Өзбекстан - Пакистан бирге ислесиўиниң жақын тарийхына тоқталатуғын болсақ, 1991-жыл 20-декабрьде Пакистан Өзбекстан ғәрезсизлигин бириншилерден болып тән алғанын, мәмлекетлеримиз арасындағы дипломатиялық қатнасықлар 1992-жыл 10-майда орнатылғанын атап өтиў керек.
Соннан берли Өзбекстан ҳәм Пакистан өз-ара ҳүрмет ҳәм уқсас мәплерге тийкарланған жедел сиясий сөйлесиўди даўам еттирип келмекте. Кейинги жылларда жоқары дәрежедеги байланыслар жеделлести, буның нәтийжесинде тәреплер арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди.
Атап айтқанда, 2021-жыл 15-16-июль күнлери Өзбекстанға жоқары дәрежедеги сапар етиў жуўмақлары бойынша Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққында Биргеликтеги декларация және бирге ислесиўдиң дәстүрий ҳәм де жаңа бағдарларын қамтып алған салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылды.
Президент Шавкат Мирзиёев 2022-жыл 3-4-март күнлери рәсмий сапар менен Пакистанда болды. Сапар етиў даўамында еки мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Пакистан арасында Стратегиялық шерикликти раўажландырыў бойынша келешектеги қәдемлер ҳаққында Биргеликтеги декларацияға қол қойды. Бул сапар етиў ҳәм оның шеңберинде болып өткен бизнес-форум еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыў динамикасына, 10 ға шамалас ҳүжжетке қол қойылып, бирге ислесиў бағдарларын кеңейтиўге, сондай-ақ, қоспа саўда ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисиўге күшли түртки болды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде де еллеримиз арасындағы байланыслар жеделлесип, биргеликтеги басламалар әмелге асырылмақта.
Усы жерде 2022-жыл 15-16-сентябрь күнлери Самарқандта болып өткен ШБШ саммитинде қатнасыў ушын Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф мәмлекетимизге келгенин атап өтиў керек. Сапар шеңберинде Пакистан басшысын Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев қабыл етти. Ушырасыўда мәмлекет жетекшилери еки тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық мәселелерин, биринши гезекте, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм транспорт-транзит тараўларын көрип шықты.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң халықаралық шөлкемлердиң саммитлеринде Пакистан басшылары менен өткерген ушырасыўлары тек ғана алдын ерисилген келисимлерге садықлықты беккемлеп қоймастан, ал Өзбекстан - Пакистан стратегиялық шериклигиниң турақлылығы ҳәм узақ мүддетли характерине итибар қаратылып атырғанынан дәрек береди.
Сиясий сөйлесиўди беккемлеўде парламентлераралық бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейди. Парламент дипломатиясы шеңберинде еки мәмлекеттиң ўәкилликли уйымларында дослық топарлары шөлкемлестирилген болып, олар саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда еки тәреплеме байланысларды кеңейтиў ҳәм беккемлеўге қаратылған нызамшылық басламаларын раўажландырыўға хызмет етпекте. Парламентлераралық бирге ислесиў ушырасыўлар, өз-ара сапар етиўлер, халықаралық илажларда қатнасыў арқалы беккемленбекте.
Өзбекстан ҳәм Пакистан министрликлери ҳәм уйымлары арасындағы конструктивлик қатнасықлар, жоқары дәрежеде ерисилген стратегиялық әҳмийетке ийе биргеликтеги жойбарларды жедел әмелге асырыў имканиятын бермекте.
Атап айтқанда, сиясий сөйлесиўди қоллап-қуўатлаў ушын еки мәмлекет сыртқы сиясат уйымлары 2025-жыл февраль айында Ташкент қаласында болып өткен еки тәреплеме сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң сегизинши раунды, сондай-ақ, ири халықаралық илажлар шеңбериндеги сөйлесиў механизмлеринен нәтийжели пайдаланбақта.
Мәденият, билимлендириў, бизнес, транспорт-логистика, ҳуқық қорғаў, терроризм ҳәм трансшегаралық жынаятгылыққа қарсы гүресиў ҳәм басқа да тараўларда да уйымлараралық бирге ислесиў нәтийжели жолға қойылғаны итибарға ылайық.
Өзбекстан ҳәм Пакистан өз регионларында әҳмийетли қатнасыўшылар болып, салмақлы ресурс ҳәм инсан потенциалына ийе. Мәмлекетлеримиз бул потенциалдан саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўде белсене пайдаланбақта.
Пандемияға қарамастан, бул тараўдағы өз-ара шерикликти раўажландырыўда турақлы динамика бақланды. Атап айтқанда, 2021-жылы өз-ара товар алмасыў көлеми 50 процентке артты. 2024-жылы өз-ара товар алмасыў көлеми 400 миллион долларға жетти ҳәм еки мәмлекет басшылары тәрепинен жақын келешекте бул көрсеткишти 500 миллион долларға, келешекте болса 1 миллиард долларға жеткериў бойынша белгиленген мақсетлерге жақынласты.
Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл март айында Пакистанға рәсмий сапары ўақтында қол қойылған Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим бажыхана тосқынлықларын азайтыў ҳәм еки тәреплеме товар алмасыўды хошаметлеўде әҳмийетли қәдем болды.
Аймақлараралық дәрежеде исбилермен топарлардың ўәкиллери арасындағы тиккелей сөйлесиў де жедел раўажланбақта. Бул тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы бағдарларда қоспа кәрханалар шөлкемлестириўге хызмет етпекте. Бүгинги күнде Өзбекстанда Пакистан капиталының қатнасыўындағы 130 қоспа кәрхана бар. Пакистанның “Novugen Pharma”, “UP-Match”, “Pak-Merit Bleaching”, “Diamond Group” сыяқлы ири компаниялары менен биргеликте елимиз аймақларында, атап айтқанда, Сырдәрья, Ташкент, Наманган ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында инвестициялық жойбарлар әмелге асырылды.
Еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында кейинги ўақытларда бақланып атырған жедел сөйлесиў экономикалық шериклик ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўден өз-ара мәпдарлық жоқары екенин көрсетеди.
Атап айтқанда, кейинги еки жылда Өзбекстан ҳәм Пакистанда онға шамалас еки тәреплеме бизнес-форумлар, В2В, G2D ушырасыўлары, санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң көргизбелери ҳәм басқа да қоспа жойбарларды ислеп шығыўға қаратылған экономикалық илажлар өткерилди.
Мине, усындай илажлардан бири 2024-жыл июнь айында Ташкентте Өзбекстан - Пакистан бизнес-форумы болып өтти. Форум шеңберинде “Made in Pakistan” көргизбеси ҳәм транспорт-логистика форумы өткерилди. Көргизбеде Пакистанның тоқымашылық, химия, фармацевтика, медицина, турмыслық ҳәм электротехника санааты, қурылыс материаллары ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшы 110 нан аслам жетекши компаниясы өз өнимлерин көрсетти. Бизнес-форум жуўмақлары бойынша дерлик 180 миллион долларлық саўда-инвестициялық шәртнамаларға қол қойылды. Транспорт-логистика форумы шеңберинде аймақларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасында транспорт ҳәм жүк айланысларын жеделлестириў, сыртқы саўда операциялары бойынша хызмет көрсетиўши компаниялар ушын шегара-өткериў пунктлеринде "жасыл коридорлар" жаратыў, сондай-ақ, бажыхана рәсмийлестириўи процесслерин санластырыў мәселелери додаланды.
2024-жыл ноябрь айында Ташкент қаласында Саўда-экономикалық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан - Пакистан ҳүкиметлераралық комиссиясының 9-мәжилиси болып өтти. Оның шеңберинде Өзбекстан - Пакистан бизнес-форумы, сондай-ақ, G2B ҳәм B2B форматларында ушырасыўлар шөлкемлестирилди.
Буннан тысқары, өткен жылы ноябрь айының ақырында Пакистанның Лаҳор қаласында тоқымашылық санааты, былғары ҳәм жүнди қайта ислеў, фармацевтика, мәлимлеме технологиялары, турмыслық техника, азық-аўқат, қағаз санааты ҳәм басқа да тараўларда жумыс алып барып атырған 60 тан аслам исбилерменлердиң қатнасыўында бизнес-форум болып өтти. Илаж даўамында Өзбекстанның “Artel” ҳәм “Imzo” компанияларының ўәкиллери өз өнимлери ҳәм инвестициялық усынысларының презентациясын өткерди. Пакистанлы шериклер менен турмыслық техника ислеп шығарыў ҳәм үшинши мәмлекетлерге экспорт етиў бойынша келисимге ерисилди.
Усы жылдың басында да еки тәреплеме экономикалық қатнасықларды тереңлестириўге хызмет ететуғын бир қатар илажлардың өткерилгени менен есте қалды. Атап айтқанда, февраль айында Пакистанның Лаҳор қаласында “Made in Uzbekistan” миллий санаат өнимлериниң көргизбеси болып өтти. Онда Өзбекстан Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги басшылығындағы 150 ден аслам исбилерменлерден ибарат мәмлекетимиз делегациясы ҳәм Пакистанның 50 ден аслам исбилерменлери қатнасты.
Үш күн даўам еткен көргизбеде 80 мыңнан аслам адам Өзбекстанның санаат өнимлери ҳәм бирге ислесиў имканиятлары менен танысты. Илаж даўамында 500 ден аслам В2В ушырасыўлары шөлкемлестирилип, оларда жаңа саўда шәртнамаларын дүзиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. Бул көргизбе жуўмақлары бойынша улыўма баҳасы 500 миллион доллардан аслам 181 шәртнамаға қол қойылды. Соннан 263 миллион доллары экспорт саўда шәртнамалары, 236 миллион доллары импорт келисимлери есабынан туўра келеди.
Еки мәмлекеттиң экономикалық бирге ислесиўиниң раўажланыўына тәсир ететуғын тийкарғы факторлардан және бири бул - транспорт бағдары. Сонлықтан, Өзбекстан да, Пакистан да транспорт-логистика тараўындағы байланысларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратпақта.
Мәмлекетлеримиз арасындағы мәдений-гуманитарлық қатнасықлар Өзбекстан ҳәм Пакистан халықларының беккем тарийхый байланыслары, Уллы жипек жолының улыўмалық мәдений дәстүрлери, ислам цивилизациясы, тарийхый шахслар - Заҳириддин Муҳаммед Бабур ҳәм Бабурийлер династиясы ўәкиллериниң мийрасы тийкарында раўажланып келмекте.
Бүгинги күнде өзбек жеринде камалға келген, уллы салтанат, соның ишинде, заманагөй Пакистан аймағын қурған Бабур өмирине бағышланған көркем фильмди сүўретке алыў бойынша дөретиўшилик бирге ислесиўге тийкар қойылмақта.
Мәмлекетимизде 1991-жылдан берли мәдений-илимий илажлар, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери делегацияларының алмасыўын турақлы шөлкемлестиретуғын "Өзбекстан - Пакистан" дослық жәмийети жумыс алып бармақта.
Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде дерлик 75 жылдан берли урду тили, әдебияты ҳәм Пакистан тарийхы бойынша курслар оқытылып киятырғаны еки мәмлекет арасындағы мәдений байланысларды беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Пакистанда да өзбек тили ҳәм тарийхын үйрениўге болған талап кескин артты, бул бағдарда жойбарлар жедел әмелге асырылмақта. Биргеликтеги мәдений илажлар, фестиваллар, көргизбе ҳәм форумлар өткериў турақлылыққа ийе екенин атап өтиў керек.
2021-жыл февраль айында Панжоб университетинде халқымыздың уллы бабамыздың өмири ҳәм мийрасын үйрениў мақсетинде Бабур мийрасы орайы ашылды. Пешовар университетинде болса Әлийшер Наўайы атындағы орай шөлкемлестирилген. Орай Пакистанда өзбек мәдениятын және де ғалаба ен жайдырыўға жақыннан жәрдемлеспекте.
Еки мәмлекет қалалары арасында тиккелей ҳаўа қатнаўларының жолға қойылыўы нәтийжесинде туристлер алмасыўы жеделлести. Пакистанда Өзбекстанның муқаддес зыярат етиў орынлары ҳәм тарийхый естеликлерине қызығыўшылық жүдә жоқары. Атап айтқанда, 2019-жыл март айында Исламабадта Өзбекстан Туризм мәлимлеме орайы ашылған болса, 2020-жылы Пакистандағы Нақшбандия тариқатының жетекшиси шайх Муҳаммад Ҳасан Хасиб ур-Раҳмон Өзбекстанның усы мәмлекеттеги зыярат туризми бойынша елшиси етип тайынланды.
Мәдениятлараралық сөйлесиў еки халықтың бай тарийхы ҳәм мийрасына жоқары ҳүрмет және қызығыўшылықтан дәрек береди.
Сондай-ақ, Исламабадтағы Лок Вирса әмелий көркем өнер музейинде 2022-жылы Өзбекстан мәденияты ҳәм тарийхына бағышланған турақлы көргизбе ашылды.
Мәмлекетлеримизде өткерилип атырған халықаралық илажлар - көргизбелер, туристлик ярмаркалар, әнжуманлар, мәденият ҳәм кино күнлеринде қатнасып атырған делегациялардың алмасыўы жеделлести.
Пакистанлы көркем өнер шеберлери Өзбекстанда өткерилип атырған "Шарқ тароналари", мақам көркем өнери ҳәм бақсышылық көркем өнери сыяқлы халықаралық фестивалларда турақлы түрде қатнаспақта.
2024-жылы Пакистан делегациясы "Шаҳрисабз қаласы Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң туристлик пайтахты" деп жәрияланыўы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген халықаралық илажларда қатнасты.
Өз гезегинде, 2024-жыл 22-24-апрель күнлери Исламабад қаласында болып өткен халықаралық "Бәҳәр фестивалы"нда Өзбекстан миллий павилоны шөлкемлестирилди. Үш күн даўам еткен илаж мийманлары мәмлекетимиздиң бай тарийхый, мәдений мийрасы ҳәм туристлик потенциалы менен жақыннан танысты.
Исеним менен айтыў мүмкин, Өзбекстан - Пакистан қатнасықлары сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларды қамтып алған ҳалда жедел раўажланып бармақта. Әсиресе, регионаллық қәўипсизлик ҳәм транспорт-логистика тараўындағы шериклик мәселелеринде стратегиялық мәплердиң сәйкес келиўи бул қатнасықларды перспективалы ҳәм және де пайдалы етеди. Усы көзқарастан, Пакистан Бас министриниң мәмлекетимизге сапары сиясий сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў, экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў және саўда, транспорт, энергетика ҳәм қәўипсизлик сыяқлы әҳмийетли тараўларда шериклик байланысларын кеңейтиўде жаңа басқыш болады. Бул тек ғана Өзбекстан ҳәм Пакистанның стратегиялық шерикликти беккемлеў тилегин тастыйықлап қоймастан, ал пүткил регионның турақлылығы ҳәм раўажланыўына үлес қосқан ҳалда узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы шерикликтиң жаңа перспективаларын ашып береди.