын регион, атап айтқанда, елимизге берекет жаўып атыр, десек қәте болмайды. Пикиримизди анық фактлер менен тийкарласақ. Кейинги жыллары Өзбекстанның Қырғызстан ҳәм Тәжикстан менен товар алмасыў көлеми он еседен зыятқа артқан. Бул көлемниң дерлик ярымы шегара алды аймақларға туўра келеди. Бул тиккелей кейинги жыллардағы өзгерислер, тек ғана мәмлекетлер емес, ал белгили бир ўәлаят, район шеңберинде саўда-экономикалық байланыслардың жолға қойылғанының нәтийжеси болып есапланады.
Бирге ислесиўимиз жаңа басқышқа шыққан екен, демек буннан кейин жумысларды соған мүнәсип шөлкемлестириў зәрүр. Сонлықтан, Хоженд саммити ўақтында мәмлекетлер жетекшилери шегаралардағы бажыхана пунктлерин комплексли модернизациялаў ҳәм кеңейтиў, қолайлы, заманагөй саўда ҳәм логистика инфраструктурасын қәлиплестириў бойынша пикир алысты. Үш тәреплеме саўда майданын шөлкемлестириў, санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң турақлы жумыс алып баратуғын көргизбе-ярмаркасын жолға қойыў мәселесин үйрениў усыныс етилди.
Улыўма, бундай кең көлемдеги өзгерислер исбилерменлерге кеңнен жол ашты. Бүгин Өзбекстан исбилерменлери қоңсы мәмлекетлерде заманагөй өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириўде белсене қатнаспақта. Бул бағдардағы жумысларды жедел даўам еттириўде биргеликтеги инвестициялық қорлардың капиталын басқышпа-басқыш арттырыўға таяр екенлигимиз айтылды. Бул тиккелей мәмлекетлер арасында транспорт, логистика байланысларын және де раўажландырыў талабын қояды. Бул бағдарда да мәмлекетлеримиз келисимлерге еристи.
Усындай көплеген факторлар себепли бүгин дүнья халқы Орайлық Азия руўхы ҳаққында сөз етпекте. Регионымыз бенен есапласыў кереклигин түсинип жетпекте. Орайлық Азияға экономикалық, жәмийетлик-сиясий имканиятларға ийе турақлы аймақ, деген көзқарас қәлиплесип атыр. Буның әмелий көриниси биз төменде пикир билдирмекшимиз болған тарийхый ҳақыйқатлықта толық сәўлеленди.
ОЯНҒАН ҚӘЛБЛЕР КЕҢЕСИ
ЕКИНШИ ЎАҚЫЯ. Әййемги ҳәм наўқыран Самарқанд қаласында "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити болып өтти.
Әмир Темурдың мынадай ҳикметли сөзи бар: "Кеңес еки түрли болады: бири - тил ушында айтылғаны, екиншиси - жүректен шыққаны. Тил ушында айтылғанын тек еситип турдым. Жүректен айтылган мәсләҳәтти болса қәлбимниң қулағына қуятуғын едим ҳәм кеўлиме жайлайтуғын едим".
Сондай-ақ, Самарқандтағы "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити ояў жүреклер кеңеси болды. Неге ояў кеўиллер, деп атап атырмыз?! Себеби әпиуайы. Бүгин дүнья көриниси, геосиясий процесслер түп-тийкарынан өзгерди. Полярларды анықлаў, жүз берип атырған процесслердиң ақыбетин болжаў қыйынласты. Қорғаныў қүдирети де, экономикалық турақлылық та толық кепиллик бола алмайтуғынын турмыстың өзи көрсетип тур. Бундай жағдайда бирден-бир дурыс жол дослық, исенимли бирге ислесиў болып табылады. Усы мәниде, еки регионның бирге ислесиўи тарийхый ўақыя болды.
"Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити көп қырлы келисимлерге тийкар жаратты. "Самарқанд руўхы", деген тарийхый ҳақыйқат себепли бул саммиттиң перспективасы жоқары болатуғынына исенемиз.
Ата-бабаларымыз терең турмыслық бақлаўлар есабынан дүнья экономикалық қатнасықлар арқалы абат болады, деген. Биз билемиз, әзелден кәрўан жолындағы қала халқы абадан жасаған. Илимде алдында болған. Себеби, өз дәўириниң онлайн сабақлығы да, жасалма интеллектке уқсас заманагөй билимданы да кәрўанлар менен қосылып келген. Тап сол саўда адамлары жаңа илим-пән ҳәм мәдениятты алып және изине кайтқан. Ҳәзирги Орайлық Азия, атап айтқанда, Өзбекстан аймағында усындай кәрўан жолларына тийкар салынған. Ата-бабаларымыз усы жол арқалы дүнья халықларына илим-ағартыўшылық үлескен. Пикиримизди тарийхый факт пенен тийкарласақ.
Тарийхшы досларымыздың атап өтиўинше, Бронза дәўиринде "Ложувард жолы", деп аталған саўда жолы болған екен. Оның бир тармағы Бадахшан, Бактрия ҳәм Маргияна аймақларын Хорезм, Согд, Орайлық Қазақстан ҳәм Урал менен байланыстырған. Және бир тармағы болса, Бактрия ҳәм Маргияннан Месопотамия менен тутасқан. Бул жол Памир таўларынан басланып, Иран, Алдынғы Азия, Мысыр арқалы өткен. Солай етип, әййемги Шығыс ҳәм Орайлық Азия ортасында экономикалық, мәдений байланыслар орнатылған. Тап усы дәўирде Орайлық Азияда зардуштийлик тәлийматы пайда болды. Ол бизиң аймақта раўажланды, үлкен тәлимат дәрежесине жетти. Ең бийбаҳа қолжазба "Авесто" жүзеге келди.
Уллы жипек жолы пайда болғаннан кейин Орайлық Азия узақ мүддетли ҳәм жоқары перспективаға ийе раўажланыўға еристи. Ата-бабаларымыз Ислам тәлийматының адамгершилик идеяларын илимий тийкарда ашып берди. Дүнья илимине ҳәм философиясына үлкен үлес қосты. Буның тастыйығы сыпатында Муҳаммед Хорезмий, Аҳмед Ферғаний, Абу Райхан Беруний, Ибн Сина, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Мырза Улығбек сыяқлы уллы алым ҳәм ойшылларымыздың атын еслеўдиң өзи жеткиликли. Айтпақшы болғанымыз, елимиз бәрқулла цивилизация ошағы болған. Үлкемиз барлық заманларда өнимдар топырақ сыяқлы илим-пән қырманына мол зүрәәт қосқан. Бизге шекем қандай тәлиймат, илим-пән ямаса мәденият жетип келсе, ол әлбетте, бабаларымыздың ақылы менен жетик дәрежеде раўажланған ҳәм дүнья халқына усынылған.
Бунда Уллы жипек жолының кесилиспесинде жайласқан Самарқанд қаласының айрықша орны бар. Бул әййемги қала әсирлер даўамында цивилизациялар қарым-қатнасы ҳәм Шығыс пенен Батыс арасындағы дипломатия, саўда ҳәм мәдений алмасыўлардың әҳмийетли орайы болған. Атап айтқанда, Әмир Темур Европа ҳүкимдарлары менен еркин ҳәм қәўипсиз саўданы тәмийинлеў мақсетинде жедел байланыслар орнатады. Биз бүгин бундай саўда байланысларын өз-ара исенимге тийкарланған стратегиялық шериклик, деп атаймыз.
Темур бабамыз дәўириндеги тынышлықтың қәдири басына алтын толы себет көтерген адам кәрўан жолын қәўипсиз басып өтиўи менен белгиленеди. Оның турмыслық нәтийжеси де бизге жақсы белгили. Әмир Темур дәўиринде абадан ҳәм турақлы мәмлекетшилик жүзеге келди. Барлық тараў - илим, экономика, өнерментшилик, дөретиўшилик, әдебият ҳәм көркем өнер бирдей раўажланды.
"Тарийхан қәлиплескен түсиникке бола, Самарқандтан турып қарағанда, дүнья тарқақ емес, ал тутас ҳәм бөлинбес болып көринеди", деген мәнили сөздиң тийкарында мине, усындай турмыслық ҳақыйқатлар бар.
Раўажланыў өзин-өзи тәкирарлаў қәсийетине ийе. Оны узақ жасайтуғын үлкен терекке уқсатыў мүмкин. Заманлар толқыны бул теректи жер менен жексен етсе де, ол қайта-қайта көкке бой соза береди. Бул Самарқанд саммити мысалында және бир мәрте тастыйықланды. Дүньяда уқсасы жоқ бул бирге ислесиў платформасы еки регионның тарийхый байланыслары қайта тикленгенинен ҳәм айдын келешегинен дәрек бермекте. Буннан сегиз жыл алдын Өзбекстан менен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки қатнасықлары тоқтап қалған еди. Елимиздеги унамлы өзгерислер себепли бүгин банктиң ең ири бенефициарларынан бирине айландық.
Кейинги жети жылда Орайлық Азия мәмлекетлериниң Европа Аўқамы менен өз-ара товар айланысының көлеми бир неше есеге өсип, 54 миллиард евроға жетти. Самарқандтағы саммит шеңберинде көп қырлы қатнасықлар жаңа басқышқа шықты. Сиясий сөйлесиўлерди беккемлеў жолындағы ҳәрекетлер ҳәм инвестициялар, көп тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары көрип шығылды. Саммит жуўмақлары бойынша Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасында стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында тарийхый қарар қабыл етилди.
Әййемги заманда болғанындай, көп қырлы бирге ислесиўдиң жаңа басқышына тийкар салынды. Бурын да саўдагерлер инвестиция киргизген. Өнерментлерге, ислеп шығарыўшыларға алдыннан пул берип өним алған. Бүгин де тармақларға инвестиция киргизиў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм товар алмасыўды көбейтиў ҳаққында ийгиликли басламалар алға қойылды. Бабаларымыз ең соңғы технологияларды, билимлерди кәрўан жоллары арқалы өзлестирген, дедик. Еки регион арасындағы жаңа байланысларда инновацияларды қоллап-қуўатлаў, илимий потенциалға хызмет ететуғын келисимлер ҳаққында сөз болды. Әмелий қәдемлер тасланды.
Техникалық раўажланыў дәўири өз заманына сай жаңаша алмасыўларды да күн тәртибине шығармақта. Бул "жасыл" энергетика экспорты болып есапланады. 2024-жылы Баку қаласында өткерилген БМШтың Климат өзгериўи ҳаққындағы рамкалы коньвенциясы Тәреплер конференциясының 29-сессиясы (COP29) шеңберинде бул бағдарда исенимли қәдем тасланған еди. Соған муўапық, Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Әзербайжан Европаға "жасыл" энергия коридоры жойбарын иске қосыў бойынша келисимге еристи. "Жасыл" энергетика бағдарында регионымыз үлкен потенциалға ийе. Оннан ақылға уғрас пайдаланыўда Европаның заманагөй техникалық имканияты да қол келеди, деп ойлаймыз. Демек, ҳәр еки тәрепке бирдей пайдалы, исенимли келисимге тийкар бар. Бул бағдар экспертлер тәрепинен заманагөй геоэкономикалық бирге ислесиў, деп тәрийпленбекте. Усының өзи-ақ артқа қайтпайтуғын түрге енген өзгерислер пүткиллей жаңа көриниске ийе болып атырғанын көрсетеди.
Және бир әҳмийетли тәреп, логистика бағдарындағы бирге ислесиўге тоқтап өтиў керек. Өнимлерди, санаат ҳәм аўыл хожалығының таяр товарларын Европа базарына жеткерип бериў ушын нәтийжели транспорт коридорлары жоқ. Усы мәниде, Транскаспий транспорт коридорын кеңейтиў ҳәм оннан пайдаланыў ушын муўапықластырылған илажлар ҳәм қолайлы шараятларды ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мақсетте Евроаўқамның қәўендерлигинде бул бағдарда жайласқан мәмлекетлер транспорт министрлериниң ушырасыўын шақырып, өз-ара келисилген көзқарасларды ислеп шығыў усыныс етилди.
Раўажланыў тәкирарланыўшы қәсийетке ийе, дегени мине усы болады. Мениңше, бул логистикалық келисим Уллы жипек жолының заманагөй альтернативи болып хызмет етеди. Бул экспортёрларымыздың потенциалын арттырады. Регионлар арасындағы әсирлик байланысларды және де беккемлейди. Қуўанышлы тәрепи сонда, ЕТРБ прогнозларына бола, усы жылы регионаллық жалпы ишки өнимниң көлеми 6 процентке шекем артады. Бул басқа регионлардағы орташа көрсеткишлерден сезилерли дәрежеде жоқары дегени. Мәмлекетлеримизде жетекши миллий билимлендириў мәкемелериниң филиаллары ашылмақта. Сырт елли туристлер ушын бирден-бир Орайлық Азия визасы жойбары алға қойылмақта. Булардың барлығы Орайлық Азия қурамалы геосиясий процесслер ўақтында халықаралық майданда жаңаша көзқарас ҳәм форматта өзин көрсете баслағанынан дәрек береди.
ХАЛЫҚТЫ РАЗЫ ЕТИЎДИҢ ӨЗБЕКШЕ МОДЕЛИ
ҮШИНШИ ЎАҚЫЯ. Ташкент қаласында Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы болып өтти.
Өз қатарында 181 миллий парламент ҳәм 15 регионаллық аўқамды бирлестирген Парламентлераралық Аўқамның Ассамблеясы биринши мәрте Орайлық Азия регионында болып өткенин атап өтиў зәрүр. Экспертлер юбилей Ассамблеясы Ташкентте өткерилгенинде де символикалық мәнис бар екенин атап өтти.
Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Ассамблея қатнасыўшыларына мүрәжат етип: "Сизлер - мисли халықларды бир-бирине байланыстыратуғын беккем дослық көпирисиз. Сизлер адамлардың дәрти ҳәм машқалаларын ең төменги системадан баслап, керек болса, регионаллық ҳәм халықаралық көлемге алып шығыўға, оларға нәтийжели шешим табыўға уқыплы болған қүдиретли күшлерсиз.
Әлбетте, сизлер өз халықларыңыздың ерк-ықрарын көрсетип, миллий раўажланыў моделлерин ислеп шығыўда, заманагөй қәўип-қәтерлерге мүнәсип жуўап бериўде үлкен рол атқармақтасыз", деди.
Әнжуманның ҳәр бир қатнасыўшысы артында турған сайлаўшыларды есапқа алсаңыз жүдә үлкен сан пайда болады. Бул, бираз көркемлик пенен айтқанда, дүнья халқының дерлик ярымы биз бенен пикирлес екенин көрсетеди. Әнжуманда 140 қа шамалас мәмлекеттен 2 мыңнан аслам қатнасыўшы қатнасты. Және бир әҳмийетли тәрепи, Өзбекстанның басламасы менен Ассамблея "Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети" атамасында өткерилди. Бул арқалы дүньяның түрли регионлары ҳәм мәмлекетлеринен келген халық ўәкиллери жаңа Өзбекстан сиясатының тийкарғы бағдарлары болған тәреплерге бийпәрўа емес екенлигин тастыйықлады. Бул илаж тек ғана парламентаризм ҳәм турақлы раўажланыўдың унамлы тәжирийбеси жоқары болған мәмлекетлерде ғана өткериледи. Соның өзи-ақ елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың халықаралық көлемдеги және бир үлкен көриниси болып есапланады.
Ассамблеяның тийкарғы темасы шеңберинде пүткил дүнья парламентлери халықты социаллық қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў, ҳуқық үстинлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм өз тәжирийбелери менен ортақласты. Сондай-ақ, Парламентлераралық аўқамның комитетлери тәрепинен инсан ҳуқықларын қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, илим ҳәм технология, жаслар мәселелерине бағышланған ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестирилди. Буны жүдә узақ талқылаў мүмкин. Бирақ ўақтыңызды алмаў ушын усы әнжуманға қысқаша түсиник берейик.
Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, парламент ўәкиллери өз халқының ерк-ықрарын көрсетип, миллий раўажланыў моделлерин ислеп шығыўда, заманагөй қәўип-қәтерлерге мүнәсип жуўап бериўде үлкен рол атқармақта. Яғный, әнжуманда шахслар, аймақ ямаса мәмлекетлер емес, ал миллионлаған әпиўайы адамлардың тилек-өтинишлери әҳмийетли орын ийеледи. Бул толық жаңа Өзбекстан таңлаған жолға сәйкес келеди.
Инсан қәдири ушын басланған реформаларымыз Бас нызамымызда социаллық мәмлекет принципи менен беккемленди. Жаңа редакциядағы Конституциямыздың авторы халқымыз болды.
Тама-тама көл болады, дейди халқымыз. Елимиздеги жаңаланыўлар дәслеп халқымызда ертеңги күнге исенимди беккемледи. Реформалар көлеми халықаралық көлемге шығып, Орайлық Азия руўхын пайда етти. Сол өсиў, раўажланыў есабынан регионлараралық бирге ислесиў, деген әййемги байланыслардың заманагөй көриниси пайда болды. Нәтийже сондай болды, бундай реформаларға дүнья халықларының абаданлығы, сиясий ой-пикирдиң нәтийжели үгит-нәсиятлаўшылары болған парламент ўәкиллери тек ғана исеним билдирип қоймастан, ал, халықты разы етиўдиң өзбекше моделин үйрениў, өзлестириў керек екенлигин тән алды.
ЖАҢА ӨЗБЕКСТАННЫҢ "ЖАСЫЛ" БАСЛАМАЛАРЫ
ТӨРТИНШИ ЎАҚЫЯ. Самарқанд халықаралық климат форумы ҳәм оның шеңберинде Арал мәденият саммити болып өтти.
Бүгин экологиялық мәселелер глобал дәрежеге шықты. Илимий изертлеўлер жақын келешектеги қәўиплерден ескертпекте. Бундай жағдайда ҳәмме бир жағадан бас шығарып, әмелий жумысларға өтиўи шәрт. Сонлықтан, Президентимиз форум қатнасыўшыларына мүрәжат етип, "Қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаўда жуўапкершилик ҳәммемиздиң мойнымызда. Бул күн тәртибимиздеги ең әҳмийетли мәселе", деди.
Егер жаңа Өзбекстандағы өзгерис, реформалардың ең әҳмийетли бир тәрепин айтыў зәрүр болса, бар мәселелерге нәтийжели, турмыслық шешим берилип атырғанына, итибар берген болар едик. Буны бир ғана Арал мысалында да көрип турмыз. Елимиздеги дәслепки өзгерислер дәўиринде-ақ әсирлик машқалаға ең жақсы шешим табылды. Сол ўақыттың өзинде әмелий ҳәрекетлер басланды. Аралбойының 2 миллион гектардан аслам шөл аймақларында қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер егилди.
Биз мақаламыздың басында, елимизде басланған өзгерислер әсте-ақырын қушақ жайып, халықаралық майданға шығып атырғанын айтқан едик. Жаңа Өзбекстанның "жасыл" басламалары да тап усындай көриниске ийе болмақта. Президентимиз форумда әжайып идеяны алға қойып, "Ҳәр жылы Наўрыз байрамы алдында терек егиў бойынша "Орайлық Азияның жасыл белбеўи" регионаллық акциясын өткериўди усыныс етемен", деди.
Ҳәзирети Әлийшер Наўайы бес әсир алдын:
"Әлем халқы билиңиз, ис емес душпанлық,
Яр болың бир-бириңизге, ерлик исдур", деп айтқан еди. Бүгин бул шақырық жаңа Өзбекстан минберинде заманагөй түрде қайта-қайта тәкирарланбақта.
Арал мәденият саммити регионды көркем өнер, мәденият, дизайн ҳәм илим арқалы социаллық ҳәм экологиялық жақтан өзгертиўге қаратылған жаңа жойбар болып есапланады. Ол Арал теңизи экосистемасын қәстерлеп сақлаў, жергиликли мәдениятты халықаралық майданда ғалаба ен жайдырыў бойынша жаңа стратегияларды қәлиплестириўге хызмет етеди. Усының өзи де өз алдына тема ҳәм таллаўды талап етеди.
Улыўма, кейинги еки ҳәпте Орайлық Азия, атап айтқанда, жаңа Өзбекстан руўхы халықаралық медиа әлемниң бас темасы болды. Пүткил дүньяның нәзери бизге қаратылды. Олар жоқарыда санап өтилген ири ҳәдийселерди анализ ҳәм талқылап барды. Бул заманагөй дүньяда Орайлық Азия шешиўши күшке айланып баратырғанын көрсетеди. Бул процессте жаңа Өзбекстан жетекшиси Шавкат Мирзиёев интакер екени, өзгерислер орайында турғаны бизге мақтаныш сезимлерин бағышлайды. Соның менен бирге, бәршемиздиң алдымызға Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған реформаларға мүнәсип, белсенди пуқаралық позициясына ийе шахслар болыў талабын қояды.
Салим ДОНИЁРОВ