баннер
19 Apr 2025
23:37

    Руўхый жетиклик – «ҳадаллық вакцинасы» дегени

    Бир данышпаннан "Жәмийетти услап туратуғын тийкарғы бағана не?" деп сорағанда, ол үш нәрсени санап берген екен.

    Булар: экономика, қорғаныў, руўхыйлық. Сонда оннан "Егер усы бағаналардан тек биреўин ғана сақлап қалыў зәрүрлиги туўылса, қайсы бирин таңлаў керек?" деп сорапты. Данышпан былай жуўап берипти: "Егер сондай болса, мәнаўият бағанасын сақлап қалыў керек. Мәнаўият бағанасы беккем болса, өз-өзинен экономика тикленеди, ўатансүйгиш инсанлар өз елин қорғай да алады!"

    Оғада уллы гәплер! Жоқ, бәлентпәрўаз гәп деўге асықпаң. Тек ғана шаңарақтағы руўхый орталықты алып қараң: урыс-қағыс ямаса бузықшылық ҳүким сүрген, ҳадаллық жоқ шаңарақта берекет бола ма? Ямаса бул шаңарақтың абырайын қорғаў кимгедур қызық па?

    Енди тап усы руўхый орталыққа үлкенирек шаңарақ - жәмийет мысалында қарап көриң: руўхый саламат орталықта пайыз-берекет болады. Себеби социаллық-руўхый турақлылық ўатан ҳәм шахс мәплерин үйлестиреди. Адамлар ҳадал дәрамат ҳаққында сөз етеди, оны қәдирлейди.

    Негизинде коррупцияға болған пикиримди руўхыйлық мәселесиниң әҳмийетли екенлигин атап өтиўден басламақшыман. Себеби, коррупцияның тамыры руўхый жарлылық ҳәм төменликтен, елдиң мәпин сезбеўден азықланады. Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, "ҳадаллық вакцинасы"ның емлеўи де мәнаўият болып есапланады. Мәнаўият қәдириятларға тийкарланады. Усы жағынан көбинесе коррупцияның өзеги шаңарақлық қәдириятлар тамырына тутас болады. Узаққа бармайық: "Балам, сени жумысқа жайластырыў ушын таныс табыўым керек" ямаса "Пәленше өзимизден, қоллап-қуўатлайды" деген сөзлерди перзентлеримиз алдында ҳеш ойланбастан айтамыз. Ақыбетинде олар ушын таныс-билислик, туўысқанлық ямаса ағайиншилик арқалы жумысын питкериў әдеттеги жағдайға, ҳәттеки нызамшылыққа айланады.

    Коррупция түрлери қаншелли ҳәр қыйлы болмасын, оларды улыўмаластыратуғын бир көрсеткиш бар: жеке мәпти ўатан мәпинен үстин қойыў. Ҳәр қандай хызмет ўәкиллигинен пайдаланыўдың арзымаған көриниси де жәмийетке үлкен зыян келтириўи, раўажланыўға тосқынлық етиўи мүмкин. Мәселен, бир мектеп директорының жақсы кадр қалып, материаллық мәп ямаса таныс-билислик есабынан билими аз муғаллимди жумысқа алыўы қаншадан-қанша оқыўшылардың жетерли билим алыўына тосқынлық етеди. Ақыбетинде мийнет базарында орнын таба алмай атырған кадрлар көбейеди. Айтыңызшы, бундай муғаллим, директордың алып атырған айлығы ҳадал болыўы мүмкин бе?

    Бүгин жаңа әўладты таза пикирли ҳәм коррупцияға байланыслы ис-ҳәрекетлерди сиңдирмейтуғын дәрежеде ҳадал тәрбиялаў мәселеси мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўының өзек тийкарларынан бири болып есапланады. Себеби, коррупциядан жырақ бола алмаған орталықта реформалар унамлы нәтийже бермейди. Бундай жәмийетке халықаралық майданда да исеним аз болады. Ҳәзирги ўақытта коррупцияны толық сапластырыў мүмкин емес екенлиги, бирақ оны кескин азайтыў арқалы раўажланыўға ерисиў мүмкин екенлиги раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинен белгили.

    Демек, коррупцияға қарсы гүресиў әзелий ҳәм мәңги тема. Мәмлекет ҳәм жәмийет системасының беккемлиги мәселеси. Уллы жаўынгер ата-бабаларымыз, Саҳыпқыран Әмир Темур ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурлардың мәмлекетлик беккемлигиндеги табыс сыры әне усы ҳадаллықта екенин олардың өзи тән алған. Атап айтқанда, Бабур "Бабурнама" шығармасында бабасы Әмир Темурдың әдиллик принциплерине әмел еткен ҳалда өзи қыйратқан еллерде әскерлердиң халық мүлкин талан-тараж етиўине жол қоймағанлығы, бундай ипласлықты ислеген адам аўыр жазаға тартылганлығы ҳаққында жазған. Әмир Темур өз мәмлекетинде лаўазымлы шахслардың сыпатлары ҳәм ўазыйпаларын әдалат принципи тийкарында қатаң белгилеп берген.

    Қәнигелер коррупция жүзеге келиўи ҳәм тамыр жайыўының бир неше себебин көрсетеди. Халықтың мәмлекетти қадағалаўына байланыслы системаның әззилиги; мәмлекет секторында хызмет етип атырған ҳәм белгили ўәкилликке ийе хызметкерлердиң дәраматының жеке секторда табыў мүмкин болған қаржыдан ямаса турмыслық зәрүрликлерин тәмийинлейтуғын қәрежет нормасынан аз екенлиги; экономиканың тиккелей мәмлекет ҳүкимдарлығында орайласыўы ҳәм тәртипке салыныўы; инфляция дәрежесиниң артып барыўы; мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм халық ортасында үзилис жүзеге келгенлиги сыяқлылар объектив себеплер болып табылады. Бул себеплердиң тамырын қырқыўда мәмлекетлик басқарыў ҳәм социаллық сиясат әҳмийетли орынға ийе.

    Елимизде коррупцияның алдын алыў бағдарында бир қатар нызамлар қабыл етилип, өзине тән система жаратылды. Әсиресе, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге тийкар жаратылды. Коррупциялық жағдайлар жәмийетшиликтиң жедел додалаў объектине айланды. Мәмлекетлик буйыртпа ҳәм сатып алыўларды әмелге асырыўда саламат бәсекиге тийкарланған санластырылған ашық-айдын таңлаў ҳәм тендерлер системасы жолға қойылды. Нәтийжеде өткен жылы 14 триллион сум үнемленген. Социаллық тараўда электрон система жолға қойылғаны, мәмлекетлик хызметкерлердиң мийнет ҳақысының нормативлик тәртипке салынып атырғаны, социаллық қорғаў системасының күшейтилгени ҳәм инсан мәплери жолындағы бюрократиялық тосқынлықларды азайтыў бағдарындағы жумыслардың жедел даўам еттирилип атырғаны сыяқлылар унамлы нәтийже бере баслады. Бундай тосқынлықлардың азайыўы экономика тараўында халықаралық исенимниң артыўына хызмет етти. Кейинги жети жылда мәмлекетимизге оғада үлкен муғдарда инвестиция киргизилди.

    Коррупциялық жынаятлардың тамыры көбинесе шахстың ишки дүньясы ҳәм қәдириятлары менен байланыслы екенин умытпаў керек. Коррупциядан жырақ орталықтың қәлиплесиўинде жәмийеттиң руўхый турмысы ҳәм оған тәсир етиўши элементлер әҳмийетли орын ийелейди. Ҳеш бир инсанның руўхый-әдеп-икрамлылық дүньясы қумға түскен суўдай жоқ болып кетпейди. Жәмийетте изсиз жоғалмайды. Ҳәр биримиздиң руўхый дүньямызды қәлиплестириўши қәдириятларымыз социаллық-руўхый мәкан деп аталыўшы үлкен қазанға түскен өнимлер болып есапланады. Ҳәр биримиздиң өнимимиз бул үлкен орталықта өз дәмин қосады.

    Демек, өнимлеримиз, яғный жеке руўхий-әдеп-икрамлылық қәдириятлар социалласып, жәмийетте өзине тән руўхый орталықты жүзеге келтиреди. Адамлардың руўхый келбети олардың ис-ҳәрекети, жәмийет ҳәм журтқа мүнәсибети, жеке ҳәм улыўма мәплерди үйлестире алыўында көринеди. Ҳәр бир инсанның ишки дүньясы социаллық, соның ишинде, коррупцияға мүнәсибетинде де әҳмийетли тийкар ўазыйпасын атқарады.

    Мейли, узаққа бармайық, айтайық, ис бойынша банк хызметкери менен сөйлесиўге киристиңиз. Банк хызметкери сизиң қандайда бир жумысыңызға көмеклесиў процесинде тек ғана хызмет ўазыйпасын атқарады, ал социаллық абаданлыққа белгили мәнисте үлес қосады. Бирақ ол сиз бенен социаллық мүнәсибетке кирисиў ўақтында жеке материаллық мәпти гөзлесе, айтайық, пара талап етсе не болады? Бундай жағдайда, бириншиден, ол клиентте банк искерлигиниң қалыс ҳәм инсаныйлығына исенимди төменлетеди. Екиншиден, бир субъект сыпатында жәмийетке ҳүрметти төменлетеди. Үшиншиден, әдиллик жоқ яки беккем емес, деген түсиникти қәлиплестиреди. Усындай себеплер менен социаллық-руўхый орталыққа унамсыз тәсир көрсетеди. Бул тәсир коррупциялық орталықтың және де күшейиўине алып келеди.

    Мәнаўий тийкар бәлентпәрўаз сөз емес. Шаңарақта ҳәм жәмийетте коррупцияға бейимлилик пенен байланыслы саламат емес орталықтың пайда болыўы мине усы тийкар менен байланыслы. Бул саламатлық ҳәм саламат емеслик тийкарында және бир әҳмийетли социаллық фактор бар: бул - тәрбия мәселеси. Президентимиздиң атап өткениндей, жасларды коррупцияға шыдамсыз ҳәм ўатансүйиўши етип тәрбиялаў мәселеси.

    Абдулла Авлоний бабамыздың сөзлери менен айтқанда, тәрбияның я өмир, я өлим екени, яғный елдиң келешегин белгилеп бериўи өзгермейтуғын аксиома болып есапланады. Ямаса Абдурауф Фитрат мойынлағанындай, халықтың бахытлы болып, иззет-ҳүрмет табыўы, раўажланыўы да ямаса бойсынып ҳәм қул болып, қорланыўы да инсанның жаслығында алған тәрбиясына байланыслы.

    Демек, жасларды коррупцияға шыдамсыз ҳәм ўатансүйиўши етип тәрбиялаўда билимлендириў системасының ролин күшейтиў әҳмийетли мәселе. Олардың сиясий ҳәм ҳуқықый санасын арттырыў жәмийетте демократиялық принциплердиң жедел тийкарға айланыўы менен бирге коррупциялық ҳәрекетлердиң тамырын кесиўде әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

    Қалаберди, коррупцияның алдын алыўда Сингапур, Швеция ҳәм Португалияның тәжирийбеси үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда оның объектив ҳәм субъектив факторларын терең үйрениў, миллий ҳәм жергиликли себеплерин таллаў зәрүр. Усы тийкарда нәтийжели илажлар белгилеў тийкарғы ўазыйпалардан болып есапланады. Мине, усындай миллий өзек сыпатында елимизге тән жәмәәтлик қәдириятының әзелий әмел етип киятырғанын келтириў мүмкин. Яғный бизде ҳеш ким өзин жәмәәттен, елден тысқарыда көрмейди. Халықтың пикири, оған мүнәсибети турмыслық факторлардан. Сол себепли, жәмәәтлик масқаралаў жолы менен жазалаў күши регионымызда бираз жоқары. Мәселен, өзим бул бағдарда бир ўақыяның гүўасы болғанман. Майда ҳуқықбузарлық ислеген пуқараның иси ашық судта көрилиўи режелестирилди. Суд көшпели тәризде мәҳәлледе өткерилиўи керек еди. Шөлкемлестириўшилер судланыўшы өз мәҳәллесинде судланыўдан уялып атырғаны, ҳәттеки қатаңырақ жаза белгилениўине де разы екени, тек мәҳәлле халқы арасында уялтпаўын сораған. Аўа, ол мәҳәллеслери алдында уялғаннан гөре, аўыррақ жаза алыўды абзал көрген. Демек, миллий менталитеттен келип шықсақ, мәҳәлле тәрбиясы ҳәм жәмийетлик қадағалаў коррупцияның алдын алыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын умытпаў керек.

    Ҳәммемиз жәмийеттиң бир бөлеги сыпатында бар болған руўхый орталықтан тәсирленемиз. Ҳәзирги ўақытта сол орталықты қәлиплестиретуғын да өзимиз. Соның ушын, коррупцияның ҳәр қандай түрине төзимсиз, оған тийкар жаратыўға тосқынлық етиўимиз шәрт.

    Шаҳло АҲРОРОВА,

    Социаллық-руўхый изертлеўлер институты үлкен илимий хызметкери,

    философия илимлери бойынша философия докторы

    Телеграм каналымыз
    Text to speech