180 нен аслам мәмлекетти бирлестирген ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлейтуғын бул шөлкемниң юбилей әнжуманын әйне Өзбекстанда өткериўге қарар еткени тек ғана мәмлекетимиз емес, ал Орайлық Азия ушын да үлкен тарийхый ўақыя, десек қәте болмайды. Парламентлераралық Аўқам ассамблеясы Орайлық Азия үлкесинде биринши мәрте Ташкентте өткериледи.
1889-жылы шөлкемлестирилген бул структура парламентлераралық қарым-қатнасты күшейтиў, нызамшылық тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм глобал машқалаларды шешиўде нызам шығарыўшы уйымлардың орнын беккемлеў бағдарында системалы жумыс алып барып келмекте.
Усы жерде ҳақылы сораў туўылады. Хош, абырайлы шөлкем тәрепинен не ушын Ташкент таңланған? Бул сораўға жуўап бериў ушын кейинги жылларда мәмлекетимизде болып атырған реформаларға нәзер таслаў керек.
Бириншиден, кейинги сегиз жылда Өзбекстан ашық, конструктивлик ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат жүргизип, тек ғана қоңсы мәмлекетлер емес, ал халықаралық жәмийетшилик пенен де тығыз қарым-қатнас орнатыўға жедел умтылып келмекте.
Екиншиден, Ташкент бүгинги күнге шекем Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммити, Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлери спикерлериниң ушырасыўы, Аралды қутқарыў бойынша халықаралық конференция, Ықлым өзгериўи бойынша халықаралық форумлар сыяқлы ири әнжуманларға мүнәсип басшылық етти.
Үшиншиден, елимиздиң нызам шығарыўшы уйымы - Олий Мажлис палаталары кейинги жылларда түрли мәмлекетлердиң парламентлери менен байланысларды күшейтип, жаңа нызамшылық басламалары ҳәм демократиялық институтларды беккемлеў жолында үлкен қәдемлер тасламақта.
Көринип турғанындай, халықаралық илажларды ҳәр тәреплеме жоқары дәрежеде өткериўде Өзбекстан жақсы тәжирийбе топлады. Сонлықтан, Парламентлераралық Аўқамның абырайлы мәжилисин Ташкентте өткериўди мақсет еткен, десек қәте болмайды. Бул тек ғана елимизге билдирилген исеним емес, ал Өзбекстанның халықаралық бирге ислесиўде барған сайын әҳмийетли орын ийелеп атырғанынан дәрек береди.
Бул ири илаж мәмлекетимиз ушын бир неше стратегиялық имканият усыныўы менен әҳмийетли.
Атап айтқанда, илаж пүткил дүньядан жоқары мәртебели мийманлар, соның ишинде, парламент спикерлери, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, жетекши сиясатшыларды бир стол әтирапында жәмлейди. Бул Өзбекстанның халықаралық сиясаттағы абырайын және де беккемлеў ушын қолайлы имканият болып есапланады.
Сондай-ақ, ассамблея шеңберинде көплеген еки ҳәм көп тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи күтилмекте. Өз гезегинде, бул мәмлекетимизге нызам үстинлигин буннан былай да беккемлеў, бул бағдарда тәжирийбе алмасыў ушын қолайлы имканият жаратады.
Буннан тысқары, абырайлы илажға келиўши мийманлар тек ғана сиясий емес, ал экономикалық сөйлесиўлерде де қатнасыўы нәзерде тутылған. Бул тәреп елимиздиң инвестициялық орталығы ҳәм экономикалық реформаларын халықаралық майданда кеңнен үгит-нәсиятлаўға жол ашады.
Ассамблея күн тәртибиндеги мәселелер ҳәм олардың мазмун-мәниси ҳаққында да тоқтап өтиў орынлы.
"Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети" темасында өткерилетуғын ассамблеяның дүркин мәжилислеринде бир қатар әҳмийетли мәселелер додаланыўы белгиленген.
Атап айтқанда, мийнет базарында теңдей имканиятлар жаратыў, социаллық қорғаў системасын жетилистириў ҳәм кәмбағаллықтың тийкарғы себеплери менен гүресиў илажлары додаланады. Халықты социаллық қорғаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселеси де күн тәртибинде болады.
Сондай-ақ, нызам үстинлигин тәмийинлеў мәселеси көрип шығылады. Неге дегенде, нызам үстинлигисиз беккем раўажланыўға ерисиў қыйын. Бүгин дүньяда коррупция, суд системасындағы машқалалар ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы жаза системасының әззилиги раўажланыўға тосқынлық етпекте. Соннан келип шығып, әнжуманда әдил суд системасын қәлиплестириў, мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў бойынша халықаралық тәжирийбелер үйрениледи.
Парламентлераралық ушырасыўда инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық механизмлер ҳәм олардың әмелий нәтийжеси де додаланады.
Қобил ТУРСУНОВ,
Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети баслығының орынбасары.