Тең ҳуқықлылыққа қол қатылмаған "Ташкент пропискасы" ҳәм "жасыл емес паспорт"

    Өткен жыллар даўамында жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў бағдарында жедел реформалар әмелге асырылды.

    2017-2024-жылларда пуқаралық жәмийети институтларын тиккелей қоллап-қуўатлаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған 64 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын зәрүр ҳуқықый ҳәм институционал база жаратылды. Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында биринши мәрте пуқаралық жәмийети институтларына бағышланған өз алдына бап киргизилип, оның ХIII бабы "Пуқаралық жәмийети институтлары" деп аталған.

    Ең тийкарғысы, жаңа редакциядағы Конституцияда миллий нызамшылығымызда биринши мәрте пуқаралық жәмийети институтларының қурамы ашып берилди. Бул институтлар пуқаралық жәмийетиниң тийкарын қураўы беккемленди. Өзбекстан тарийхында биринши мәрте 2021-2025-жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы қабыл етилди. Булардың барлығы ғәрезсиз ҳәм еркин пуқаралардың нызам менен беккемленген пуқаралық ҳуқықы есесине әмелге асырылды.

    Бул гәплер тек рәсмийлик ушын емес, биз системалы түрде анық белгиленген жүзлеген нәтийжели режелердиң әмелге асырылғанынан айырымларын санап өтиўди тийис деп билдик. Узақ жыллардан берли топланып қалған пуқаралық ҳуқықына байланыслы көплеген машқалалар ҳуқықый реформалар менен өз шешимин тапқанын тән алыўымыз керек.

    Бир ғана "Ташкент пропискасы" сөзин еске алайық. Жети - сегиз жыл бурын бул сөз ҳуқықларымыздың теңсизлигиниң дәлили сыпатында тап және жүз жыл жасайтуғын сыяқлы қулағымыз астында тоқтаўсыз жаңлайтуғын еди, мыңлаған адамлар система аўырласса аўырласты, ҳеш қашан пуқара ушын жеңиллик болмайды, деп үмитсиз қол силтегенинде мәмлекетимиз басшысының қатаң ерк-ықрары есабынан биз болжаўға қорыққан, бирақ жыллар даўамында ынтығып күткен қарар қабыл етилди – 2020-жыл 1-сентябрден ески жара сыяқлы тоқтаўсыз қыйнап келген прописка системасы бийкар етилди. Өткен дәўир даўамында болса бул сөзди және қайта еситпейтуғын болдық, тап жаман түс сыяқлы ҳәммеси умытылды.

    "Өзимди жаттай сезбей атырғанымнан бахытлыман!"

    - Наманганда туўылғанман. Ҳаялым ташкентли еди. Еле прописка бойынша өзгерис киргизилмеген ўақытлар. Қалада емес, Ташкент ўәлаятында жасайтуғын едик, себеби жумысыма жақын еди. Басқа ўәлаяттан келген болсам да, туўысқанларымның көпшилиги усы жерде жасайтуғын еди. Турақлы дизимге алыўды өтиниш етип жазбаған шөлкемимиз, жалынбаған адамымыз қалмады. Бир сапары тийисли шөлкемнен келген хатқа бола, мен дизимге киргизилиўи мүмкин болған категорияға кирмейтуғынлығымды оқып, табылған бәнесине күлген едим, - дейди Хуршид Шермаматов. - Қайсы категориядағы пуқаралығыма қарамастан, мен де усы халықтың перзентимен, бир бөлегимен, сен сыяқлыман, деп жуўап жазғым келген еди сонда.

    Кейин ала айырым себеплерге бола Чиланзар районына, ҳаялымның үйине көшип кеттик. Жүдә қыйналдық. Ҳаялым ҳәмиледар ўақтында көп ҳәрекет етти. Пайдасы болмады, жумысқа орналасып алыўым ушын маған ҳәтте ўақтынша прописка да бермеди, ҳаялыма ҳәким разы болса ғана, күйеўиңизди дизимге алыўымыз мүмкин, деген еди. Исенесиз бе, адамды ҳақыйқый аўыр мийнеттен гөре, мине усындай белгисиз ҳүжжетпазлық, кимниңдир есиги алдында нәўбет күтиў, оған хызмет көрсетиў, соңынан жигирма жерде әне усындай жағдайда "тер төгиў" көбирек диңкеңди қуртады екен. Сол ўақытлары адамлар арасында қызықлы гәплер тарқалған: "Пропискаң болыў ушын Ташкентте ислеген болыўың керек, Ташкентте ислеў ушын болса пропискаң болыўы керек." Парадоксқа қараң...

    Бирақ, мине, Президентимиздиң ҳәрекети, ақылға уғрас қарары менен бул система сапластырылды. Елеге шекем қуўанышлыман, тап ҳуқықым көтерилгендей болған. Егер пуқаралық жақтан өзиңизди биреўден кем билмесеңиз, бирлемши мүтәжликлер қанаатландырылғандай өзиңизди қәтержам сезе баслайсыз. Кеўил қәтержамлығын тапқаннан кейин жумысымда илгерилеў болды, үйиме берекет қайтып келди. Турақлы дизимнен өтиў сыяқлы майда мақсетлер орнын мәмлекеттиң раўажланыўына үлес қосыўшы режелер ийеледи, пикирлеўим өсти, улыўма алғанда, бул реформа мәмлекет ушын да, халық ушын да бирдей пайдалы болды, деп ойлайман.

    "Өзбекстан пуқарасы деген статус мақтанышлы статус екенин әллеқашан аңлап жеткенмен"

    Мақала басында пуқаралық ҳуқықын еске алған едик. Хош, пуқаралық ҳуқық деген не? Қысқаша етип айтқанда, пуқаралық ҳуқықы инсанлардың жеке өмирине қол қатылмаў, жеке мағлыўматлардың сырлылығын сақлаў, жеке қәдир-қымбатын қорғаў сыяқлы ҳуқықларды өз ишине алады. Пуқаралық ҳуқық жәмийетте тәртипти сақлаўда әҳмийетли орын ийелейди ҳәм инсанлар арасындағы әдалатлы қатнасықларды тәмийинлейди. Солай етип, пуқаралық ҳуқықы ҳәр бир шахстың ҳуқықый қорғалыўын кепиллейди.

    Бул ҳуқық тәбийий түрде сиясий ҳуқықларға жол ашады. Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықларға ийе шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳүкиметлер, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм жеке шахслар тәрепинен бузылыўынан қорғалады, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң пуқаралық ҳәм сиясий турмысында кемситиў ҳәм репрессияларсыз қатнасыў имканияты тәмийинленеди. 2016-жылға шекемги пуқаралығы болмаған адамлар болса әне усы имканиятлардан айырылып, шарасыз қалған еди.

    2017-2021-жыллар даўамында жүз мыңнан аслам адамға Өзбекстан пуқаралығы берилген болса, 1992-2016-жылларға шекем тек ғана 482 адам Өзбекстан пуқарасы бола алған. Итибар бериң, 25 жыл, шерек әсир даўамында тек ғана 482 адам пуқаралыққа қабыл етилген. Соны айтып өтиў мүмкин, сонша жыллар даўамында пуқаралық алыўға байланыслы үлкен ҳәриплер менен белгиленген нормалар әмелде ислемеген.

    Артықша шеклеўлер себепли усы жерде туўылып-өскен қаншадан-қанша инсанлар аралықта қалды. Шавкат Мирзиёев президент етип сайланғанынан соң Өзбекстанда пуқаралығы жоқ шахслар сыпатында жасап киятырғанлардың шағымлары тыңланды, бул бағдардағы машқала жоқары дәрежеде тән алынды. Тараўда шын мәнисиндеги реформа басланды.

    - 1991-жылы 26-август күни Қырғызстанда туўылғанман. Әкем қырғыз миллетине тийисли болса да, анам өзбек, 2020-жылға шекем оның да пуқаралығы жоқ еди, - дейди Муҳаммеджан Турғунов. - Ғәрезсизлик жәрияланыўына бес күн қалғанда туўылғаным бир тәрептен қуўанышлы болған, кейин ала, яғный пуқаралық алғанға шекем буның аўырын толық сезгенмен. Танысларымның сен қырғызсан, өзбек емессең деген ярым ҳәзил, ярым шын гәплери бәрқулла мениң көлемли жумыс ислеўиме тосқынлық ететуғын еди. Өзи усындай, бизлер майда, итибарға ылайық емес деп есаплаған себеплеримиз ўақыт өтип руўхыятымызға жақсы жарақат қалдырды. Мысалы, мен де ҳәмме қатары ўатан ушын мийнет етиўден қашпайман, мақтаныш деп билемен, ҳадал мийнет етип шаңарағымды тербеймен. Бирақ пуқаралық алғанша, билесиз бе, жүдә көп имканиятлардан тек ғана усы ҳүжжетти деп пайдалана алмадым. 2020-жылға шекем менде сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықы жоқ еди, сырт елге саяхат етиўди де әрман етпеген едим. Қаншадан-қанша исбилерменлерди билемен, өз жумысын кеңейтиў ҳәм потенциалын арттырыў мақсетинде мәмлекетлик банклерден кредит сорап атырғанда "пуқаралығы болмағаны ушын" бәнеси менен бийкар етилген. Және онлаған шеклеўлер, қадаған етиўлер себепли қысылып-қымырылып жасағанман.

    Бир танысымның да пуқаралығы жоқ еди, 2010-жылларда жеке меншик кәрханаға жумысқа орналаспақшы болғанда, кәрхана басшылары ҳүжжетин сораған. Көрсеткеннен кейин болса "лошадиний паспорт" па деп күлген. Ҳайран болып, түсинбегенимде олар жарыста шабатуғын атлардың да усындай паспорты болады. Сенде де сондай, Өзбекстанда тек ғана жасаў ҳуқықына ийесең, басқа ҳуқыққа ийе емессең, деп және кемситкен…

    Өзиңизди өзбек деп есаплайсыз, келешегиңизди усы ел менен байланыстырғансыз, бар потенциалыңызды усы ел ушын жумсаўды қәлейсиз, бирақ буның ушын сизге жол ашылмаған. Нызам менен ҳуқықыңыз бар, бирақ айырым шахслардың басламасы менен рухсат жоқ еди. Мен-ғо, бул басқышты салыстырмалы түрде жеңил басып өттим деп ойлайман, айырым ўақытлары имканияты бола турып жақын баўырларының дийдарын барып көре алмаған, жаназасына жетип бара алмағанлар көп еди.

    Жаслығымнан спортқа қызыққанман. Халықаралық жарыслар ўақтында сайлап алыўда мен ҳәм мен сыяқлылар себепсиз дизимнен шығып кететуғын ямаса улыўма қосылмайтуғын едик, өмирин спорт пенен байланыстырмақшы болған адам ушын бундай ажыратып қойыўлар қатты тәсир етеди, қарсыласың түўе, өзиңди де жеңе алмай қаласыз. Ҳәзир таеквандо бойынша тренер болып ислесиўимниң себеби де әйне усы - спортшы болып усы елге айтарлықтай пайдам тиймеген болса, енди ҳеш болмаса тренер сыпатында тийсин. Спортшылар Ўатанды басқалардан көре көбирек жақсы көреди деп есаплайман, буны барлық спортшыларымыздың жеңистен соң берген интервьюларынан билип алыў қыйын емес, ҳәммеси бир сөзди, бир-биринен еситпей, ядлап алмастан сөйлейди - "Ўатан ҳәм халқым алдындағы исенимди ақлаўды даўам етемен!"

    Бүгин болса шүкиршилик етемен. Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстан пуқаралығын алдым, шексиз рахмет. Басынан өткен тәўип, дейди. Аңсатлық пенен пуқаралық алғанлар мен сезип атырған сезимлерди билмеўи мүмкин. Мен бул нәрсениң ыссы-суўықлығын өзимнен өткердим. Сонлықтан, Өзбекстан пуқарасы деген статус мақтанышлы статус екенин әлле қашан түсинип жеткенмен!

    Азизбек ЮСУПОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы