Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында ушырасыўлар нәтийжели болғанын айрықша атап өтип, бул тарийхый сапар етиў Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклигинде жаңа бет ашатуғынын атап өтти.
Өзбекстан Президенти кейинги жылларда еки тәреплеме бирге ислесиў тез пәт пенен раўажланып атырғанын жоқары баҳалады. Товар алмасыў көлеми 400 миллион доллардан артты, 130 қоспа кәрхана шөлкемлестирилди, Карачи ҳәм Ташкентте саўда үйлери ашылды. Ташкент ҳәм Лаҳор арасында авиақатнаўлар тикленди.
Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели жумыс алып бармақта, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, бир қатар исбилерменлик илажлары ҳәм Өзбекстан санаат көргизбеси табыслы өткерилди.
- Усы күнлерде Пакистанның жетекши компанияларынан ибарат абырайлы делегация пайтахтымызда болып атыр. Бүгин бизнес ўәкиллери менен өз алдына ушырасыў өткерип, биргеликтеги режелерди додалаймыз, - деди Шавкат Мирзиёев.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ўақтында тәреплер көп қырлы бирге ислесиўдиң жаңа "өсиў ноқатлары"н белгилеп алғаны, Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин шөлкемлестириўге келисип алынғаны атап өтилди.
Өз-ара саўда көлемин кескин арттырыў ҳәм номенклатурасын кеңейтиў, санаат кооперациясын күшейтиў, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты раўажландырыў, бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм оған қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери дыққат орайында болды.
Фармацевтика, аграр тармақ, аўыл хожалығы машина қурылысы, геология ҳәм минерал ресурслар, тоқымашылық, былғары санааты ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарларды алға қойып, таяр өнимлерди үшинши мәмлекетлер базарына экспорт етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Глобал ҳәм регионаллық структуралар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқалар шеңбериндеги тығыз байланыслар ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге келисип алынды.
Аўғанстанды тыныш раўажландырыў, Палестина мәселесин дипломатиялық жол менен шешиў бағдарындағы позициялар жақын екени атап өтилди.
Соның менен бирге, қәўипсизлик тараўында, терроризм, трансмиллий жынаятшылық, наркотик затлардың нызамсыз айланысы ҳәм басқа да заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиўден еки тәреп те мәпдар екени билдирилди.
Сөйлесиўлерде мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Мәденият ҳәм көркем өнер фестивалларын өз-ара өткериў, туристлердиң ағымын, соның ишинде, "Умра плюс" бағдарламасы шеңберинде арттырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Жуўмағында ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен кең көлемли "жол картасы" қабыл етилетуғыны атап өтилди.