20 Apr 2025
04:34

    Ҳәмме той менен, бөри қой менен әўере: Коррупцияға себеп болып атырған иллетлер

    Бул ўақыяға көп ўақыт болған жоқ. Районлық орайлық емлеўхананың кириў коридорында болып атырған салтанатты көрип ериксиз тоқтап қалдым. Машиналар кәрўаны, заманагөй мультфильм қаҳарманлары усы жерде жыйналған еди.

    - Не болып атыр, - қолында дәптер услаған, ақ халатлы медсестраға бурылдым.

    - Мәҳәллемиздеги Халимжан ул перзентли болған еди, туўыў үйинен алып баратыр, - деди бийпәрўа.

    - Салтанат зор ғой, бизнесмен бе?

    - Қайда, Россияда ислеп жүр. Перзентли болғанынан хабар алып келипти.

    - Машинасы зор ғой, өзиники ме?

    - Несин айтасаң, Қоқандтан кирейге алып келипти, арзыў-әрман еткен екен.

    Нәзерим ақлығын баўырына басқан ана, келин, арзыў-әрман еткен жигитке түсти. Үстине жуқа жемпер жамылған, аяғына арқасы ашық тапочка кийген келиншек суўықта қалтырап, бул қуўанышқа шерик болмақта...

    Перзент көриў ҳәр бир шаңарақ ушын үлкен бахыт. Бирақ, бир секундлық арзыў-әрман ушын сонша артықмаш шығыннан кимге пайда? Бул пулға анасы, зайыбы ушын ыссы кийим-кеншек алып берсе болмай ма?

    Екинши ўақыя

    Мәҳәллемизде Кимсанбай деген киси жасайды. Пенсияға шығып, кишкене ғана дүкән салды. Саўда-сатық ҳәўижинде, арттырып, үй-жайларын тикледи, ул үйленип, қыз узатып, дәбдебели той берди. Адаспасам, усы күнге шекем 5-6 мәрте умра сапарына барып келди. Ҳәзир де зыярат етиўшилер топарын қәлиплестириў, туристлик фирмалар арқалы саяхатқа жибериў әмелиятлары менен шуғылланбақта.

    Жолымыз сол тәрепке түсип еди. Көзим мүйизине атлас қыя байланған, үстине кимхоб жамылған өгиз жетелеп киятырған еки жас өспиримге түсти.

    - Тойға алып баратыр, - мәселеге айдынлық киргизди усы жердеги танысым Шахобиддин. - Кимсанбай аға улын үйлендирип, ақлықларына сүннет тойын өткермекте. Қудасы тойға өгиз алып баратыр-ғо.

    - Өгиз пышаққа жарамайды ғой, - қара реңли ҳайўанға сер салып қарайман.

    - Несин айтасаң. Қуда тәрептиң қолы жуқа, еле үйли-жайлы ететуғын бир етек балалары бар. Бирақ елден арланып, кишкене болса да сойыслық жетелеп баратыр.

    - Мәҳәлле үндемей ме? Сонша мал-мүлк таўып, умра сапарларына барып турған Кимсанбай аға бул иске шек қойса болмай ма?

    - Қызықсаң әй, жора, берген кудайға да жағады, деген гәп бар. Өгиздиң салмағы жеңил болса, өзи бағып қойғанын сойып, елге ас береди. Бул оның орнына қалады-дә. Ҳәмме нәрсениң есабы бар...

    Үшинши ўақыя

    Бир танысым баласына сай келин таңлаў ҳәрекетине түсип қалды. Оның өзине жараса шәртлери бар. Қуда тәреп бай, қолы ашық, күйеў сыйлайтуғын, ҳәтте машина, жақсырақ жумысқа орналастырыўға қурбы жететуғын болыўы керек екен. Оның бай келин таңлаў жолында айтқан гәплерин еситип таң қалдым.

    - Басқасы болмай ма?

    - Болмайды, арзыў-әрманы бар. Таза келин ушын бес бөлмели үлкен үй салып қойыппан. Оны толтыратуғын сақый қуда керек. Ислесе, өз қызы ушын ислейди дә, мен олар менен жасамайман ғой.

    - Балаңыз не айтып атыр, жаслардың кеўлине де қараў керек шығар, - деп байлыққа умтылып атырған сәўбетлесимниң сөзлерин бөлдим.

    - Ҳәзирги келинлердиң әдеп-икрамлылығы, шырайынан гөре, мал-дүньясы әҳмийетлирек. Анаў-мынаў кемшиликлери болса өзим тәртипке салып аламан, - деп қасларын үйип үйине қарай жортып кетти сәўбетлес.

    Болып өткен сәўбеттен тәсирлендим. Шаңарақ бахыты, келешеги мал, дүнья, мәртебе менен өлшенбейди ғой. Гейде бундай иллетлерге берилип кеткен, арзыў-нийет жолында түрли дәстүрлерди ойлап таўып атырған, ысырапгершиликке берилген шаңарақлар, тилекке қарсы, көбейип атырғанына көз жумай алмаймыз. Кеселликтиң алдын алыў, оған жол қоймаў илажлары көрилмекте, бирақ күтилген нәтийжени бермей атыр.

    Ысырапгершилик ҳәм дәбдебелик

    - Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң той, мәресим ҳәм мерекелерди нормада өткериў ҳаққындағы пәтиясында той алды ҳәм тойдан кейинги салтанатлы илажлардың зыянлы тәреплерин қысқартып, оларды ықшам түрде өткериў зәрүрлиги айрықша атап өтилген, - дейди Риштон районындағы Сана мешити ноиби имамы Алижон Мингбоев. - Қураны кәрим былай тәлим береди: "... Ишиңлер, жеңлер, (бирақ) ысырап етпеңлер! Әлбетте, ол ысырап етиўшилерди сүймес". "Ысырап" сөзи араб тилинде "шегарадан шығыў", "бир нәрсени қастан умытыў" мәнилерин аңлатади. Ҳәр қандай жумыста орташа дәреже, орташа ҳәм норма бәрқулла мақулланып келинген. Ҳәддинен шығып кетиў, ысырапгершилик, дәбдебелик, менменлик ҳәм еки жүзлилик сыяқлы иллетлер болса ақыл ҳәм шәрият тәрепинен қараланып, олардан ҳазар етиў буйырылған. Тилекке қарсы, бүгин көпшилик жағдайларда ысырапгершиликтен сақланыўға итибар бермей атырмыз, ысырапкерлерге айланып атырғанымызды сезбей атырмыз. Турмысымызға кирип киятырған дәбдебели жағдайларды көрип ҳайран қаласыз. Жаңа туўылған нәрестени туўыў үйинен қос-қос машиналарды безеп алып шығыў кимге пайда? Соған кететуғын қәрежетлерди шаңарақтың басқа жумысларына ямаса жетимлер, жалғыз баслыларға берсе жақсы емес пе? Ысырапгершиликтиң үлкен-кишиси жоқ. Атақ шығарыў, абырай арттырыў, басқалардан үстин ямаса пуллы екенин көрсетиў, зыяпат, мәресимлерди басқалардикинен бир неше есе дәбдебели, қәрежетли етиў де мақтаныўдың жоқары көринислеринен.

    Той ҳәм мәресимлерди ықшамластырыў ўақты келди

    - Президентимиздиң басшылығында коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларға бағышлап өткерилген кеңейтилген мәжилисте елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты қәдирлеў, кешеги күн менен бүгинги күнниң парқын жақсы түсиниў, мәҳәлледе, той-мерекелерде артықша ысырапгершиликке жол қоймаў, ҳадаллық ҳәм шүкиршилик пенен жасаўды түсиндириў жумыслары бойынша жәмийетимизде жақсы тәжирийбелер жетиспей атырғанына итибар қаратылғаны бийкарға емес, - дейди "Нураный" қоры Ферғана ўәлаяты бөлиминиң бас қәнигеси Ёрбек Тиллабоев. - Ҳақыйқатында да, бүгинги тойларымыз дәбдебе ҳәм ысырапгершилик мәресимине айланып кетти. Дурыс, тәбиятынан миймандос, кеңпейил ҳәм қолы ашық халықпыз. Ҳәр бир адам елге ас берип, көптиң пәтиясын алғысы келеди. Бирақ той өткериў ушын пүткил бир шаңарақ жыллап мийнет етеди, жыйнайды, тереди. Ҳаяллар болса сандық-сандық гезлеме топлайды, күйеў бала неке мәресими ушын машиналар кортежине буйыртпа ете баслайды. Ақыр-аяғында ҳәмме жыйнап-тергенлери бир күнде ҳаўаға кетеди. Даңқпаразлық артынан "жетистирген абырай" изинен қарыз төлеў басланады, жарлылық коррупцияға жол ашады.

    Сонша ысырапгершилик, жалған абырай ким ушын, не ушын исленип атыр? Бул унамсыз көринислердиң алдын алыў мақсетинде "мәҳәлле жетилиги", нураныйлар, кекселердиң қатнасыўында "Қоса қартайыў бахты", "Үш әўлад ушырасыўы", "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай", "Кекселер мәсләҳәт топары", "Нураный - ҳәр бир шаңараққа жуўапкер" принципи тийкарында ушырасыў, дөгерек сәўбетлерин өткериў дәстүрге айланған. Тийкарғы мақсет - жаслардың тәлим-тәрбиясына итибар қаратқан ҳалда, мәсләҳәтлескен, аз қәрежетли ҳәм ықшам тойлар, мәресимлерди шөлкемлестириў. Дәбдебеге жумсалатуғын қаржыны некеден өтип атырған жаслар, перзентлериниң камалға келиўи, китап сатып алыў, оқыў, турақ жай, турмыс шараятларын жақсылаў, шаңарақлардың беккемлиги, жаслардың бахыт-ығбалына бағдарлаў мақсетке муўапық әмеллер екени ҳаққында үгит-нәсият алып барып атырмыз.

    Жуўмақлап айтқанда, турмыс тәризимизде бақланып атырған бундай унамсыз жағдайлардың тамыр жайыўына көп жағдайларда өзимиз себепкер екенимизге көз жумыў мүмкин емес. Бул ҳаққында қатаң ойланатуғын ўақыт келди. Ҳәр бир шаңарақ, мәҳәлле өз-ара мәсләҳәтлесип жумыс ислесе, ортаға тасланған жаңа усыныслар турмысқа енгизилсе, дәбдебели тойлар, ысырапгершилик, артықша дәстүрлерден, әлбетте, қутыламыз. Той ҳәм мәресимлеримиз иллет емес, ал аз қәрежетли түрде өтетуғын шүкиршилик мәресими сыпатында қәдирленеди.


    Расулжон КАМОЛОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    Телеграм каналымыз
    Text to speech