Исбилерменлик халқымыздың қанында бар

    Бизнес 20 желтоқсан 2024 17

    Абайдың тән алыўы Сырт ел телеканалларынан биринде көрген едим. Азия континентинде жайласқан бир мәмлекеттиң басшысы Италияға сапары шеңберинде өткерилген баспасөз әнжуманында мәмлекетиниң тәбийий байлықлары менен мақтаныш етти. Сонда Италияның сол ўақыттағы бас министри мәмлекетте 5 миллионнан аслам исбилермен жумыс алып барып атырғаны ҳәм бул ҳәр қандай байлықтан үстин екенин атап өткен еди.

     Қәлеймиз бе, жоқ па, заманагөй дүньяда халықтың турмыс дәрежеси, мәмлекеттиң қүдирети ҳәм келешеги ҳәр тәреплеме саламат исбилерменлик орталығына байланыслы. Соның ушын да имканиятынан келип шығып ҳәр бир шаңарақты исбилерменликке кеңнен тартыў, сол арқалы бәнтликти тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарына айланды.

    Исбилерменлик өзбеклердиң қанында бар. Қазақтың данышпан шайыры Абай да буннан жүз жыллар бурын халқымызды бийкарға өрнек етип көрсеткен емес еди: "...Өзбеклер екпеген егин, олар алмаған өним, саўдагерлериниң бармаған жери жоқ... Бир сөз бенен айтқанда, олардың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ... Зийреклик, шеберлик, епшиллик те соларда, салмақлылық, әдеп-икрамлылық та соларда".

    Бир әсир алдын айтылған сөзлер бүгин ҳақыйқый реаллыққа айланбақта. Төмендеги пикирлеримиз сол ҳаққында.

    Аўылда да миллионер болыў мүмкин

    Жақсы еслайман: буннан 15-20 жыл бурын аўылымыз халқының тийкарғы дәраматы шарўашылық ҳәм дийқаншылықтан еди. Жаўын-шашын көп, суў мол болса, дийқаншылық та, шарўашылық та раўажланатуғын еди. Қысқасы, аспанға қарайтуғын ел едик. Көпшилик шаңарақлардың түски ҳәм кешки аўқаты зағара нан еди. Мәмлекеттиң сол ўақыттағы социаллық напақасына күн көретуғынлар да көп еди. Ерниншеклик, жалқаўлық, бийкаршылық сол ўақытлары ҳәўиж алған еди. Аўылласларым жылдан-жылға аўырласып баратырған турмысына негедур бийпарық еди. Олардың ис-ҳәрекетлерин бақлап, турмысын жақсы тәрепке өзгертиўге ҳәрекет етип атырғанлығын ҳеш көрмедим.

    Бүгин жағдай түп-тийкарынан өзгерген. Үлкен жол бойындағы аўылымыздың көринисин салыстырып болмайды. Магистралдың еки шетинде жүзлеген еки қабатлы кафе, ресторан, тойхана, турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары бой тиклеген. Бүгин Чим аўылында Қашқадәрьяның ең мазалы тағамлары таярланады. Соның ушын жолы ойпатлыққа түскен ҳар бир адам, аўылымызда бир тоқтап өтеди.

    Ҳәр еки шаңарақтың биреўинде ыссыхана бар. Олардың ҳеш бири газге жалғанбаған. Себеби, бизиң аўылға тәбийий газ жетип бармаған. Бирақ, жылдың қәлеген мәўсиминде енди үзилген помидор, қыяр, лимон, көк шөплердиң ҳәр қыйлысын сатып алыў мүмкин.

    Жақында бир аўылласымыздың баласы Уллы Британияда оқып келди. Сырт елге кеткен айырым жаслар сыяқлы Европада қалып қоймады. Артқа - ана аўылына қайтып, алтей өсимлигин жетистирип, экспорт етиўди жолға қойды. Аўылда да бизнес жүргизип, миллионер болыў мүмкинлигин дәлилледи. Соның менен бирге, жүзлеген аўылласларын жумыс пенен тәмийинледи. Шаңарақларға өзи гүл туқымын тарқатады, өним таяр болғаннан кейин келисилген баҳада сатып алады.

    Аўа, дурыс түсиндиңиз: бүгин орайдан алыс аўылда жетистирилген өнимлер үлкен-үлкен жүк машиналарына жүклеп, Европаға жиберилип атыр. Буннан 10-15 жыл бурын бул ҳаққында айтсақ, әтираптағыларға ертек сыяқлы көринетуғын еди. Ҳәзир адамлардың дүньяқарасы өзгермекте. Умтылып, бизнес еткен нәтийжеге ерисип атыр. Ертеңги күнге исеними артпақта.

    Пул үлестирип кәмбағаллықты жеңип болмайды

    - Буннан былай кәмбағаллықты қысқартыў улыўма миллий ҳәрекетке айланады. Ҳүкиметтен баслап, районлық шөлкемге шекем барлық буўындағы басшылардың күнделикли жумысы шаңарақларды кәмбағаллықтан алып шығыў болыўы керек. Бул бағдарда қадағалаў да, сораў да қатаң болады, - деген еди жақында өткерилген видеоселектор мәжилисинде Президентимиз.

    Ташкенттен басланған баслама бүгин ең төменги буўын - мәҳәлледе сес бере баслады. Ҳүкиметтиң барлық күшлери вертикал түрде мәҳәллеге жумсалды. "Мәҳәлле жетилиги" тәрепинен ҳәр бир шаңарақ хатлаўдан өткерилиўи, ҳәр бир шаңарақтың имканияты ҳәм ҳақыйқый жағдайы үйренилиўи машқалалар картинасын қәлиплестириўде жәрдем бермекте. Себеби, ҳәр қандай мәселениң шешими, бәринен бурын, оны пуқта үйрениўден басланады.

    Мәмлекет көлеминдеги анық статистикалық мағлыўматларға итибар қаратайық: 2020-жылы 7,5 миллион адам ямаса халықтың 23 процентиниң дәраматы кәмбағаллық шегарасына жетпейтуғын еди. Өткен жылларда 3,5 миллион адамды дәраматлы етиў арқалы 2023-жылдың жуўмағы менен кәмбағаллық дәрежеси 11 процентке түсти.

    Мәҳәлледе кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменлик жойбарларына 35 триллион сум кем процентли кредит, 7 триллион сум субсидия берилди. Мәҳәллелерди абат етиў, бақша, мектеп, медицина, жол, суў ҳәм электр инфраструктурасы ушын 120 триллион сум ажыратылды. Сондай-ақ, дийқаншылық етип, дәрамат табыўы ушын 800 мың адамға 260 мың гектар жер бөлистирилип берилди.

    2020-жылдан берли 3 миллион сумнан 5 миллион сумға шекем айлық алатуғын жумысшылар 2 есеге, 5 миллион сумнан 7 миллион сумға шекем алатуғынлар болса 3 есеге көбейди. Нәтийжеде кәмбағаллық дәрежеси жылына орташа 3 процентке азайып бармақта.

    Бүгин кәмбағаллықты халыққа пул тарқатып ямаса напақа төлеп шешиўге болмайды. Кәмбағал шаңарақ ағзаларын кәсипке үйретиў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў арқалы гөзленген мақсетке ерисиў мүмкин.

    Әдил салық сиясаты

    - Салық системасында ислеп атырғаныма усы жылы 20 жылдан өтти. Өткен дәўирдеги салық системасы менен ҳәзирги система түп-тийкарынан парық етеди. Бурын исбилерменлер салықшыларға жазалаўшы уйымның ўәкили сыпатында қарағаны рас. Буның да өзине тән себеплери бар еди. Салық ҳәкимшилигинде көплеген анықсызлықлар исбилерменликтиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын еди. Әсиресе, салық ставкаларының жоқарылығы ҳәммесинен артып түсетуғын еди. Сол себепли, исбилерменлер нызамлы жумыс алып барыўды қәлемеди. Буны салық хызметкерлери жақсы биледи. Соның ушын салық тексериўи де көп болған, - дейди Жиззақ ўәлаяты салық басқармасы секторторының бас инспекторы Зилола Абдунабиева. - Әдалатлы салық системасы тек ғана исбилерменлик емес, ал мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўының тийкары болып есапланады. Сол себепли елимизде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, исбилерменлерди қыйнап атырған машқалаларды шешиў, салық ставкаларын әдил нормаға түсириўге итибар қаратылды. Бәринен бурын, салық ставкалары түсирилди. Салық төлеў тәртиби әпиўайыластырылды. Системада "Салықшы - исбилерменге жәрдемши" принципи енгизилгени тараўымызда түпкиликли бурылыс жасады. Ҳәзир салықшылар исбилерменлердиң ҳақыйқый досты, жәрдемшисине айланды, десем қәте болмайды. Бүгин салық хызметкерлери исбилерменлерди қыйнап атырған машқалаларды таллап атыр. Оларға бухгалтерия есабын жүргизиў, салық есабатын өз ўақтында электрон тапсырыў, салықлар төлеў ҳәм тараў нызамшылығындағы өзгерислердиң мазмун-мәнисин түсиндирип, әмелий жәрдем көрсетпекте.

    Орынларда "Исбилерменге жәрдем" орайлары ашылды. Оларда салық төлеўшилерге бийпул хызмет көрсетилмекте. Бурын исбилерменлер есабатты бир күн кешиктирип тапсырса да жәрийма төлеўге мәжбүр болған. Банктеги есабы салық уйымлары тәрепинен "музлатып қойылған".

    Бүгин есабат тапсырыў ямаса салықларды төлеў күни жақынласа, салық уйымлары хызметкерлери исбилерменлик субъектлерине телефоннан хабарлап, есабат тапсырыў ямаса салықларды төлеў зәрүрлигин еслетпекте. Бул бағдарда оларға жәрдем керек болса, жәрдемге таяр екенлигин түсиндирмекте. Бундай өзгерислер исбилерменлердиң реформаларға исенимин беккемлеп, тосқынлықларсыз жумыс алып барыўы, салық түсимлериниң көбейиўине хызмет етпекте. Нәтийжеде исбилерменлер дәраматын жасырмай атыр. Усы тәризде салықларды өз ўақтында төлеп атырған ҳадал салық төлеўшилердиң қатары да кеңеймекте.

    Рахмет те, хошамет те бар

    - Бүгин адамлардың санасында исбилерменлик түсинигине мүнәсибет пүткиллей өзгерди. Буның себеби болса, әлбетте, елимизде тараўға қаратылып атырған итибар, жаратылып атырған жеңилликлер ҳәм имканиятлар болып табылады. Бурын бундай күнлер келиўи ойымызға да келмеген еди, - дейди "Үшқудық ыссы нан" жеке меншик кәрханасының басшысы Шукрулло Тилавов. - Көп жыллық исбилермен сыпатында тән алып айтыўым мүмкин: алдын исбилерменлик етиў аңсат болмаған. Бул айырым жағдайларда жынаят пенен теңлестирилген. Бундай жумыс пенен шуғылланғанымызға басқалардан уялған ўақытларымыз да болған. Бирақ, тиришиликтиң айыбы жоқ. Ол дәўирлерде заман басқаша еди. Соған сәйкес түрде басқарыў уйымлары хызметкерлериниң де исбилерменге мүнәсибети унамлы болмаған. Мысалы, базарға бир өнимди алып шыққан болсақ, ҳүжжетинде кемшилик бар болса "алып сатар" деген тамға менен үлкен жәрийма ямаса жынайый жуўапкершиликке тартылатуғын едик. Айырым жағдайларда ҳүжжетлер орнында болса да, базар жуўапкерлери менен салық хызметкерлери исбилерменге өзиниң қол астындағы хызметкери сыяқлы қарап, мүтәжлик ҳәм қәрежетлерин олардың мойнына қоятуғын еди. Қалаберсе, халықтың мәпи ушын қандай да бир баслама менен шыққанлар "қара дизим"ге кирип, жойбары турмысқа енгизилмей қалып кететуғын еди. Исбилерменлердиң өзи де, пайдалы усыныслары да есапқа алынбаған, қоллап-қуўатланбаған. Ҳәзирги әўлад исбилерменлерине усыларды айтып берсек, түс сыяқлы ямаса ертек сыяқлы болып есапланады. Бүгин заман, дүньяқарас басқаша. Ҳәзир биз, исбилерменлерге Президентимиз исенбекте. Баслама ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын барлық имканиятларды жаратып, жумысымызға байланыслы бир қатар жеңилликлер бермекте.

    Бурын исбилерменлик етиў аўыр болған. Алыс аймақларда болса буның дерлик имканияты жоқ еди. Ҳәзирги ўақытта Учқудық районында мыңнан аслам жеке меншик исбилерменлик ҳәм киши бизнес ўәкиллери жумыс алып бармақта. Себеби, ҳәр қандай мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўында халықтың бәнтлиги жүдә әҳмийетли. Халық жумыслы, дәрамат дәрегине ийе болса, әлбетте, абадан турмыс кешеди. Бул бағдарда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери жетекши күшке айланбақта. Берилип атырған жеңиллик ҳәм имканиятлардан өнимли пайдаланып, жумысы барған сайын раўажланып атырған исбилерменлердиң саны жылдан-жылға көбеймекте.

    Ҳәзир "Үшқудық ыссы нан" жеке меншик кәрханасының басшысыман. Бул кәрхананы шөлкемлестиргенимизге 30 жылдан аслам ўақыт болды. Жаңа дәўир имканиятлары менен жумысымызды жылдан-жылға раўажландырып атырмыз. Мысалы ушын, Россиядан нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығаратуғын мини-технология алып келип, иске түсирдик. Бурын сырт елден заманагөй технологиялар алып келиў мәмлекет ушын да, ири кәрханалар ушын да машқала еди. Әсиресе, валюта бойынша шешип болмайтуғын мәселелер бар еди. Президентимиз валюта конвертациясын шешип берди. Ҳеш қандай тосқынлық ямаса машқала қалмады. Мәмлекетимиз басшысы ҳәр жылы исбилерменлер менен сәўбетлесип, машқалаларды унамлы шешип бермекте.

    Мийнет тән алынса, және де қәдирли болады. Бүгин исбилерменлер нәтийжели жумысы ушын рахмет те, хошамет те алмақта.

    Тәжирийбе жыллар даўамында топланады

    Кейинги сегиз жылдың избе-из раўажланыўына нәзер тасласақ, тек ғана кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бағдарында үлкен тәжирийбе топланғанын көремиз. Бул жолда көплеген қәте-кемшиликлерге жол қойылды. Айтайық, дәслеп халыққа жеңиллетилген кредит тийкарында тарқатылған шарўа ҳәм қуслардың көпшилиги набыт болды ямаса алған адам оны базарға шығарып сатып жиберген жағдайлар да ушырады. Буны ўатанласларымызда исбилерменлик көнликпеси қәлиплеспегенлиги менен түсиндириў мүмкин.

    Бирақ, бүгин "Ҳәр бир шаңарақ - исбилермен" бағдарламасы шеңберинде жеңиллетилген кредит алып, кәмбағаллықтан жумыс бериўшиге айланып атырған шаңарақлар күн сайын көбеймекте. Бул болса басқаларға ҳәр тәреплеме үлги болып, адамларда "Мине, ислеў мүмкин екен!" деген исеним оятпақта. Мысалы ушын, сайхунабадлы Иномжон Ниёзов 20 сотих қыйтақ жеринде бағшылық, жүзимгершилик пенен шуғылланыўды баслағанына еле көп болмаған. Буннан тысқары, ол қабақтың экспортқа қолайлы сортын да егип атыр.

    - Бурын қыйтақ жеримизди толтырып жоңышқа егетуғын едик. Ҳәзир 20 сотихтан 4 сотих жерди бағ еттик. Буннан тысқары, 3 сотихта жүзим атызын жараттық, - дейди мийнеткеш жигит. - Ҳаялым менен қасымыздағы пахта тазалаў кәрханасында мәўсимлик мийнет етемиз. Әйне бәҳәрде жумыс басланғанынан кеш гүзге шекем боспыз. Сол ўақытта дийқаншылық пенен шуғылланып атырмыз. Жақынға шекем дийқаншылық ететуғын болсақ, өнимди сатыўға қарыйдар табылмаған. Ҳәзир болса бул туқымды егиўди усыныс еткенлер өзи өнимимизди сатып алмақшы. Соннан қуўанышлымыз.

    Ең жоқары басқарыўдан төменги структураларға шекем - барлық тийисли уйым хызметкерлери бурынғыдай буйрық бериўши емес, әмелде халық хызметкери екенин аңлап атыр. Бул демократиялық, раўажланған мәмлекетлердеги заманагөй басқарыў тенденцияларынан бири.

    2024-жылы кәмбағаллыққа қарсы гүресиў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Әмелде халықтың турмыс дәрежеси салыстырмалы төмен болған Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор ҳәм Ғиждувон районлары таңлап алынып, күшли социаллық-экономикалық кризиске түсип қалған шаңарақлар менен тиккелей ислесиў системасы жолға қойылды. Бул болса қысқа мүддетте нәтийже бере баслады. Ҳәзир бул районлардың тәжирийбеси пүткил мәмлекет көлеминде ғалаба ен жайылмақта.

    Усы жылдың ақырына шекем "Сайхунабад тәжирийбеси", яғный экономикалық комплекс шөлкемлериниң мәҳәллеге түсип, үйме-үй жумыс ислеў системасы тийкарында ҳәр бир мәҳәлледеги шаңарақлар ушын финанслық пакет етип берилмекте. Бул арқалы 495 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.

    "Уйчи тәжирийбеси", яғный исбилерменлер ҳәм бизнес пенен шуғылланыў тилегиндеги халық пенен мәнзилли ислесиў системасы тийкарында район ҳәкимлери исбилерменлер менен, банклер болса клиентлери менен турақлы ушырасып, оларға бизнесин кеңейтиўге жәрдем бермекте. Бул процессте район ҳәкими инфраструктура мәселеси, банк жуўапкери болса қаржылай жәрдем мәселеси менен шуғылланбақта. Исбилерменлер менен мәнзилли ислесиў арқалы жылдың ақырына шекем 670 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсет етилген.

    Ен үлкен байлығымыз

    Интернетте "Өзбекстан халықаралық рейтинглерде" деп излеў түймесин бассаңыз, рейтинглерде мәмлекетимиздиң позициясы жақсыланып атырғанына гүўа боласыз. Негизинде буны жаңа Өзбекстан мәмлекетшилиги тарийхында "Инсан қәдири ушын" принципи тийкарындағы реформаларға халықаралық шөлкемлердиң ҳақыйқый ҳәм қалыс тән алыўы сыпатында қабыл етиў мүмкин.

    Мәмлекеттиң байлығы жер асты ямаса жер үсти байлықлары менен емес, аўызбиршиликли, исшең ҳәм бир мақсетти гөзлеген исбилермен халқы менен өлшенеди. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, "Бизиң ең үлкен байлығымыз - көп миллетли уллы халқымыз".

    Юнус БЎРОНОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы