баннер
23 Apr 2025
03:23

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи

    Ҳүрметли делегациялар басшылары! Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар! Сизлерди "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитинде қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.

    Европа Кеңеси Президенти Уллы Мәртебели Мырза Антониу Коштаға, Европа Комиссиясы Президенти Уллы Мәртебели Урсула фон дер Ляен ханымға, мениң барлық кәсиплеслерим - регион мәмлекетлери жетекшилерине саммитти мине усы жерде, әййемги Самарқанд қаласында өткериў бағдарындағы басламамызды қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдиремен.

    Көп әсирлер даўамында Уллы Жипек жолының тийкарғы жоллары кесилиспесинде жайласқан бул даңқлы қала цивилизациялар қарым-қатнасы ҳәм Шығыс пенен Батыс арасындағы дипломатия, саўда ҳәм мәдений алмасыўлардың әҳмийетли орайы болған.

    Бул ҳаққында көплеген тарийхый дәлиллер бар. Мәселен, Маўараўннахр ҳүкимдары Әмир Темур буннан алты әсирден аслам бурын усы жерде турып еркин ҳәм қәўипсиз саўданы тәмийинлеў мақсетинде Европа ҳүкимдарлары менен жедел сөйлесиўлерди жолға қойған.

    Бизиң Мухаммед Хорезмий, Ахмед Ферғаний, Абу Райхан Беруний, Ибн Сино, Мырза Улығбек ҳәм басқа да уллы алым ҳәм ойшылларымыз жәҳән, соның ишинде, Европа илими ҳәм философиясының раўажланыўына шексиз үлес қосқанын, әлбетте, атап өтпей өте алмаймыз.

    Бүгин мен терең тарийхый тамырларға ийе болған қатнасықларымыз ҳәзирги заман шараятында жедел раўажланып ҳәм беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим.

    Усы күнлерде болып өткен ашық, конструктивлик ҳәм нәтийжели ушырасыўлар мәмлекетлеримиз ҳәм регионларымыздың мәплери жолында шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўге болған сиясий ерк-ықрарымыз ҳәм исенимимизди және бир мәрте көрсетти.

    Европа Аўқамының тийкарғы институтларының басшыларына өз-ара түсинисиў ҳәм Орайлық Азияда интеграция ҳәм турақлы раўажланыў процесслерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

    Мен бул залда дәстүрий шериклеримиз - Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Рено-Басо ҳәм Европа инвестициялық банкиниң ўәкиллерин көрип турғанымнан да қуўанышлыман. Бул финанс институтларының "Келешекке инвестициялар" сүрени астында өтип атырған бүгинги саммитимиздиң ўазыйпалары ҳәм қарарларын алға қойыўдағы роли оғада әҳмийетли, деп есаплайман.

    Усы жерде буннан сегиз жыл алдын Өзбекстан менен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки қатнасықлары тоқтап қалғанын атап өтиўди қәлер едим. Бүгин болса биз банктиң ең ири бенефициарларынан биримиз.

    Ҳүрметли кәсиплеслер!

    Ашхабадтағы ушырасыўлардың жуўмақлары бойынша бизиң министрлеримиз ҳәм экспертлеримиз көп тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық тийкарғы бағдарларын қамтып алған саммит күн тәртибин таярлады.

    Сондай-ақ, биз бүгин Орайлық Азия дус келип атырған заманагөй экологиялық қәўип-қәтерлерге бағышланған Самарқанд ықлым форумының жалпы сессиясында да биргеликте қатнасамыз.

    Ҳүрметли делегациялар басшылары!

    Бизиң ушырасыўымыз жедел ҳәм алдыннан болжап болмайтуғын глобал процесслер шараятында өтпекте.

    Биз геосиясий келиспеўшиликлер, қәўипсизлик машқалалары, ири регионаллық келиспеўшиликлер және турақлы раўажланыўға социаллық ҳәм экономикалық қәўиплердиң күшейиўине гүўа болмақтамыз.

    Ҳеш бир регион кең халықаралық бирге ислесиўсиз бундай қурамалы мәселелерди еркин ҳалда шеше алмайтуғыны белгили.

    Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы дәстүрий шериклер болып, өз-ара тығыз бирге ислесиў ушын талап тек ғана өсип баратырғанын атап өтиўди қәлер едим. Биз де Европа тәрепи сыяқлы халықаралық ҳуқықтың принциплери ҳәм нормаларына садықлығымызды билдиремиз.

    Украина әтирапындағы жағдайды тыныш жол менен шешиў бойынша сөйлесиў процесслери басланғанын алғыслаймыз ҳәм толық қоллап-қуўатлаймыз. Алдымызда жүдә қурамалы ҳәм шешилиўи аңсат болмаған мәселелер турғанын түсинемиз.

    Бирақ дипломатиялық ҳәрекетлер ҳәм сиясий қарарлар қабыл етиўден басқа альтернатив жолды биз көрип атырғанымыз жоқ.

    Ҳүрметли кәсиплеслер!

    Улыўма сиясий ерк-ықрарымыз себепли турақлы ҳәм артқа қайтпайтуғын түрге енген Орайлық Азиядағы терең трансформация процесслери көп қырлы бирге ислесиўимизди раўажландырыўға хызмет етпекте.

    Регион мәмлекетлери арасында исеним ҳәм жақсы қоңсышылық беккемленбекте, кең көлемли бирге ислесиў ҳәм кооперация байланыслары кеңеймекте. Буннан жети-сегиз жыл бурын буның ушын ҳәтте шараят та жоқ еди. Айырым мәмлекетлер арасындағы шегаралар жабық еди. Я саўда, я транзит, я бизнес болсын, ҳеш қандай гуманитарлық алмасыўлар жоқ еди. Қатнасықлар тек ғана музлатып қойылған еди. Ол ўақытта ҳеш ким жақын келешекте биз Европа жетекшилери менен сөйлесиўлерде регионымызды биргеликте көрсетиўимизди көз алдына келтире алмайтуғын еди.

    Орайлық Азияның ашық-айдынлығы ҳәм барлық шериклер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўге таяр екени регионда қәўипсизлик ҳәм абаданлықты тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли шәрти болды.

    Быйыл сентябрь айында биз Ташкентте региондағы мәмлекет басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўын өткеремиз ҳәм оның шеңберинде улыўма күн тәртибиндеги барлық әҳмийетли ўазыйпаларды ашық-айдын ҳәм конструктивлик тәризде шешемиз.

    Бүгинги саммитимиз алдынан тарийхый ўақыялар болып өткенин айрықша атап өтиўди қәлер едим. Бул жерде гәп Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасында мәмлекетлик шегаралар мәселеси толық шешилгени ҳәм делимитациялаў бойынша келисимлерге қол қойылғаны ҳаққында бармақта.

    Және бир мәрте ҳүрметли кәсиплеслерим Эмомали Шарипович Раҳмон ҳәм Садир Нургожоевич Жапаровты қызғын қутлықлайман.

    Биз биргеликте регионда ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырып атырғанымызды атап өтиў керек. Бундай жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын биргеликтеги инвестициялық қорлар ҳәм компаниялар жумыс алып бармақта. Регионда ишки саўда көлеми артып бармақта. Оларды хошаметлеў ушын шегара алды саўда зоналары жаратылмақта. Булардың барлығы мәмлекетлеримиз ҳәм пүткил регионымыздың турақлы экономикалық раўажланыўына имканият жаратпақта.

    Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки экспертлериниң есап-санақларына бола, регионаллық жалпы ишки өнимниң өсиўи быйыл алты процентке шекем жетеди ҳәм бул басқа регионлардағы орташа көрсеткиштен сезилерли дәрежеде жоқары. Соның ишинде, Өзбекстанда санаатластырыў, инфраструктураларға инвестициялар киргизиў, экономиканы либералластырыў ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў есабынан турақлы экономикалық өсиў тәмийинленбекте.

    Улыўма регионаллық өзине тәнликти қәлиплестириў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў бойынша алмасыўларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған биргеликтеги жумысларымызды айрықша атап өтпекшимен.

    Биз мәмлекетлеримизде жетекши миллий оқыў мәкемелериниң филиалларын ашпақтамыз. Сырт елли туристлер ушын бирден-бир Орайлық Азия визасы жойбарын алға қойып атырмыз.

    Ҳүрметли делегациялар басшылары!

    Бизиң дәслепки саммитимиз Қазақстан ҳәм Қырғызстанда табыслы өткен Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы жетекшилериниң еки ушырасыўының логикалық даўамы болып есапланады. Бул сөйлесиўлер ҳәр еки тәрептиң мәплерин түсиниў ҳәм шерикликтиң улыўма бағдарларын белгилеп алыў ушын пайдалы болды. Кейинги жылларда Европа Аўқамы менен өз-ара бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескени бақланып атырғанын атап өтпекшимен.

    Кейинги жети жылда Орайлық Азия мәмлекетлериниң Европа Аўқамы менен өз-ара товар айланысының көлеми бир неше есеге өсип, 54 миллиард евроға жетти. Бирге ислесиўдиң нәтийжели платформалары иске қосылды. Барлық әҳмийетли бағдарларда министрлердиң қатнасыўында мәжилислер, форумлар, саммитлер ҳәм конференциялар турақлы өткерип келинбекте.

    Соның менен бирге, бул ушырасыў көп қырлы қатнасықларымыздың раўажланыўында жаңа басқыштың өзине тән басланыў ноқаты болыўы керек, деп есаплайман.

    Усы мүнәсибет пенен, орта ҳәм узақ мүддетли келешекте биргеликтеги жумысларымыздың биз ушын тийкарғы бағдарларын көрсетип өтиўди қәлер едим.

    Биринши. Бул - сиясий сөйлесиўлерди беккемлеў жолындағы ҳәрекетлер ҳәм инвестициялар, көп тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары.

    Саммит жуўмақлары бойынша Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасында стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында тарийхый қарар қабыл етиледи. Қабыл етилетуғын ҳүжжеттиң қағыйдаларын әмелге асырыўға қаратылған комплексли илажларды биргеликте ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў зәрүр, деп есаплаймыз.

    Бизиң стратегиялық шериклигимиз анық қарарлар, жойбар ҳәм бағдарламалар менен байытылыўы керек екенине исенемен. Усы мүнәсибет пенен, бизиң еки регионымыз арасында шериклик ҳәм бирге ислесиў бойынша толық Келисимге қол қойыў мәселесин көрип шығыўды усыныс етемиз.

    Биз, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша улыўма позицияларды ислеп шығыў ушын сыртқы сиясат уйымлары басшыларының ушырасыўларын турақлы өткерип барыў, парламентлераралық байланысларды жеделлестириў ҳәм "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" парламентлераралық бирге ислесиў форумын шөлкемлестириў ҳәм оның дәслепки илажын усы жылы гүзде Өзбекстанда өткериў, жетекши таллаў орайларының бирге ислесиўин кеңейтиўди усыныс етемиз.

    Саммитимизди еки жылда бир мәрте өткериў бойынша усынысты толық қоллап-қуўатлаймыз. Келисимлеримизди өз ўақтында әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша системалы ислесиў мақсетинде гезектеги мәжилисимизге шекем саммит секретариатының функциясын өз мойнымызға алыўға таярмыз.

    Екинши. Экономика ҳәм технологиялық модернизацияға инвестициялар киргизиў өз-ара бирге ислесиўимиздиң тийкарғы өлшеми болыўы керек.

    Биз июнь айының басында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте Ташкент халықаралық инвестиция форумын өткеремиз. Бул илажда Европаның жетекши компания ҳәм банклери менен улыўма баҳасы 30 миллиард евродан аслам болған ағымдағы жойбарлар портфелин усыныў нийетиндемиз.

    Бүгинги күнде Европаның барлық бизнес "капитанлары", санаат ҳәм инновация тараўларының жетекшилери Өзбекстанда ҳәм регионымыздағы басқа да мәмлекетлерде табыслы жумыс алып барып атырғанын атап өтиў орынлы. Олардың арасында “TOTAL”, “Siemens”, “Linde”, “Airbus”, “BASF”, “IDF”, “Orano”, “OTP Group” ҳәм басқа да көплеген корпорациялар бар.

    Форум даўамында еки регионның инвестициялық имканиятларына бағышланған өз алдына сессияны өткериўди усыныс етемен. Өзбекстанда Европа компаниялары ушын Регионаллық санаат парки коньцепциясының презентациясын да әне усы сессияда өткериўди режелестирип атырмыз.

    Усы күнлерде Ташкентте Европа инвестиция банкиниң офисин ашыў ҳаққында қол қойылған келисим Европа Аўқамы мәмлекетлеринен Орайлық Азияға тиккелей инвестициялар ағымын хошаметлейди.

    Европалы шериклеримиз және бир басламамыз - "жасыл" энергетика, инновациялар, транспорт, инфраструктура тараўларында ҳәм аграр секторда ири регионаллық жойбарларды алға қойыў ушын Инвестициялық платформаны иске қосыў бойынша усынысымызды қоллап-қуўатлаўына үмит етемиз.

    Буннан тысқары, мәмлекетлеримиздиң экономикалық мәплерин жақынластырыў бойынша бир қатар жаңа усынысларды билдирмекшимиз. Бул, бәринен бурын, инвестицияларды қорғаў ҳәм хошаметлеў ҳаққындағы көп тәреплеме келисимге қол қойыў, жеке меншик сектор ўәкиллерин кеңнен тартқан ҳалда, "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биргеликтеги саўда палатасын иске қосыў, киши ҳәм орта бизнес жойбарларын, биринши гезекте, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги регионаллық бағдарламаларды қабыл етиўге қаратылған.

    Өзбекстанда өз-ара транспорт байланыслылығы бойынша гезектеги Экономикалық форум ҳәм Инвесторлар форумын қабыл етиўге таярмыз.

    Сондай-ақ, экспортшыларымыздың потенциалын арттырыў, лабораториялар, стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў орайларын жаратыў ушын Европа Аўқамының техникалық жәрдемин кеңейтиў әҳмийетли.

    Үшинши. Саммит даўамында стратегиялық минерал ресурслар тараўында бирге ислесиў ҳәм инвестицияларды тереңлестириў бойынша қарар қабыл етиледи.

    Өзбекстан геология-излеў, стратегиялық шийки зат материаллары кәнлерин өзлестириў ҳәм оларды терең қайта ислеў тараўында жоқары технологиялық өндирис тармақларын жаратыў бойынша Европадағы жетекши компаниялар менен бирге ислесиў бойынша үлкен унамлы тәжирийбеге ийе екенин атап өтиў орынлы. Биз бул бағдарда Европа Аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тереңлестириўди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў нийетиндемиз.

    Бул өнимлерди, сондай-ақ, таяр санаат ҳәм аўыл хожалығы товарларын Европа базарларына жеткерип бериў ушын нәтийжели транспорт коридорларының жоқ екенлиги бунда тийкарғы тосқынлық есапланады. Соның ишинде, Транскаспий транспорт коридорын кеңейтиў ҳәм жүк пенен тәмийинлеў ушын өз-ара муўапықластырылған илажларды ҳәм бизнес ушын пайдалы шараятларды ислеп шығыў зәрүр. Бул ўазыйпалар "Глобал дәрўаза" улыўма европа бағдарламасының мақсетлерине толық сәйкес келетуғынына исенемен.

    Усы мүнәсибет пенен келисилген көзқарасларды ислеп шығыў ушын Европа Аўқамының қәўендерлигинде бул бағдарда жайласқан мәмлекетлердиң транспорт министрлериниң ушырасыўын шақырыўды усыныс етемиз.

    Төртинши. "Жасыл" энергетика ҳәм экологиялық турақлылыққа бағдарланған инвестициялар стратегиялық әҳмийетке ийе болып бармақта.

    Өзбекстан Орайлық Азия регионынан Европаға электр энергиясын жеткерип бериў бойынша халықаралық жойбарды толық қоллап-қуўатлайды. Саммит алдынан бул жойбарды әмелге асырыў бойынша тийисли келисимди ратификациялағанбыз.

    Биз 2030-жылға барып мәмлекеттиң энергия балансында қайта тикленетуғын энергия үлесин 54 процентке жеткериўди, 24 мың мегаватт "жасыл" қуўатлықларды иске қосыўды режелестирип атырғанымызды атап өтиў орынлы.

    "Таза" энергия бойынша "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" шериклигиниң жолға қойылыўы менен өз-ара бирге ислесиўимиздиң әҳмийетли платформасы жаратылыўы мүмкин.

    Сондай-ақ, "углерод кредитлери" жойбарларын ислеп шығыўды қаржыландырыў ҳәм олардың базарын раўажландырыў ушын түрлес министрликлер басшылары дәрежесинде жумысшы топарды шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Болып өтиўи күтилип атырған Ықлым форумы ўақтында регионның "Жасыл" раўажланыў концепциясын усынамыз.

    Бесинши. Инсан капиталына инвестициялар билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы алмасыўларды кеңейтиў имканиятын береди.

    Жоқары маман қәнигелерди таярлаў бойынша "ЭРАЗМУС ПЛЮС" бағдарламалары шеңберинде регион мәмлекетлери ушын арнаўлы квоталарды енгизиў усы мақсетке ерисиўге хызмет етиўи мүмкин.

    Орайлық Азия мәмлекетлери менен илимий-билимлендириў бирге ислесиўин кеңейтиў ушын Өзбекстанда "Уфқ - Европа" бағдарламасының офисин ашыўға таярмыз. Буннан тысқары, жасалма интеллект, мағлыўматлардың "үлкен базалары", санластырыў, космослық изертлеўлер тараўында илимий ҳәм технологиялық алмасыўлар бойынша биргеликтеги бағдарламаны ислеп шығыўды усыныс етемиз.

    Өзбекстан, сондай-ақ, регион мәмлекетлерин санлы билимлендириў тараўында Европа ҳәрекетлер бағдарламасына қосыў, Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери жетекши университетлери арасында шериклик бойынша "Жол картасы"н әмелге асырыў бойынша басламаларды алға қояды.

    Европалы қәнигелердиң қатнасыўында "Ләзги" миллий балетиниң сахналастырылыўы мәденият тараўындағы кооперацияның айқын мысалы болды. Европадағы Лувр, Берлин Жаңа музейи, Вена Пүткил жәҳән музейи сыяқлы ири музейлерде Орайлық Азияның тарийхый мийрасына бағышланған көргизбелер табыслы өткерилди.

    Усы жылдың гүзинде усы жерде, Самарқандта болып өтетуғын, соңғы қырқ жылда Парижден тысқарыда биринши мәрте болатуғын ЮНЕСКО Бас конференциясы ўақтында барлық сырт елли шериклеримизди регионымыз халықларының бай мәденияты ҳәм көркем өнери менен және де кеңнен таныстырыўды қәлер едик.

    Сондай-ақ, усы жылы Бухарада биринши "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" туризм форумын өткериўди режелестирип атырмыз.

    Европа Аўқамы мәмлекетлериниң тәжирийбесин енгизиў тийкарында "Бир тур - пүткил регион" концепциясын әмелге асырыў, сондай-ақ, регионымыз туристлери ушын виза режимин әпиўайыластырыў мәселесин көрип шығыўда европалы шериклеримиздиң жәрдемине сүйенемиз.

    Ҳүрметли делегациялар басшылары!

    Қәўипсизликке улыўма қәўип-қәтерлер, атап айтқанда, терроризм, экстремизм, радикализм, кибержынаятшылық, наркотрафик ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде бирге ислесиў барған сайын әҳмийетли болып бармақта.

    Европалы шериклеримиздиң терроризмге қарсы гүресиў мәселелери бойынша сөйлесиўди жолға қойыў ҳаққындағы усынысын қоллап-қуўатлаймыз. “BOMCA” ҳәм “CADAP” бағдарламалары шеңберинде өз-ара әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

    Аўғанстанды тыныш раўажландырыў мәселелери бойынша сиясий мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириўге таярмыз. Тилекке қарсы, дүнья жәмийетшилиги усы мәмлекет аймағынан келип шығатуғын барлық қәўип-қәтерлерди жетерли дәрежеде баҳалай алмай атыр.

    Аўған тәрепин регионаллық экономикалық процесслерге, соның ишинде, инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў, социаллық тараўды қайта тиклеў жолы менен жедел тартыў зәрүр, деп есаплаймыз. Қабыл етилген миннетлемелерди орынлаў ушын халықаралық жәмийетшиликтиң әмелдеги аўған ҳүкимети менен конструктивлик сөйлесиў орнатыў әҳмийетли екенлигин түсиниўи ҳәм қоллап-қуўатлаўына үмит етемиз.

    Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

    Сөзимниң жуўмағында бизиң баслама ҳәм келисимлеримизди әмелге асырыў механизмлерин енгизиў әҳмийетли екенин айрықша атап өтиўди қәлер едим.

    Усы мүнәсибет пенен, "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" форматында Бас министрлердиң орынбасарлары дәрежесинде ҳәр жылы ушырасыўлары өткерилип барылатуғын Шериклик комитетин шөлкемлестириў мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

    Қәдирли дослар!

    Бәршеңизге ашық, исенимли ҳәм конструктивлик сөйлесиў ушын және бир мәрте терең миннетдаршылық билдиремен.

    Европаның жетекши институтлары ҳәм қаржы шөлкемлериниң басшылары Орайлық Азияның улыўма позицияға ийе екенине, исенимли ҳәм жуўапкершиликли шерик сыпатында кең көлемли бирге ислесиўге таяр екенине исеним билдирди.

    Бәршеңизди еки регион арасында стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында тарийхый қарар қабыл етилгени менен қутлықлайман.

    Ерисилген барлық келисимлер ҳәм алға қойылған басламаларды әмелге асырыў ушын Саммит секретариатына, экспертлер менен биргеликте, бир ай мүддетте, биз жумысшы тәртипте тастыйықлаўымыз мүмкин болған "Жол картасы"н таярлаўды усыныс етемен.

    Итибарыңыз ушын рахмет.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech