Оны жуўапкерлер соңғы айларда трансшегаралық пул өткермелери ҳәм халыққа ажыратылған кредит жеделлесип атырғаны, жылдың басынан тийкарғы саўда бирге ислесиўшилер валютасының беккемлениўи тәсиринде реал нәтийжели алмасыў курсы төменлеў тенденциясын көрсетип, өзиниң орта мүддетли трендине жақынласып атырғаны менен түсиндирди. Булар, өз гезегинде, экономикадағы инфляция процесин оптималластырыў ҳәм жалпы талап ҳәм усыныс арасындағы теңсалмақлылықты тәмийинлеў ушын қатаңлықты талап етеди.
Тийкарында, тийкарғы ставканың өзгериўи жаңалық емес. Бул Орайлық банк жумысының бир бөлеги. Бирақ, бул коммерциялық банклердиң кредит ҳәм депозит бойынша процент ставкаларына, улыўма, мәмлекет экономикасына тәсири бар.
Хош, олар нелерде көринеди? Тийкарғы ставканың арттырылыўы ямаса азайтылыўы исбилерменлер, адамлардың турмысында қаншелли сезилмекте?
Атап өткенимиздей, базалық ставканы өзгертиў ҳаққында қарар қабыл етиў Орайлық банктиң әдеттеги иси. Экономикалық процесс, финанслық жағдайлардан келип шығып, тийкарғы ставканы өзгертиў бойынша жылына сегиз мәртеге шекем қарар қабыл етилиўи мүмкин. Бүгин көпшилик мәмлекетте, соның ишинде, Өзбекстанда қайта қаржыландырыў ставкасы банклер ушын кредит баҳасы ҳәм экономикадағы процент ставкалары дәрежесин белгилейтуғын тийкарғы ставка сыпатында қолланылады.
Тийкаргы ставка барқулла бирдей болып турыўы қыйын. Ол экономикалық жағдайдан келип шығып өзгерип туради. Мағлыўматларға қарағанда, 1995-жыл мартта бул көрсеткиш мәмлекетимизде жүдә жоқары болып, ҳәттеки 300 процентке жеткен. Бул жағдай гиперинфляция ҳәм турақсыз финанслық система себепли жүзеге келген еди. Кейинги жылларда бираз төменлеў бақланған, бирақ жоқары дәрежеде қалған. Яғный 150-40 процентти қураған. 1998-жылы ставка 36 процентти қураған ҳәм 2015-жылға келип, ол 9 процентке түскен. Бул мәмлекетимиз финанс системасының турақласыўы ҳәм инфляция үстинен қадағалаўдан дәрек беретуғын еди. Бирақ ҳәр қыйлы экономикалық шоклар ҳәм инфляция қәўип-қәтерлери себепли аралықтағы бир неше жылда тийкарғы ставка сезилерли дәрежеде көтерилди. 2023-жылдан баслап болса және төменлей баслады: сол жылдың март айында 14 процентти қураған болса, 2024-жыл июльде 13,5 процентке түсирилди. Усы жылдың март айында болса, жоқарыда келтирип өткенимиздей, және 14 процент етип белгиленди.
Тийкарғы ставка банклер аралық базарында қысқа мүддетли қаржылардың қунын белгилейди ҳәм коммерциялық банклер арасындағы кредитлер ҳәм де қарызлар бойынша операциялар процент ставкалары ушын өлшем болады. Оның өзгериўи банклер аралық базардың процент ставкаларына тәсир етеди. Көтерилсе, аманатлар тартымлылығын арттырады, кредитке талапты болса азайтады. Нәтийжеде тутыныў төменлеп, баҳалар ҳәм инфляция турақласыўына жәрдем береди. Егер инфляцияның мақсетли дәрежеден төменлеў қәўпи бар болса, Орайлық банк экономикалық жумысты хошаметлеўши тийкарғы ставканы да азайтыўы мүмкин.
Мәмлекетимизде депозитлер бойынша процент ставкасы турақлы өсип бармақта. Мәселен, 2019-жылы физикалық шахслар ушын олар 17,4 проценттен 2024-жылы 21,3 процентке өсти. Юридикалық шахслар ушын мүддетли аманатлар бойынша процент ставкасы улыўма есапта 14,6 проценттен 18,5 процентке көтерилди.
Ажыратылған кредитлер процент ставкасы болса басқаша көрсеткишти көрсетпекте. Яғный ол 2020-жылы физикалық шахслар ушын 28,1 процентке жетип, кейин бираз төменледи. 2024-жылы болса 25,1 процентти қураған. Юридикалық шахслар ушын болса, керисинше, ставка 2021-жылы 20,4 процентке шекем төменлеп, өткен жылы 22,9 процентти қураған. Буннан Орайлық банктиң жоқарыдағы қарары ҳәр еки жағдайда да өзгерислерге алып келетуғыны көринеди.
Қайта қаржыландырыў ставкасын арттырыўдан гөзленген тийкарғы мақсет инфляцияға қарсы гүресиў болып табылады. Улыўма алғанда, бул жағдай экономикаға унамлы және унамсыз тәсир көрсетеди. Унамлы тәрепи сыпатында инфляция үстинен қадағалаўдың күшейтилиўин айрықша атап өтиў керек. Тутыныў қәрежети ҳәм кредитлеўди кемейтиў баҳалардың өсиўин төменлетеди. Бул да миллий валютаға исенимди беккемлейди. Буннан тысқары, пул-кредит сиясатын күшейтиў финанс системасының турақласыўына жәрдем береди. Себеби банклер кредитлеўде абайлы болады, қәўипли кредитлер дәрежесин төменлетеди.
Оның унамсыз тәрепи кредитлер баҳасының артыўында, инвестициялық белсендилик ҳәм тутыныўдың пәсейиўинде көриниўи мүмкин. Солай етип, қайта қаржыландырыў ставкасын арттырыў инфляцияға қарсы гүресиў ҳәм финанслық турақлылықты беккемлеўге жәрдем береди. Бирақ соның менен бирге экономикалық өсиў ушын тосқынлықлар жаратады. Кредит алыў имканиятын шеклеп, исбилерменлик белсендилигин азайтады. Бул факторлар арасындағы тең салмақлылық ҳәзирги макроэкономикалық жағдай ҳәм Орайлық банк тәрепинен көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигине байланыслы.
Бул тутыныўшыларды да сергекликке шақырады. Яғный, олар финанслық тәўекелшиликти илажы болғанынша азайтып, қаржысын нәтийжели басқарыў ушын жаңа экономикалық реаллыққа бейимлесиўи зәрүр. Бәринен бурын, тийкарсыз кредитлерден тыйылыў керек. Жаңа кредитлерге мүтәжликти пуқта баҳалаў ҳәм оларды тек ғана оғада зәрүр болғанда алыў әҳмийетли.
Соның менен бирге, көтерилген қайта қаржыландырыў ставкасы депозитлер бойынша процент ставкасының артыўына алып келеди. Бул қорлар көбирек пайда келтиреди, дегени. Бос пул қаржыларын банк депозитлерине жайластырыў капиталды сақлап қалыў ҳәм артқан қәрежетти қаплаў ушын жақсы қурал болыўы мүмкин.
Солай етип, жоқары процент ставкасы дәўиринде ислеп шығарыўшылар да қәрежетти минималластырыў, рентабелликти сақлаў ҳәм жаңа базар шараятына бейимлесиў ушын финанслық стратегиясын өзгертиўи керек. Себеби, биринши гезекте, бизнес ушын тийкарғы машқала қарыз қаржысы баҳасының көтерилиўи болады. Өзгериўшең талапқа бейимлесиў, қарыйдарларға және де қолайлы шараят усыныс етиў ҳәм экспорт етиў (сыртқы базарларға шығыў) имканиятын көрип шығыў да әҳмийетли. Бундай шараятта бейимлесиў ҳәм стратегиялық режелестириў табыс факторына айланады.
Махфурат ЭГАМОВА,
Ташкент мәмлекетлик экономика университети профессоры.