Руўхый зәрүрликтен социаллық зәрүрликке шекем ямаса нызамлар қалай жасайды?

    Күн батыўын тамаша етип отырған сәўбетлесим узақ ойланды. Оның көзи қараўытқан бултларға тигилген, терең дем алыўынан ийинлери көтерилип түсетуғын еди.

    Ол тап қус сыяқлы ушыўға умтылады, бирақ жер аяғынан беккем услап турғандай еди. Ақырында аўыр тынышлықты бузып, айрықша қуўаныш пенен: "Қараң, қандай гөззал, буннан артық бахыт жоқ!" - деди.

    Ол усы сөзи менен сәл әрманлаўда ушып баратырған бир жуп қусларды көрсетти. Мен оған неси бахыт дегендей қарадым. Сәўбетлесим буны тез сезди ҳәм қалың қабағын көтерип, қатаң түрде сөйледи:

    - Ташкентте үйим жоқ еди. Дүканыма ҳәр күни салықшы келеди. Санитария мәкемеси бир күнде үш мәрте тексереди. Тексерсе де мәйли, үлесин алып, өз кабинетинде жазып келген қағазды жабыстырып кетеди. Өзи әпиўайы гүммахана болса, ашыўым келеди... Мейли, дедим де, тисимди тисиме тийгизип иследим. Тексериўге келетуғынлардың ярымы штатсыз жумысшылар екенин билемен. Юрист болмасам да нызамды билемен, ўақтында оқығанбыз. …Жоқ, тек университетте емес, репетиторлық еткенмен. Өзим оқыўға кире алмағанман. Ҳәзиргидей аңсат емес еди, билесиз. Айта берсең, бул да бир дәстан. Кейин репетиторым маған жәрдем бер, жақсы өзлестиргенсең деп айтты. Соның менен пул табыўға қызығып кеттим. Ҳәзир маған қарап неси бахыт деп атырғаныңызды билемен. Қараң, қуяш қандай гөззал болып батып атыр. Әне усы еки қус еркин ушып жүр, маған уқсап...

    - Еркинлик деген не? - деп сорайман оған қарап.

    - Гүммаханама тез-тез тексериў келе бермесе, салықларымды биреўдиң қолынан емес, телефон арқалы өзим төлесем. Санитария мәкемеси хызметкерлери пайын алыў ушын емес, ҳақыйқатында да тазалықты көриў ушын келсе, - деди де, бир нәрсе есине түскендей бирден жанланды. - Жүдә қызық, тап ҳәзир де сол адамлар ислемекте. Бизиң тәрептегилер дерлик алмасып болды. Бирақ, бирден өзгерди. Бурын келип қорқытатуғын еди, енди сәлем берип, кириўге рухсат сорайды. Адам жақсы тәрепке де жүдә тез өзгереди екен.

    - Эҳ, әпиўайы, - деймен оған қарап, - олар өзгерген жоқ, өзгериўге мәжбүр болды. Адам жаратылғаннан берли жәмийетти белгили бир нызамлар тәртипке салып турады. Мине, усы нызам әдалатлы болса, әҳмийетлиси, ол ҳәммеге бирдей ислесе, жәмийет дүзеледи.

    Оған усылай деп, қыялымда дерлик 3 мың жыл алдынғы дәўирге саяхат етемен. Әмиўдәрья жағасы. Сол дәўирлерде инсанлар топырақты да, суўды да, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын да муқаддес деп билген. Биз ушын дәслепки көзқарасларға ийе бул адамлар жақсылықтың қәўендери аспанда екени ҳәм жаўыз күшлер жер астынан шығатуғынына гүмансыз исенеди. Олардың нәзеринде жер бети еки күштиң гүрес майданы. Егер адамлар жолдан адасса, жер асты күшине хошамет берген болады. Ақыбетинде адамзат тәбийий апатшылықлар, жаўыз күшлер қоршаўында қалады. Адамлар адаспаўы, қарама-қарсылыққа бармаўы ушын жәмийеттиң улыўма қағыйдалары - "Авесто" көрсетпелерине әмел етиўи зәрүр.

    Ҳәзирги дәўир. Инсаният ой-пикири, билиминдеги эволюциялар есабынан шексиз раўажланыўға қаратылған. Әмиўдәрья жағасындағы сол инсан суўды ҳүрмет етпесе, суў оны таслап кетиўине өзи гүўа болған. Муқаддес китаплардағы сөзлер бийкар емеслигин биледи. Ол жақсылық пенен жаўызлық арасындағы гүрес жер жүзинде емес, ал инсан қәлбинен басланатуғынын да жақсы сезеди. Соның ушын жазыўлық жер астынан өнип шықпайтуғынын, инсан өз нәпсиниң ҳүкимдары бола алмаса, жаманлықларға жол ашатуғынын жақсы түсинеди. Сол себепли, ол барлық муқаддес китаплардың мазмун-мәнисин өзинде жәмлестириўге урынған китап - Конституцияға әмел етиўи керек.

    Бунда оның жасаў, билим алыў, исеним билдириў, нызамларға ҳүрмет көрсетиў сыяқлы оғада әҳмийетли ҳуқық ҳәм миннетлемелери көрсетилген, кепилленген. Конституция тарийхы ҳаққында сөз болғанда әййемги Римди еслеймиз. Тап, сол заманларда да нызамлар жазылған, адамлар оған мүтәжлик сезген, Римлилер алдыңғы еди, деймиз. Мүмкин, сондай болса керек. Бирақ, мен басқаша пикирдемен. Мениңше, нызамлар ушын әййемги Рим жүдә қысқа тарийх. Оның негизги дереги әдеўир узақта, адамзат жер жүзинде жасай баслаған ўақытларға туўра келеди. Мәселен, "Авесто"да жазылыўынша, инсан жерде тиришилик етип баслағаннан кейин, дәслепки қәтеси себепли жерди муз қаплайды. Усы тәризде ҳәзирги нызам әмелде өзин көрсетеди, жаза сөзсиз екени айқынласады. Ямаса Адам атаның перзентлери Қабыл ҳәм Абыл ортасындағы қарама-қарсылық та сол дәслепки нызам бузыўшылығы ҳәм жазаға мысал. Айтпақшы болғаным, инсан бәрқулла нызамлар арқалы өз тилеклериниң басқалардың еркинлигине зыян тиймеўин тәмийинлеген. Хош, инсанда нызамларға не зәрүрлик бар?

    Бириншиси, руўхий талап. Ең дәлеп, инсан өмири нәрестениң уйқысындай тыныш, мазмунлы болыўын қәлейди. Буның ушын ол жасайтуғын жәмийетте ҳәмме тең ҳуқықлы болыўы, ҳеш ким басқалардың ҳуқықына қыянет етпеўи керек. Сонда ғана инсан өзи қәлеген арзыўлары тәрепке қарай сүрникпей қәдем таслайды.

    Екиншиси, социаллық талап. Сизиң арзыў-нийетлериңиз басқалардың тынышлығына зыян тийгизиўи керек емес. Инсан нәпсине ерк берсе, өзиниң мәпи ушын ҳеш нәрседен қайтпайды. Нызамлар болса қайсы бир мәнисте инсанның нәпсин жылаўлаўда әҳмийетли қурал. Усы арқалы жәмийет бирден-бир қағыйдалар әтирапында бирлесип, алға қарай ҳәрекетленеди.

    Инсан туўылыўы менен бир қанша ҳуқықларға ийе болады. Бириншиси, жасаў ҳуқықы. Әййемги жазыўлардағыдай жер менен аспан аралығындағы барлық тиришиликти қәдирлеген адам басқалардың жасаў ҳуқықына тәсир етпейди.

    Айтпақшы, туўылыў ҳаққында. Сол ўақытта мийирбийкениң "қай жерде "прописка"да турады?" деген сораўынан сергекленип кеттим. Оған жуўап ретинде: "Қайси әсирде жасап атырсыз?!" - деп сорадым.

    Мийирбийке гәптиң даўыс тонымнан қәте еткенин түсинип, ҳаялымды жетеклеп ишке алып кирди. Туўыў үйиниң айналы есигинен оларға қарап турып, Ташкентке биринши мәрте келген ўақытларымды еследим. Күнделикли кийимимди кийип есикке қарай жүргенимде класласым Шуҳрат сораў беретуғын еди:

    - Жол болсын?

    Көшеге. Зериктим, бир айланып келемен, - деймен қара көз әйнегимди маңлайыма қойып.

    - Бир күни сизди "панелний"ден таўып келемиз, - дейди класласым қызығыўшылығын жасырмай. Бул сөзинен заўықланаман. Қорықпаў кереклиги, көшеде ИИБ хызметкерин көргенде адам өзин қалай тутыў кереклиги ҳаққында ўаз оқыйман. Бәрибир көшеге шығыўға жүрексинбейтуғын Шухрат терис аўнап жатып, басын одеялоға бекитеди. Мен болсам ижара үйимиздиң есигин жаўып қалыўын буйырып, сыртқа шығып кетемен.

    Сонда биз - абитуриентлер ушын қала айланыў да қаҳарманлық еди. Тек класласым Шухрат буны пүткиллей ақмақлық деп билетуғын еди. Себеби ол пайтахтта ўақтынша жасаў ҳуқықын бериўши бир бөлек қағазы болмағаны ушын жәриймаға тартылған (ол ўақытта ўақтынша "прописка" ҳүжжетин алыў ҳәзирги турақ жай сатып алыўдан да қыйын еди). Жәрийманы төлегенге шекем ўақтынша сақлаў орны деп аталатуғын имаратта темир тордың аржағынан жолға қарап, түнди таңға байланыстырған. Үш тәрепи тасбетон ығаллы бөлмеде өткерген бир күни пүткил өмирге татыды.

    Мен болсам сонша ўақыттан бери бир мәртебе де қолға түспегенмен. Дурыс, метроға түсиў орнында турған ИИБ хызметкери кийген кийимлерим, келбетиме қарап ўәлаяттан келгенимди тез анықлаған. Неше рет тоқтатып, ҳүжжетлеримди сорады. Бирақ, жолын таўып, аман қалдым. Соның ушын да мен де бир ўақытлары қолға түсип, темир тордың артына кириўиме Шуҳрат гүман етпейди. Сол ўақытлары қалада еркин жүриў жолын излейди. Буның ең аңсат жолы университетке оқыўға кириў екенин түсинеди. Тоқтатқан адамға студентлик гүўалығын көрсетип, басын тик көтерип өтип кетиў керек. Усы мақсетте китапқа мүккесинен түседи. Ижара үйге келгенимде қолындағы китапқа сызып, белгилеп оқып атырған болады.

    - Не оқып атырсаң?

    - Ҳуқықтан таярланып атырман. Мине, Конституцияның 18-статьясында жазылған: "Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе..."

    - Ҳәмме тең болса, сен неге көшеге шыға алмайсаң? - деймен қызығып. Гәп және оның жәрийма төлегенлиги ҳаққында кетип атырғанын билип, ашыўланады: "Жоғал, көзиме көринбе!"

    Сол ўақыяны еске алып, сол ўақытлары ҳаялымды туўыў үйине алып келгенимде не болар еди, деп ойлайман. Сен усы журт пуқарасысаң ҳәм және бир инсанды туўдырыў алдында турсаң. Ал саған жәрдем бериўге ант берген ақ халатлы адамлар болса бир бөлек қағазға, усы қалаға рәсмий түрде тийисли болыў-болмаўыңа қарап мүнәсибет етеди...

    Ҳәзир сол мийирбийке де сәўбетлесимниң гүммаханасына келетуғын салықшылар сыяқлы өзгерген. Бирақ, қыялымнан олар өзгериўге мәжбүр болған екен, демек, қәлеген ўақытта негизин көрсетиўи мүмкин деген басқыншы ой өтеди. Мине усы жерде нызамларға ишки мүтәжлик өзин көрсетеди. Дәслеп жәмийетте нызамларға бойсыныў миннетлемеси әсте-ақырын көнликпеге айланады. Егер нызам тиришилик бериўши, улыўма инсаныйлық нормаларға сәйкес болса, узақ жасайды. Болмаса...

    Жумыс орнынан өткен әсирдиң 70-жыллары алдында жаслар басылымында басып шығарылған мақаланы табыў тапсырмасын алдым. Соның ушын еки күним китапханада өттти. Кең ҳәм жақты оқыў залында газетаның шаң басқан бетлерин бирме-бир бетлеймен. Сол дәўир руўхы есип турған бетлерге көз жуўыртаман. "Прожектор" деген рубрикада басып шығарылған кишкене мақаланы (тийкарында шағым хат) оқып ҳайран қаламан. Алыс ўәлаяттағы мектеп оқыўшысы редакцияға жазған хатында мектептеги жолдаслары ҳаққында сөз жүргизип: "Пәленше алдыңғы теримши, ол шанақта пахта қалдырмайды. Төленши болса керисинше, пахтаны таза термейди. Оның үстине, фартугиндеги ақ алтынды жерге төгип-шашып жүреди", деп жазған. Хат жақсы теримши болған бала сабақларын да жақсы өзлестирип, үлкен жумысшы болып камалға келиўи ҳаққындағы әлемшил сүрен менен жуўмақланды. Сол хатты оқып, ойладым: теңликти ҳәмме өзинше түсинер екен-дә. Қараң, бурынғы системада адамлар тең болыўы керек, деп мийнетке мәжбүрий ғалаба алып шығылған. Ҳәттеки, ҳаяллар жаңа туўылған нәрестеси менен пахта атызына шығыўға мәжбүр болған. Әдеўир қулдарлық дүзиминде де болмайтуғын балалар мийнетинен мүмкиншилиги барынша көбирек пайдаланыў усыллары ойлап табылды. Соңынан оның ақыбетинен узақ ўақыт қутыла алмадық.

    Адамлардың мал-мүлки хатланып колхозға өткерилип, бул улыўма байлық, деп негизинде вагонлап орайға тасып алып кетиўи де сол "теңлик"тиң негизги көриниси еди. Бундай жәмийетте инсан өз арзыўлары менен жасай алмайды. Ол өзимниң әрманым деп билетуғын нәрсе де негизинде кимниңдир арзыўы болып шығады. Себеби, адамда бар шараяттан келип шығып алдына мақсет қойыў көнликпеси болады. Бул адамның санасы астында қәлиплескенлиги себепли арзыўлар өзиники, оған ҳеш ким қол тийгизе алмайды, деп ойлайды. Бирақ, жағдай өзгериўи менен жәмийет те дүзелип, өзгерип барыўына өзимиз гүўамыз.

    Ҳәзир пахта ақ алтын емес, тек ғана экономиканың бир тармағы екенин жақсы билемиз. Буның ушын ҳаяллар нәрестени шырылдатып дала басына көтерип барыўы шәрт емес. Балалар тек китап оқыўы керек. Олардың мийнети келешекти қараңғылыққа баслаўдан басқа нәрсе емес. Усындай түсиниклер әдил нызамларға руўхый мүтәжликти жәмийетлик мүтәжликке айландырады. Бул ойлар мени және әййемги жазыўларға алып келеди. Олардың барлығында инсан тәбият алдында ҳәлсиз екени, қоршаған орталықты қорғаўға мәжбүр екенлиги белгиленген.

    Аўа, ҳәттеки, қолына найза услап, мамонт артынан жуўырып баратырған аңшылардың да өзи әмел ететуғын нызамлары болған. Бир ғана мысал: олар жәнликлер көбейиў мәўсиминде аўламаған. Бул руўхый, социаллық мүтәжликтиң сәйкеслесиўи еди. Жаңа редакциядағы Конституциямызда биринши мәрте инсанның экологиялық ҳуқықлары анық көрсетилди. Бул сол инсан санасындағы әййемги мүтәжликтиң социаллық турмысымызда өз көринисин табыўы еди. Усы тәризде ойларым бас нызамымыз, ондағы өзгерислер себепли кепилленген ҳуқықларымызға қарай кетеди. Бундай ойларымды және сәўбетлесимниң гәплери бөледи: "Бир гүммахана әтирапында сонша машқала өткердим. Жақын жылларда салықшылар өндирис цехыма келди. Исбилермен сыпатында дизимнен өтпеген екенсиз, деди. Гүммаханадағыдай тамаша басланды деп ойладым. Қәте ойлаған екенмен. Дизимнен өтсеңиз, кешбек ямаса жеңиллик беремиз, биймәлел ислейсиз, деди. Ҳәй, достым, адамлар заман өзгермейди дейди. Заман өзгерип, ҳәттеки адамларды да өзгертеди екен. Мине, өткен күни жанымдағы дүкан ийеси базардың пул жыйнаўшыларына урысып атырыпты. Гәп не ҳаққында екенлигин билмеймен, қызық та емес. Бирақ, бул дүкан сатыўшы да өзгерди. Пул жыйнаўшыны көрсе, жети бүгилип сәлем беретуғын болды?! Тап биреў келип оларды сыйқырлы таяқша менен түрткендей."

    Сәўбетлесим тынбай сөйледи. Алдымызда болса ертең және де жақты күн болыўын ўәде еткениндей қуяш горизонтты тандырдай қызартып жиберген. Бул да ата-бабаррымыздың гәплери: күн батып атырғанда ҳаўа ашық болады. Демек, сол еки қус бийкарға шуғырласып еркин ушып жүргени жоқ. Олардың еркин жүриўи ушын еки тийкар бар. Бири усы журттағы адамлар. Олар нызам бойынша, тәбиятқа зыян жеткермейди. Екиншиси, тәбият нызамы... бул енди басқа гәп.

    Боборавшан ҒОЗИДДИНОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы