Себеби оның ҳәрбир сөзинен, ҳәрбир сестинен мен әлле қашан умытып қойған топырақтың ийиси, шексиз аспанның реңи, мен ҳеш қашан атын билмейтуғын қуслардың жырлаўы, улыўма, ҳәммесин бир пүтин етип жәмлеў мүмкин болса, бир атама бериўге болмайтуғын еслеў, жағымлы бир нәрсе ажыралып туратуғын еди. Бул бурын еситпеген сабырлылықтың тыныш даўысы ма ямаса сөзлердиң төртмүйешли формаға жайғасыўды қәлемейтуғын сабырлылықтың терең дем алыўы ма, биле алмадым. Оны тыңлаў ўақтында компьютердеги бүгин оған байланыслы шыққан онлаған мақалалар, жаңалықларға урлық пенен көз жуўырттым:
"ББС 2024-жылы дүньяның ең руўхландырыўшы ҳәм үлкен тәсирге ийе 100 ҳаял дизимин жәриялады. Олардың арасында Нобел сыйлығының лауреаты, зорлыққа қарсы белсенди, олимпиадашылар ҳәм... денаўлы тигиўши, исбилермен Дилором Йўлдошева да бар. Ол 2022-жыл зүрәәт жыйын-терими ўақтында жүз берген ҳәдийсе ақыбетинде еки аяғынан айрылған. Бирақ бул апатшылық оны түскинликке салмады. Ол жаңа көнликпелерди үйрениў ҳәм жас өзбек ҳаял-қызларына дәрамат табыўда жәрдем бериўди қәлер еди. Сол себепли Дилором тигиўшилик кәрханасын ашыўға қарар етти. Ол исбилерменлик ҳәм ресурсларды басқарыў тийкарларын үйренип, 40 тан аслам ҳаял-қызға тигиўшилик өнерин үйреткен. Бир неше ай ишинде оның кәрханасы сезилерли дәрежеде кеңейди. Йўлдошева жумысшылар ҳәм мектеп оқыўшылары ушын форма тигиў бойынша шәртнамалар дүзди. Соннан берли оның бизнеси тек ғана өзи емес, ал онлаған басқа ҳаял-қызлар ушын да дәрамат дәрегине айланды".
Қыялымдағы Дилором апаны жойтып қоймаў ушын пикиримди бир жерге топлаўға ҳәрекет етемен. Мине ол тутлардың көлеңкесинде көмекшилерге суў алып баратыр. Түстиң ўақты өтип баратырған болса да, негедур асықпайды. Қәне енди жол еле де узақ болыўы, бул топырақ көшеде көбирек жүрсем деп ойлар еди. Көшедеги өз жумыслары ҳәм машқалалары менен бәнт адамлар, арзыў ҳәм әрманларын тепкилеп ойнап жүрген балалар, дәрўазаларының алдында турмыстың жарқын жуўмақлары ҳәм сабақлары жазылған бетлер сыяқлы бүрискен жүзлери, қайғыдан бүгилген денелерин қуяшта қыздырып отырған ғаррыларға тоқтап қалмастан, бир қарап қояды. Ол асықпайтуғын еди, бирақ аяқлары жүриўден тоқтағысы келмейтуғын еди.
- Бес секундтан кейин не болатуғынын ҳеш ким айта алмайды. Сол ўақытта әдеттегидей жүрген шығарман, бәлким бул қорқынышлы ўақыя жүз бергеннен кейин мен өзим оның тәсирин арттырып жибердим бе, билмеймен, бирақ басқаша болып жүргенимди еслеймен. Аяғым тартпай турып емес, не десем екен, шөлиркеген адам асықпай, дәслеп кесеге қуйып, аз-аздан ишпейди ғо, ыдыс пенен көтерип, қанып ишеди. Тап сондай... сол ўақытта көбирек жүриўди қәлегендеймен қыялымда... Улыўма айтқанда, түстиң ўақты еди. Көмекшилерге суў берип, комбайнды өширмеңлер, аўқатларды жеп алыңлар, орылғанларды өзим таслап тураман, дедим. Шаң жуқпасын деп узын халат кийип алған едим. Бир қушақ алып комбайнға тасладым да, артыма бурылыўым менен халатты илди де қалды. Бир мәрте жан-тәним менен аяғымды тартқаным есимде, соннан кейин көзимди емлеўханада аштым, - дейди Дилором Йўлдошева. - Операция төрт ярым саат даўам еткен екен, бир аяғым қалған, бирақ гангрена болып кетпеўи ушын оны да алып таслаған екен... Билесиз бе, бул ўақыяны еслесем жүрегим аўырады, налынбайман, көрсеткен куңин қүрысын деп қудайға шек келтирмеймен, бирақ... Сизге шекем онлаған адамға усы ҳәдийсени тап басынан кеширгандай етип айтып бердим, бүгин күн бойы жумсаўым керек болған руўхый күш-қуўатым шығып кеткен шығар.
Аяқларымнан ажыралып қалғаннан кейин, қалай айтсам екен, түскинликке түсип кеттим десем, толық ашып бере алмаған боламан. Аўыр болды, жүдә аўыр болды... Ярым түнде, меҳрийбан абысынымның көзи илинген ўақытта ҳәммесине қол силтеп, кетиўге таярланаман да, аяқларым енди жоқ екенин еске түседи... Дәслеп басыңызды қайсы дийўалға урыўды билмей қаласыз, кейин ашыўыңыз пәсейди, орнын думанлы, етти жыртып жиберетуғын салқын кейпият ийелейди - ол қәҳәрден де бетер. Ҳәр күни кеште қуўдалап, тәслим болыўға шақырады...
Сәўбетлесиўимниң жағдайы әсте-ақырын маған өтип, оның дем алыўы мен сезе алатуғын, көре алатуғын көринислерде көзге таслана баслайды: жол дала үстинде алтын сабақтай созылған - ҳаўа ыссы, дөгерек қайнап тур, жулдызлар липилдеп сөнип атыр - ҳаўадан күйиктиң ийиси келеди, жолдың тап қақ ортасынан жалғыз аяқ жол кесип өткен дала түтеп жатыр. Жолда жалаң аяқ баратырған үлкен геўдели адам түтинниң ашшысынан өкпеси үзилип атырғандай тез-тез жөтеледи. Оның еки қолында қорқынышлы халат желбиреп, алтын түймелери сөнип баратырған жулдыздың нурында жарқырап кетеди. Халатта кимдир биреў тым-тырыс, ҳәтте азырақ күлимсиреп әтирапқа қарап кетип баратыр- ол Дилором еди. Кеш болыўына қарамастан, топырақ ыссы, үлкен адам аўырсынып, зорға кетип баратыр - ол жылар еди...
- Мен тәсиршең болып қәлған едим. Ҳәмме нәрсе кеўлимге аўыр түсетуғын ўақытлар еди. Емлеўханадан шыққаннан соң үйге келдим, ҳеш бир иске қызығыўшылығым жоқ, жоқарыға қарап тигилип жатаман - ойлайман, ойлаған сайын ишим қараңғылыққа сиңип баратырғанымды сеземен. Арасында маған мәҳәлледен, ямаса районнан келип, бирге сүўретке түсип, арба саўға етип кетти. Аяқларым қайтып келгениндей қуўанышлы едим. Енди азғана қыйналып болса да, өзим ҳәрекет ете алатуғын, ҳәўлини, ҳаўаны жақсылап тамаша ете алатуғын едим. Бирақ, арадан он-он бес күн өтпей жасырақ биреў келип, негизинде мәҳәлле төбесиндеги кемпирге еди бул арба, сизге адасып берип жиберген, ашыўланбаң, алып кетпесем болмайды, деди. Екинши рет аяқларымнан ажыралғандай аўырыўды сездим. Тағы қыйналып қалдым.
Дилором апаның барлық сөзлерин анық тыңлап турман, ал ойым мен басқара алмайтуғын күш пенен күл реңлерде апанның шаршаған кейпиятынан бөлме курар, оны усы бөлмеге қамап, сүлдер менен жалғыз қалдырар, сабырым жетемен дегенше. Сүлдер болса бул жалғызлық ҳәм тынышлықтан қуўып шығармақшы болғандай еди. Бул ҳийлекерлик түскинликтиң хызметкери ҳәр сапары өзиниң бөлмесинде қорқыныш шырағын жақтырғанда сүлдер және де жаўыз, қорқынышлы, тәкирарланбас қорқыў дереги болып көрине беретуғын еди, Дилором болса оны бөлмеден қуўып шығарыўға ҳәрекет ететуғын еди. Оны көргенлер не ушын буншелли азып кеткенин сорайды, бирак оларға әрўақ туўралы ҳеш нәрсе айта алмас еди, бирақ ҳақыйқатында да, тап қуўраўға мәжбүр болған терек сыяқлы күннен-күнге азып-тозып баратыр, ойы ҳәр жақта, иши босап қалған, ол жердеги бослықты әрўақ қорқынышы толтырып кеткен еди...
- Жоқ, жақынларымды қыйнайтуғын қарар қабыл етпегенмен, улыўма, бул ҳаққында ойламаған да едим. Буған ҳақым жоқ еди. Перзентлерим, күйеўим, мениң ушын күйип-писип атырғанлардың ҳүрметине тәслим болғым келмеди, - дейди денаўлы тигинши. - Мениңше, турмыс ушын гүрес адамда жасаўға қызығыўшылықты қайтадан оятады. Қызығыўшылық болса жылтырап турған үмитти жалынлап жаныўшы исенимге айландырады. Улыўма етип айтқанда, өткен нәрселер ушын пушайман болыўды тоқтатып, әмелге асатуғын режелерди писире басладым: дәслеп мәҳәлледен, олар берекет тапсын, тигиў машинасын сорадым, бир аўыз яқ демеди, берди. Жумысқа соншелли берилип кеттим, мине, жумыс мени түскинлик торына жем болып қалмаў ушын маған ермек болды. Буннан соң субсидия тийкарында заманагөй тигиў машинасын кредитке алып, қасына қосып алдым. Сырылған көрпеше, пахталы шапанлар, келин көйлеклер, балалар кийимлери, улыўма айтқанда, қолымнан келген ҳәмме нәрсени тигип көремен, жумысымнан заўықланаман... Ҳе, айтпақшы, айтыў есимнен шығыпты, бул ўақытта маған өзи жүретуғын арба саўға етти. Басшыларға, ең төменги орыннан баслап мәмлекетимиз басшысына шекем, мыңлаған рахметлер айтаман. Бул әдепсизлик емес. Басқа жақлар ҳаққында толық түсиникке ийе емесмен, бирақ исенемен - биздеги бийминнет жәрдем, өзбекше меҳир-мүриўбет басқа жерде табылмайды. Адамның мийрим-шәпәәтин адам алады, деген әпиўайы гәптиң ҳикметин усы жағдайда жүдә терең түсинип алдым, барына шүкиршилик етип, жан-тәним менен мийнет етиўди даўам еттирдим. Көз қарасларымды унамлы тәрепке өзгерттириўим менен жумысоарым жөнлесе баслады, үйиме берекет қайтты, тынышлықты сезе басладым ҳәм бир нәрсени түсинип жеттим: болажақ ўақыяға сиз қандай мүнәсибет еткениңизге қарап ҳикметли ямаса қорқынышлы болады. Егер кеўлиңиз кең ҳәм исениминиз беккем болса, уқсас емес жумыстан да жақсы нәрсе келеди екен. Ҳәттеки мен танымайтуғын адамлар көп жыллардан берли ҳаж зыяраты ушын жыйнап келген пулларын усы жас келиншекке протез аяқ сатып алайық, сыйлығы ҳаждикинен кем болмайды, деген усыныс пенен мениң алдыма келип атырғанында жылап жибердим. Әтирапымда жақсы адамлардың көп екенлигинен қуўанышлыман, себеби олардан ҳәр таңда күш алып атырман - бул күштиң орнын ҳеш нәрсе баса алмайды. Мине, еки жыл өтти. Бүгин шәкирт қызларым бар, кишкене болса да, исбилерменлик жумыс орнын жаратыўға ҳәрекет еттим. Бул жумысты баслап атырғанымда, дәраматты емес, тек бир нәрсени-ақ, шетки аўылдағы басқа ҳаяллар, қызлар далада кетпен урып, жаздың жазирамасында пул табыў ушын денсаўлығын жоғалтпаўын, салқын, қолы кир болмайтуғын жерлерде ислеўин, олар да бир күни мениң жағдайыма түсип қалмаўын ишимнен тилер еди. Әмеллер нийетке байланыслы. Өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өттим, жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында жумыс басладым, субсидиядан пайдаланып тигиўшилик ушын бөлмени оңлап жумыс басладым. Нәтийжесин мен айтпасам да интернеттен ямаса газетадан оқып билген болсаңыз керек. Дурыс, ББСдеги дизимнен орын алған Дилоромнан гөре мени бүгин сабырлы болыўға үйренген, ҳәр нәрсеге қанаатланатуғын, исенимин беккем сақлай алатуғын, тек ертеңги емес, ал ҳәзирги күн ушын да үмит таба алатуғын, ҳәзирги ўақытта бахытлы Дилором көбирек қуўандырады.
Бахтлы Дилором... Ҳаял тағы мениң көз алдымда, тек бул сапары жас қыз көринисинде жанланады. Сүлдерди қуўыў ушын ол узақ балалықтан берли елеге шекем таслап кетпеген әдети бойынша дийўалға үлкен қустың сүўретин салып баслайды. Ол бул сүўрет пенен өзиниң еле тири екенин ҳәм жасап атырғанын, өзин елеге шекем ҳайранлық таслап кетпегенлигин сүлдерге көрсетиўди қәлейтуғын еди. Салып боламан дегенше үлкен тасқа үлкен қус көринисин ойып ислеген мүсинши сыяқлы шаршап қалды. Бирақ, бул шаршаў мазалы ҳәм татлы еди. Қустың қанатлары ушып киятырғандай кең жайылған, көзлеринде исеним ҳәм батырлық сәўлеленген; ол усы ушыўында пүткил жер жүзин көтерип ушыўға шыққан еди; оны ушыў ҳәм ерктен басқа ҳеш нәрсе қызықтырмайды, ол ҳәмме нәрседен үстин ҳәм жоқары еди. Оны жер бетине ҳеш ким тартып түсире алмайды, еркинен айыра алмайды; жас қыз - Дилорам қусқа қосылып, аспанда ушып жүреди. Жоқарыда оған ҳеш ким тәсир ете алмайтуғын еди, қорқыў, турмыс тәшўишлери - ҳәммеси төменде қалып кеткен, ол өз арзыўларының қусына айланып қалғанынан қуўанышлы еди...
Азизбек ЮСУПОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы