баннер
2 Apr 2025
19:46

    Исбилерменлердиң финанслық хызметлерден пайдаланыў имканияты кеңейеди

    20 Fevral 2025 647

    Олий Мажлис Сенатының төртинши жалпы мәжилисинде "Исбилерменлик субъектлерин финанслық қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.

    Нызамда базар қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў шараятларында исбилерменлик субъектлерин қаржыландырыўдың жаңаша ҳәм альтернатив механизмлерин ислеп шығыў, әсиресе, исбилерменлик субъектлерине кепиллик тәризинде жәрдем көрсетиў тараўын кеңейтиў, банк кредитлерине альтернатив болған пул талабынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў есабынан қаржыландырыў механизмлерин жетилистириўге қаратылған нормалар белгиленбекте.

    Атап айтқанда, бул Нызамға бола факторинг объекти сыпатында юридикалық шахсқа ямаса исбилерменлик субъектине келип шығатуғын пул талабын белгилеў, пул талабынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў бойынша қадаған етиўди бузғаны ушын жуўапкершиликти бийкарлаў ҳәм қарыйдардың контрагенти резидент болмаған жағдайда факторинг операцияларын сырт ел валютасында әмелге асырыўға рухсат бериледи.

    Факторингте қарыздардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў мақсетинде қаржы агенти тәрепинен төлем әмелге асырылатуғын мәмлекет ҳәм валюта түрин өзгертиўине жол қоймаў, сондай-ақ, факторингте алдаўшылық жағдайларының алдын алыў ушын пул талабынан ўаз кешиў ҳаққындағы хабарнамаларды гиреў реестринде дизимге алыўды жолға қойыў нәзерде тутылмақта.

    Бул ҳүжжет пенен исбилерменлик субъектлерине кредит шөлкеми алдындағы пул миннетлемесин орынлаў бойынша кепилликлер бериў жумысын профессионал тийкарда әмелге асыратуғын, сондай-ақ, нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да хызметлер көрсететуғын кепилликлер бериў шөлкеми және факторинг хызметлерин көрсетиўге қәнигелескен факторинг шөлкеми институтлары енгизиледи.

    Буннан былай Нызамға тийкарланып устав фондының ең аз муғдары кепиллик бериўши шөлкем ушын 100 миллиард сум, факторинг шөлкемлери ушын болса 2 миллиард сум етип белгиленеди. Бул шөлкемлер Орайлық банкте есап дизимнен өткерилиўи, олардың жумысы Орайлық банк тәрепинен тәртипке салынады ҳәм қадағаланады.

    Нызамда банк емес кредит шөлкемлериниң жумысына қойылған айырым шеклеўлерди жумсартыў ҳәм жетилистириў нәзерде тутылып, оларды акционерлик жәмийети ямаса жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде шөлкемлестирилиўи мүмкин екенлиги, олардың устав фондындағы үлесиниң 10 проценттен 20 процентке шекемги бөлегин тиккелей ямаса тиккелей емес алғанда Орайлық банкти хабардар етиў, 20 ҳәм оннан артық процентин алғанда болса Орайлық банктиң дәслепки рухсатнамасын алыўы шәрт екенлиги белгиленбекте, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech