баннер
26 Apr 2025
06:36

    Парламент аўқамының 150-юбилей ассамблеясы өз жумысын баслады

    Ассамблеяда 190 мәмлекет, 15 бақлаўшы мәмлекет ҳәм 25 тен аслам халықаралық ҳәм парламентлераралық шөлкемлердиң басшылары қатнаспақта.

    Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы Ташкент қаласында өз жумысын баслады.

    Ассамблеяның ашылыў мәресими “Tashkent City” халықаралық бизнес орайының Конгресс холлында болып өтти.

    Бүгин жәҳән сиясий майданында өзиниң беккем орны, абырайы ҳәм өз сөзине ийе болған Парламентлераралық аўқам парламент дипломатиясын раўажландырыў, демократиялық институтларды беккемлеў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда жедел жумыс алып бармақта.

    Шөлкем миллий нызамшылық уйымларының алдынғы тәжирийбеси ҳәм әмелиятларын өз-ара интеграциялаў арқалы заманагөй қәўип-қәтерлерди сапластырыў бойынша парламентлер ушын улыўма стратегияларды ислеп шығыўда жәрдем берип келмекте.

    Әсиресе, геосиясий жағдай барған сайын кескинлесип атырған бир дәўирде Парламентлераралық аўқам дүньяда тынышлық ҳәм қәўипсизликти сақлаў, келиспеўшиликлерди шешиў, халықаралық ҳуқық ҳәм тынышлық сүйиўши сиясатты раўажландырыў бағдарында парламентлердиң ролин күшейтиўге ҳәрекет етпекте.

    Усы жағынан Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы тек ғана өзиниң тарийхыйлығы емес, ал оның мазмун-мәниси жәмийет ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларды беккемлеўге, мәмлекетлердиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти болған социаллық тараўды раўажландырыўға қаратылғаны менен де әҳмийетли болып есапланады.

    "Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети" темасында өткерилип атырған Ассамблеяда 190 мәмлекет, 15 бақлаўшы мәмлекет және 25 тен аслам халықаралық ҳәм парламентлераралық шөлкемлердиң басшылары қатнаспақта.

    Ассамблея шеңберинде социаллық раўажланыўға ерисиўде, әдалатлы жәмийетти қурыўда парламентлердиң қатнасын кеңейтиў ҳәм белсендилигин арттырыўға қаратылған 90 ға шамалас ҳәр қыйлы илажлар ҳәм дебатлар шөлкемлестириледи.

    Атап айтқанда, Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева шығып сөйлеп, бүгин Парламентлераралық аўқам дүнья сиясий майданында өзиниң беккем орнына ийе болғанын және парламент дипломатиясын раўажландырыў ҳәм демократиялық институтларды беккемлеў бағдарында өз жумысын әмелге асырып атырғанын атап өтти:

    - Бүгин Жаңа Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында реформалар избе-из даўам етпекте, раўажланыўдың шешиўши басқышына қәдем қойылды.

    Миллий парламентлердиң бул процесслерде әҳмийетли социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый ўазыйпаларды шешиўдеги роли, ўәкилликлери сезилерли дәрежеде кеңейтилди.

    Кейинги жылларда Өзбекстан парламенти халықаралық парламент механизмлерине жедел интеграцияланып бармақта.

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов Парламентлераралық аўқам 150-юбилей ассамблеясы қатнасыўшыларын қутлықлап, бул илаждың парламентаризм тарийхындағы әҳмийетине айрықша тоқтап өтти:

    - Нызамшылық тараўында, дүнья көлеминдеги қарым-қатнас ҳәм шерикликти беккемлеў, парламентлердиң социаллық раўажланыў ҳәм әдилликти гөзлеген ҳалда белсендилик көрсетип, тәжирийбе алмасыў бағдарында Парламентлераралық аўқам келешекте өзиниң муўапықластырыўшы ролин және де күшейтеди, деп үмит етемиз.

    Илажда шығып сөйлегенлер Ассамблеяның бас темасы "Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети" екенин атап өтип, бул бағдарда мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелерге итибар қаратты.

    Атап айтқанда, Парламентлераралық аўқам Президенти Тулия Эксон ханым төмендеги пикирлерди билдирди:

    - Өзбекстанда кейинги жылларда әмелге асырылып атырған реформаларды ҳәм мәмлекетиңиздиң қалай раўажланып атырғанының гүўасы болып турмыз. Усы мүнәсибет пенен және бир мәрте Өзбекстан Президентин ҳәм Сенат Баслығын бул бағдардағы ҳәрекетлериниң нәтийжеси менен қутлықлайман. Бул мәмлекет турақлы раўажланып бармақта.

    Ассамблея даўамында биз әдиллик ҳәм социаллық раўажланыў темаларын бирлестирип, олар қандай үйлесиўи мүмкин екенлигин додаламақшымыз. Себеби гейде социаллық әдалатсызлыклар болады ҳәм айырым мәмлекетлер бул әдалатсызлықларды раўажланыў атынан ақлаўға урынады. Биз болса бул еки түсиник биргеликте раўажланыўы керек, деп есаплаймыз.

    Бас хаткер Мартин Чунгонг болса былай деди:

    - Бул ҳәпте даўамында Ташкент парламент дипломатиясының пайтахтына айланады. Бул мәжилис глобал жәмийетшилик ушырасып атырған машқалалар, келиспеўшиликлер ҳәм даўларды сөйлесиў арқалы шешиў мүмкин екенлигин көрсететуғын үлгиге айланады. Ҳәзирги ўақытта дүнья қыйын машқалалар, урыслар ҳәм келиспеўшиликлер ийриминде қалып атырған бир ўақытта бул Ассамблеяның Өзбекстанда өткерилиўи елиңиздеги бийбаҳа байлық - тынышлық ҳүкимранлығын және мәмлекет басшысының көп тәреплеме бирге ислесиў ҳәм парламент дипломатиясын раўажландырыўға болған садықлығын көрсетеди. Бул ушын Парламентлераралық аўқам оғада миннетдар.

    Процесслерди толық бақлап барыўыңыз мүмкин Парламентлераралық аўқамның *YouTube тармағындағы бети арқалы бақлап барыўыңыз мүмкин.

    Ассамблея шеңбериндеги барлық илажлар 5-9-апрель күнлери “Tashkent City” халықаралық бизнес орайының Конгресс холында болып өтеди.

    Сондай-ақ, Ассамблея шеңберинде әҳмийетли халықаралық ҳүжжетлер, соның ишинде, Ташкент декларациясы қабыл етиледи.

    Ташкентте өткерилип атырған юбилей Ассамблея Парламентлераралық аўқам, жәҳән парламентаризми тарийхында умытылмас ўақыяға айланатуғынына ҳәм Ассамблея шеңберинде алға қойылған басламалар, қабыл етилген ҳүжжетлер Аўқамға ағза мәмлекетлердиң нызамшылық реформаларына унамлы тәсир көрсететуғынына исеним билдирилди.



    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech