"Шаффоф қурилиш" платформасында қурылыс материаллары кәрханаларының реестри шөлкемлестириледи

    Президент Шавкат Мирзиёев 19-май күни қурылыс материаллары санаатындағы жумыслар ҳәм тийкарғы ўазыйпаларға байланыслы презентация менен танысты.

    Халықтың саны өсип, урбанизация кеңейип атырғаны сапалы қурылыс материалларына талапты жылдан-жылға арттырмақта. Тармақ соған сәйкес түрде раўажландырылып барылмақта. Көплеген жойбарлар әмелге асырылып, ҳәзирги күнде 10 мыңға шамалас кәрхана жумыс алып бармақта.

    Быйыл биринши шеректе өндирис 8 процентке, экспорт болса 11 процентке өсти. Инвестициялық бағдарлама шеңберинде 500 миллион долларлық 9 ири жойбар иске қосылды. Душанбе, Қабул ҳәм Филадельфия қалаларында «Өзбекстан саўда үйи» шөлкемлестирилди.

    Еле алдында режелер көп. Жылдың ақырына шекем 2,4 миллиард долларлық 312 жойбарды орынлап, 16 мың жоқары дәраматлы жумыс орнын жаратыў, өндирис көлемин 53 триллион сумға, экспортты 1,2 миллиард долларға жеткериў мөлшерленген.

    Презентацияда жуўапкерлер усы көрсеткишлерге ерисиў илажлары бойынша мәлимлеме берди.

    Мәмлекетимиз басшысы тараўда сапа, өзине түсер баҳасы ҳәм қурылыс мәденияты ең әҳмиетли мәселе екенин атап өтти. Заманагөй технологияларды енгизип, жергиликли өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, елимиздеги дөретиўшилик жумысларында олардан кеңирек пайдаланыў ўазыйпалары көрсетип өтилди.

    Оған ерисиўде илим ҳәм әмелий қолланбалар әҳмийетли. Усы мақсетте тараў бойынша «R&D» изертлеў орайы ашылды, Германиядан мәсләҳәши тартылды.

    Мысал ушын, салма ҳәм канал жағалықлары ушын орамлы бетон қапламасын таярлаў технологиясы бойынша жумыс басланған. Нәтийжеде бетонлаўға кететуғын ўақыт ҳәм қәрежет 10 процентке, суўдың жумсалыўы 3-5 процентке азаятуғыны есап-санақ етилген.

    Президентимиз геология ҳәм илимге үлкен итибар қаратып, ишки ҳәм сыртқы базарлар ушын жоқары қосымша қунлы өнимлер жеткерип бериў зәрүр екенлигин атап өтти. Энергия ҳәм ресурс жумсалыўы жоқары бағдарларды таллап, үнемли инновациялық шешимлерди қолланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Өткен жылы тармақтағы ири кәрханалар энергия аудитинен өткерилгенде 300 миллион киловатт саат үнемлеў имканияты анықланған. Бундай кәрханаларда технологияны жаңалаў ҳәм жумыс тәртибин ақылға уғрас шөлкемлестириў арқалы қәрежетлерди азайтыў мүмкин екенлиги айтылды.

    «Шаффоф қурилиш» платформасында қурылыс материаллары кәрханаларының реестрин қурап, сол арқалы сапаны қадағалаўды тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.