Ыссы күнлерде қандай аўқатланыў керек?

    Ыссыда организмниң ҳәдден тыс қызып кетиўиниң алдын алыў ушын рационымыздағы аўқатларды итибарлы таңлаўымыз оғада әҳмийетли. Сондай-ақ, тек ғана көбирек суўды ишиў емес, ал бунда да дурыс таңлаўды қылыў әҳмийетли.

    Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Экологиялық дипломатия бөлиминиң баслығы Абдуқаюм Тўхтақулов бул бойынша усыныслары менен ортақласты.

    - Ҳаўа жүдә ыссы болған күнлери организмде суўсызланыўдың алдын алыў ушын, ҳәттеки шөллеўди сезбесеңиз де, күн даўамында жетерли муғдарда суйықлық ишиў әҳмийетли, - дейди қәниге. - Улыўма усынысларға бола, күнине 2,5-3 литр суйықлық ишиў керек, бирақ физикалық белсендилик ҳәм ҳаўа температурасына қарап бул муғдар артыўы мүмкин. Көшеге шыққанда бәрқулла өзиңиз бенен суў алып жүриўиңиз керек.

    Әпиўайы таза суў ең жақсы ишимлик есапланады. Муздай суўдың орнына бөлме температурасындағы ямаса бираз салқын суўды ишиў абзал. 36-37 дәрежедеги суў организмде метаболизм ҳәм ишек хызметин жақсылайды.

    Қантсыз көк шай шөлди басқа ишимликлерге қарағанда жақсырақ басады. Сондай-ақ, шөпли шайлар (мята, ромашка), ашшы мийўелерден (алшы, алма, қарақат, клюква) таярланған қантсыз компотлар (морс), айран, кефир ҳәм лимон қосылған суў да пайдалы. Бул ишимликлер организмди минерал затлар ҳәм витаминлер менен тәмийинлейди.

    Қурамында суў муғдары жоқары болған өнимлер, мысалы, қыяр, ғарбыз, қаўын гидратацияға үлес қосады. Сүт қурамындағы электролитлер себепли пайдалы болыўы мүмкин.

    Бирақ ыссыда айырым ишимликлерди ишиўден сақланыў керек, себеби олар тек ғана шөлди баспайды, ал суўсызланыўды күшейтиўи де мүмкин.

    Буларға:

    қурамында қант муғдары жоқары болған, газленген ишимликлер, қадақланған шербетлер;

    алкогольлы ишимликлер;

    кофеин муғдары жоқары болған ишимликлер (кофе, айырым чай түрлери, энергетик ишимликлер);

    жүдә салқын (муздай) ишимликлер киреди.

    Буннан тысқары, ыссы күнлерде жеңил сиңетуғын аўқатларды киши порцияларда ҳәм тез-тез жеў усыныс етиледи. Қурамында суў муғдары жоқары болған мийўе ҳәм палыз өнимлерине (ғарбыз, қаўын, қыяр, сельдерей) көбирек итибар қаратыў керек.

    Салатлар, қатықлы тағамлар (мәселен, окрошка) ҳәм суўық сорпалар сыяқлы салқын аўқатлар да пайдалы. Терлеў арқалы жоғалтылған дуздың орнын толтырыў ушын азғана дузлы аўқатлар жеў мақсетке муўапық. Бирақ қайта исленген ҳәм жүдә шор өнимлерден сақланыў керек.

    Аўқат сиңириў процесиниң өзи организмде ыссылық ислеп шиғарады. Сол себепли, ыссыда сиңиўи қыйын болған аўыр аўқатлардан сақланыў денениң ишки температурасын төмен ҳалда сақлаўға жәрдем береди.

    Аўыр, майлы ҳәм белокқа бай аўқатлар (әсиресе қызыл гөш)н шеклеў усыныс етиледи, себеби оларды сиңириў көбирек метаболик ыссылық ислеп шығарады. Балық ҳәм овощлы белоклар жеңилирек вариант есапланады.

    Ширинликлер ҳәм қамырлы аўқатлар ҳәлсизлик ҳәм шөллеў сезимин күшейтиўи мүмкин. Шөллететуғын өнимлер, мәселен, жүдә дузланған ямаса дузланған гөш ҳәм балық өнимлери, коньсервалар пайдаланыўды азайтыў керек.

    Айырым дереклер ашшы аўқат терлеўди күшейтип, суўытыўға жәрдем беретуғынын атап өтеде, бундай аўқатлар дене температурасын көтериўи мүмкинлиги ҳаққында мағлыўматлар да аз емес. Бул бойынша норманы билиў ҳәм индивидуал реакцияны есапқа алыў әҳмийетли.