Орайлық экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң 24-министрлер конференциясы шеңберинде Өзбекстан Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги басшысы Лазиз Қудратов Пакистан Федерал коммуникациялар министри Абдул Алим Хан ҳәм мәлимлеме технологиялары ҳәм телекоммуникациялар министри Шаза Фотима Хаважа менен ушырасыў өткерди.
Бүгин Ташкентте Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы бизнес имканиятларына бағышланған бизнес-форум ҳәм конференция болып өтти. Илаж Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Равалпинди Саўда-санаат палатасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Пакистан Қатар тәрепинен оның суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин қорғаў бойынша көрилип атырған барлық илажларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
Пакистанның арқа-батыс аймақларында жүз берген күшли жаўын-шашын ҳәм суў тасқынлары ақыбетинде көплеген инсанлар жарақатланды, қайтыс болды.
4-июль күни Ханкенди қаласындағы Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Шаҳбоз Шариф пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Президент Асиф Али Зардарий ҳәм Бас министр Шаҳбоз Шарифтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға сапары жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Шаҳбоз Шариф Өзбекстан-Пакистан бизнес форумында қатнасты.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Шаҳбоз Шариф болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмақларына түсиник берди.
Еки мәмлекет жетекшилериниң жанында сапар даўамында қол қойылған төмендеги ҳүжжетлер алмасылды: