Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги қаржылардың қай жерге қаратылыўы, олар әмелде қандай нәтийже берип атырғаны бойынша фактлер ҳәм экономикалық логикаға сүйенип толық түсиник берди.
Министрликтиң түсиндириўинде жазылыўынша, инвестициялар ҳәм ресурсларды тартыўдан гөзленген мақсет - халықтың турмыс дәрежесин арттырыў болып есапланады. Егер мәмлекет ресурсларды тартыўды тоқтатса, өсиў төменлейди: кемирек жумыс орынлары жаратылады, жоллар ҳәм социаллық инфраструктураны жаңалаў, суў тәмийнатын кеңейтиў ҳәм арзан энергияны тәмийинлеў қыйынласады.
Сол себепли Өзбекстан экономиканы жедел раўажландырыў, ЖИӨ өсиўин тәмийинлеў ҳәм нәтийжеде халықтың турмыс сапасын ҳәм өмир даўамлылығын жақсылаў мақсетинде инвестицияларды избе-из түрде тартып келмекте. Итибарға ылайық тәрепи сонда, 2020-жылдан берли өмир сүриў даўамлылығы избе-из өсип, 2024-жылы 73,4 жастан 75,1 жасқа жетти.
2025-жыл 1-октябрь жағдайына бола, Өзбекстанның жәми сыртқы қарызы 75,4 млрд АҚШ долларын қурады. Соннан 37,4 млрд доллар мәмлекеттиң сыртқы қарызына туўра келеди. Қалған 38 миллиард долларға шамаласы болса мәмлекет кепиллигисиз жеке меншик ҳәм мәмлекетлик кәрханалардың қарыз миннетлемелери (корпоратив қарыз) болып есапланады.
Халықаралық классификацияға бола, Өзбекстанның мәмлекетлик қарызы дәрежеси орташа ҳәм басқарылатуғын болып есапланады.
37,6 млрд доллар муғдарындағы мәмлекеттиң сыртқы қарызы шама менен ЖИӨниң 26 процентине тең. Бул көрсеткиш жәҳән әмелиятында макроэкономикалық турақлылық ушын потенциал қәўипли деп баҳаланатуғын шегара дәрежелеринен бираз төмен.
Мәмлекет қарызлары есабынан әмелге асырылған жумыслар (2017-2025-жыллар):
1 564 км автомобиль жоллары реконструкцияланды;
470 км темир жол линиялары электрлестирилди;
6 793 км ишимлик суўы тармақлары ҳәм 664 км ақаба суў тармақлары қурылды;
96 км ыссылық қубырлары, 1 286 индивидуал ыссылық пунктлери, 166 суў бөлистириў қурылмалары ҳәм 31 ақаба суў насос станциясы қурылды;
2 737 МВт қосымша электр қуўатлықлары жаратылды, 1 106 км жоқары күшлениўли электр узатыў тармақлары тартылды;
қосымша 2 084 МВт, 16 423 млн кВт·саат электр энергиясы ҳәм 551,8 мың Гкал ыссылық энергиясы ислеп шығарыў жолға қойылды.
Транспорт ҳәм қала хызметлерин модернизациялаў:
4 Boeing 787-8 самолётлары;
2 Талго-250 жоқары тезликтеги жолаўшы поездлары;
30 электровоз;
метрополитен ушын 70 вагон ҳәм 29 ҳәрекетлениўши қурам;
1 900 автобус;
1 000 тез медициналық жәрдем автомобили;
турмыслық шығындыларды жыйнаўшы 541 техника;
13 ыссылық қазаны сатып алынды.
Билимлендириў ҳәм социаллық тараў:
60 жоқары билимлендириў мәкемесинде 119 оқыў ҳәм илимий-изертлеў лабораториялары шөлкемлестирилди;
6213 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери мебель ҳәм оқыў материаллары, 4940 офис техникасы менен үскенеленди.
Аўыл ҳәм суў хожалығы:
1 593,1 км каналлар қайта тикленди;
3 396 гидрообъект модернизацияланды;
423 тик қудық қурылды;
2,2 мың гектарда заманагөй ыссыханалар ҳәм 12,6 мың гектарда интенсив бағлар қурылды;
сыйымлылығы 334,9 мың тонна болған музлатқыш қоймаханалары қурылды;
258,2 мың тонна өнимди қайта ислеў қуўатлылығына ийе кәрханалар иске қосылды;
қусшылықта 12,3 млн бас, қойшылықта 5 752 бас ҳәм шарўашылықта 26,3 мың басқа мөлшерленген хожалықлар, сондай-ақ, 90,2 млн дана тигиўшилик ҳәм тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў кәрханалары шөлкемлестирилди.
Бул мағлыўматлар усы ўақытқа шекем жойбарларды әмелге асырыў ушын өзлестирилген қарыз қаржыларына тийисли.
Инфраструктура ҳәм социаллық тараўды модернизациялаў бойынша көплеген жойбарлар ҳәзир де даўам етпекте ҳәм жумыслар жуўмақланған сайын қосымша нәтийжелер береди.
Улыўма алғанда, 2017-2025-жылларда әмелге асырылған комплексли илажлардың нәтийжесинде 2 миллионнан аслам жумыс орынлары жаратылды, экспорт көлеми 270 процентке, жан басына ЖИӨ болса 418 процентке көбейди.
Бирақ ең әҳмийетли тәрепи сонда, ресурсларды тартыў тек ғана қатаң қағыйдалар, ашық-айдынлық ҳәм нәтийжели қадағалаў тийкарында әмелге асырылыўы керек. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң Мүрәжатында айрықша атап өткениндей, парламент депутатлары жойбарлардың пүткил өмирлик циклин - таңлаў ҳәм таңлаўлардан баслап, оларды әмелге асырыў ҳәм жуўмақлаўшы нәтийжелерге шекем - бақлап барады. Жойбарлардың жағдайы, басқышлары ҳәм процесслери реал ўақыт режиминде жәрияланып барылады, бул болса таңлаў ҳәм тендерлердиң қалай өтип атырғаны ҳәм миннетлемелер қандай орынланып атырғанын анық көриў имканиятын береди.
Өзбекстанның инвестицияларға қатнасы оғада анық: мәмлекеттиң өсиўи ушын ресурслар зәрүр, соның менен бирге халық мәплерине хызмет ететуғын қатаң қадағалаў, ашық-айдынлық ҳәм өлшенетуғын нәтийжелер тәмийинлениўи керек. Барлық процесслер мине усы принциплер тийкарында - ашық-айдын, басқышпа-басқыш ҳәм анық жуўапкершилик шеңберинде алып барылмақта.