баннер
31 Mar 2025
18:07

    Спорт - саламат халық, саламат әўлад таянышы

    Өзбекстан Республикасы Президенти, Миллий Олимпия комитетиниң баслығы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 13-февраль күни олимпиада ҳәм паралимпия ҳәрекети, қәнигелестирилген ҳәм ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў және халықтың физикалық белсендилигин арттырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

    Ҳәр бир ата-ана, ҳәр бир миллеттиң мақсети - физикалық ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў болып табылады. Буған болса дене тәрбиясы ҳәм спортсыз ерисип болмайды. Спорт саламат халық, саламат әўладтың таяныш үстини болып есапланады.

    Сонлықтан мәмлекетимиз тәрепинен бул тараўға үлкен итибар қаратылмақта. Кейинги төрт жылда бюджеттен спортқа ажыратылып атырған қаржы 1,5 триллион сумнан 3 триллион сумға артты. Тренерлердиң орташа айлығы 2 есеге көбейди. 101 ири спорт объекти қурылды, 67 си реконструкцияланды. Спортшыларымыздың Париж Олимпиадасында ерискен жетискенликлери бул итибардың айқын нәтийжелери болды.

    Енди 2028-жылы Лос-Анжелесте болатуғын Олимпиада ойынларында күшли онлыққа кириў мақсет етилген. Буның ушын таярлықты күшейтиў, спорт федерацияларын раўажландырыў зәрүр.

    Мәжилисте бул мәселелер 26 спорт федерациясы ҳәм аймақлар кесиминде талланды.

    Мәселен, соңғы Олимпиада ойынларында 48 бағдарлама болған жеңил атлетика бойынша 5, 49 суў спорты бағдарламасынан тек ғана 4 лицензия алынған. Қарақалпақстан, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган ҳәм сырдәрьялы спортшылар төмен нәтийже көрсеткен.

    Соның ушын қәбилетли жасларды табыў, олимпиада спорт түрлерине таярлаў, оларды ҳәм тренерлерди хошаметлеў бойынша жаңа система жолға қойылатуғыны белгиленди. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы бир қатар басламаларды алға қойды.

    Бәринен бурын, олимпиада ҳәм паралимпия ҳәрекетин раўажландырыў, селекция системасын жақсылаў мақсетинде Олимпиада комитетиниң аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи. Миллий Олимпиада комитетиниң баслығы Президент болғанындай, аймақлық бөлимлерге ўәлаят ҳәкимлери басшылық етеди.

    Олар ҳәр бир федерация менен биргеликте, Олимпиада ойынларына таярлық дәўири бойынша стратегия ислеп шығады. Буның ушын зәрүр шараят ҳәм инфраструктураға 300 миллиард сум қаратылады.

    Сондай-ақ, сырт елден алдынғы тәжирийбелер, грантлар тартыў илажлары көриледи. Спортшы ҳәм тренерлер сырт ел спорт академияларында оқытылады. Алдынғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларының нәтийжесине қарап, спорт түрлери үстинлиги бойынша 3 категорияға ажыратылады.

    Аймақлардағы 310 спорт мектеби миллий сайланды командалардың селекция базасына айланыўы керек екенлиги атап өтилди. Оларда жаңа методика ҳәм қатнаслар енгизиледи.

    Олимпиада спорт түрлерине бейимлестирилген 56 спорт мектеби миллий сайланды командалар ушын тийкарғы резерв болады. Оларда аймақтан сайлап алынған жаслар индивидуал реже тийкарында мақсетли таярланады.

    Сондай-ақ, жылына еки мәрте аймақларда олимпиада спорт түрлери бойынша "Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарыслары системасы жолға қойылады. Район ҳәм ўәлаят сыйлы орын ийелерин ҳәкимлер хошаметлеп барады. Ўалаят басқышы жеңимпазлары ҳәр жылы декабрьде Олимпия қалашасында өткерилетуғын "Президент олимпиадасы"нда қатнасады.

    Жарыс жеңимпазлары турақ жай, автомобиль сыяқлы баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Биринши ҳәм екинши орынды алған спортшылар Республикалық олимпиада ҳәм паралимпиада орайына қабыл етиледи. Онда, 1-2 курс оқыўшыларына стипендия төлеў жолға қойылады.

    Президентимиз жарысларда жоқары нәтийже көрсеткен спортшы ҳәм сайланды команда тренерлери қатарында спортшыларды жетистирген биринши тренерлерди де хошаметлеў зәрүрлигин атап өтти.

    Мәжилисте пара спорт имканиятларына айрықша тоқтап өтилди.

    Бурын бул категориядағы жаслар ушын тек ғана 33 мектепте спорт дөгереклери болған болса, бүгин бундай мектеплердиң саны 235 ке жетти. Параспорт пенен турақлы шуғылланыўшылар 4 есеге көбейип, 7 мыңнан асты.

    Енди Герсен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети менен биргеликте майыплығы болған жасларды спорт пенен қамтып алыў, нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша илимий методика ҳәм стандартлар ислеп шығылады. Оның Ташкенттеги филиалында адаптив спорт бойынша өз алдына факультет ашылады.

    Сондай-ақ, аймақлардағы 39 спорт мектеби параспорт түрлерине қәнигелестириледи. Бундай жасларды, әсиресе, майыплығы болған қызлардың имканиятына қарап, басқа да саламат спорт топарларында шуғылланыўына шараят жаратылады. Тренерлерге маманлық сертификатын бериў ҳәм оларды қайта таярлаў системасы әпиўайыластырылады.

    Параспорт түрлери бойынша сайланды командаларды қәлиплестириў тәртиби де өзгертиледи. Буннан былай, жаслар тек ғана жарыс нәтийжесине қарап емес, ал спорт нормативлерин орынлағанына қарап та сайланды командаға қабыл етиледи. Онда, майыплығы болған спортшылардың көрсеткишлерин мониторинг етип баратуғын өз алдына онлайн платформа болады.

    Жарыс ҳәм спорт жыйынларын шөлкемлестириўде олимпиада ҳәм паралимпия системасына өтиледи. Яғный, қай жерде чемпионат болса, оған қатар пара спорт жарысы да өткериледи, жыйынлар да биргеликте шөлкемлестириледи. Бул ҳақыйқый инклюзив системаға айланады, майыплығы бар спортшылар ушын исеним ҳәм хошамет болады.

    Спорт тараўында да жеке меншик секторға кеңнен жол ашылатуғыны атап өтилди. Енди жеке меншик спорт клубларының бирден-бир реестри жүргизиледи, олардың жумысы бойынша нормалар жаратылады. Қамтып алыў дәрежесине қарап, клубларға бийпул спорт инвентарлары ажыратылады. Жеке меншик тренерлерге өзин-өзи бәнт етиў ҳуқықы бериледи.

    Әҳмийетлиси, жеке меншик клублардағы жаслар барлық жарысларда өз атынан қатнасыўы мүмкин болады ҳәм нәтийжесине қарап, сайланды командаларға қабыл етиледи.

    Спортшыларды табыў, сайлап алыў ҳәм таярлаў процесине санластырыўды кеңнен енгизиў, әдилликти тәмийинлеп, қәбилетли жасларды жүзеге шығарыў бойынша көрсетпелер берилди.

    Мәжилисте ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

    Өткен жылы жарысларда жаслардың қамтып алыўы 10 миллионға жеткен. Бирақ үлкен жастағы инсанлардың спортқа қатнасыўы аз.

    Соның ушын енди мәҳәллелерде ғалабалық физикалық белсендилик илажлары өткериледи, бул бойынша рейтинг жүргизиледи. Жыл жуўмағы менен ең белсенди шаңарақларға шынығыў үскенеси бериледи, ең жақсы мәҳәллелерде спорт майданшалары қурылады.

    Оқыўшыларды спортқа кеңнен тартыў мақсетинде ҳәр бир мектепте жеке гүрес ҳәм командалық олимпиада спорт түрлери бойынша дөгереклер ашылады. Мектеплер арасында олимпиада спорт түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестириледи. Ең жақсы нәтийже көрсеткен оқыўшылар селекция етилип, мектеплер керекли спорт инвентары менен тәмийинленеди. Нәтийже көрсеткен денетәрбия муғаллимлери айрықша хошаметленеди.

    Елимизде 700 мыңнан аслам студентлер бар екенлиги атап өтилип, олардың арасында спортқа қызығыўшылықты күшейтиў, қамтып алыўды арттырыў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.

    Халықты саламат турмыс тәризине үйретиўде тек ғана спорт емес, ал дурыс аўқатланыў да әҳмийетли. Үйрениўлерге бола, халқымыздың 44 проценти физикалық белсенди емес, 36 проценти дурыс аўқатланыў қағыйдаларына әмел етпейди. Масақлы ҳәм дәнли өнимлер, мийўе-овошлардың тутыныўы аз. Тез таярланатуғын ҳәм қурамында канцероген элементлер жоқары болған өнимлер саўдасы көбейген. Булар түрли кеселликлер ҳәм ерте өлимлерге себеп болмақта.

    Сонлықтан "Саламат инсан - саламат миллет" идеясы улыўма миллий ҳәрекетке айландырылатуғыны атап өтилди. Оның ушын саламат аўқатланыў ҳәм физикалық белсендиликти үгит-нәсиятлаўды ҳәр бир шаңараққа алып кириў керек екенлиги айтылды.

    Мәжилисте тараў жуўапкерлери, ҳәкимлер ҳәм спортшылар менен сөйлести.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech